Ийшая 66 bob
1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Көклер – Мениң тахтым, Жер – Мениң аяқ басарым! Сонда Маған қандай үй қурмақшысыз? Тынышлық мәканым қай жерде болады?
2 Ҳәммеси Мениң қолым менен жаратылған, Ҳәммеси Меники. Буны Жаратқан Ийе айтады. Сонда да Мен кишипейилге, руўхый езилгенге, Сөзимнен қалтырайтуғынға нәзер саламан.
3 Буғаны қурбанлыққа шалған адам, Солай ислеп турып, адамды да қурбанлыққа береди, Тоқлыны қурбанлыққа шалған адам, Солай ислеп турып, ийттиң де мойнын үзеди, Ғәлле садақасын берген адам, Солай ислеп турып, шошқа қанын да усынады, Хош ийисли түтетки түтеткен адам, Солай ислеп турып, бутқа да сыйынады. Олар өз жолларын өзлери таңлап алды, Жексурын ислеринен ләззет алады.
4 Мен де олар ушын қатал жаза таңлайман, Өзлери қорққан нәрсесин басына саламан. Өйткени Мен шақырғанда, ҳеш ким жуўап бермеди, Мен сөйлегенде, ҳеш ким тыңламады. Олар Мениң көз алдымда жаўызлық ислеп, Маған ләззет бағышламайтуғын нәрселерди таңлап алды».
5 Жаратқан Ийениң сөзинен қалтырайтуғынлар, Оның сөзине қулақ салың: «Сизлерди жек көретуғын, Мениң атым себепли қуўдалайтуғын туўысқанларыңыз: „Жаратқан Ийе уллылансын, Биз де сизиң қуўанышыңызды көрейик!“, – дейди. Бирақ олардың өзлери уятқа қалады».
6 Мине, қаладан шаўқым еситиледи. Ибадатханадан даўыс еситиледи. Душпанларына исине ылайықлы жаза берип атырған, Жаратқан Ийениң даўысы бул!
7 «Ҳаял толғатпай-ақ, босанып, Қыйналмай-ақ, ул туўды.
8 Усындайды еситкен бар ма? Усындайды көрген бар ма? Ел бир күнде туўыла ма? Миллет бир мәўритте дүньяға келе ме? Бирақ Сион қызы толғата баслағаннан-ақ, Улларын туўып алады.
9 Туўыў ўақтына дейин әкелип, Туўдырмай қояман ба? – дейди Жаратқан Ийе. Туўыўға күш берип болып, Қурсақты бекитип қояман ба? – дейди Қудайың.
10 – Ерусалим менен бирге шадланың, Оны сүйгенлердиң ҳәммеси ол ушын қуўаның, Ол ушын аза тутқанлар, Оның менен бирге шадланып, қуўанышқа бөлениң.
11 Оның жубаныш бериўши емшеклерин емип, тоясыз, Қанып ишип, оның мол дәўлетинен ләззет аласыз».
12 Жаратқан Ийе былай дейди: «Мине, Мен Сионға абаданшылықты дәрьядай, Миллетлердиң байлығын толып аққан сайдай етип ағызаман. Ол сизлерди емизип, қолларына көтерип, Аяғына шайқайды.
13 Ана баласын жубатқандай, Мен сизлерди жубатаман. Сизлер Ерусалимде жубаныш табасыз».
14 Буны көргенде, жүрегиңиз қуўанышқа толып, Денеңиз майса шөп киби гүллеп өседи. Жаратқан Ийениң қолы Өз қулларының үстинде екени аян болады, Ал Оның ғәзеби болса, душпанларына жаўады.
15 Қараң, Жаратқан Ийе от ишинде киятыр, Оның саўаш арбалары қуйындай, Күшли ғәзебин қәҳәр менен, Ашыўын лаўлаған жалындай төгежақ.
16 Жаратқан Ийе пүткил адамзатты, От ҳәм қылыш пенен ҳүким қылады. Жаратқан Ийе тәрепинен өлтирилетуғынлар көп болады.
17 «Өзлерин пәклеп ҳәм тазалап, басшыларына ерип бутлардың бағларына киргенлер, шошқа, тышқан ҳәм сол сыяқлы ҳарам нәрселердиң гөшин жегенлер жоқ етиледи, – дейди Жаратқан Ийе.
18 – Мен олардың ислерин де, нийетлерин де билемен. Пүткил миллетлерди ҳәм барлық тиллерди бир жерге жыйнаў ушын Мен келемен. Олар келип, уллылығымды көреди.
19 Мен олардың арасында бир белги көрсетип, аман қалғанларының айырымларын миллетлерге хызмет етиўге жиберемен. Олар Таршишке, Пулға, садақшылардың ели болған Лудқа, Тубалға, Яўанға, Мен туўралы еситпеген ҳәм уллылығымды көрмеген алыстағы атаўларға барып, уллылығымды миллетлерге жәриялайды.
20 Израил улларының ғәлле садақаларын ҳадал ыдысларда Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келгени сыяқлы, олар да барлық миллетлер арасынан туўысқанларыңыздың ҳәммесин топлап, атларға, ҳәр қыйлы арбаларға, ғашырларға ҳәм түйелерге мингизип, – дейди Жаратқан Ийе, – Мениң мухаддес таўыма, Ерусалимге, Жаратқан Ийеге сый ретинде алып келеди.
21 Олардың айырымларын руўханий ҳәм айырымларын лебийли хызметкер етип тайынлайман, – дейди Жаратқан Ийе.
22 Мен жарататуғын жаңа аспан ҳәм жаңа жер алдымда қанша турса, – дейди Жаратқан Ийе, – сизлердиң нәсиллериңиз бенен атыңыз да сонша турады.
23 Жаңа айдан Жаңа айға, Шаббаттан Шаббатқа пүткил адамлар алдыма келип, Маған сыйынады, – дейди Жаратқан Ийе.
24 Сыртқа шыққанда, Маған қарсы бас көтергенлердиң өли денелерин көреди. Олардың денелерин жеп атырған қуртлар өлмес, оларды жаққан от сөнбес. Пүткил адамзат олардан жеркенеди».