Ийшая 29 bob
1 Даўыттың мәкан басқан қаласы Ариел, Ариел, ҳәсирет шегесең! Жылға жыл қос, байрамларың даўам ете берсин.
2 Мен Ариелге азап шектиремен. Ол жылап, пәрияд етеди, Мен ушын қурбанлық ошағы киби болады.
3 Сени айланып, орда қураман, Ләшкерлерди орнатып, қамал қыламан. Қарсыңа минаралар тиклеймен.
4 Сен қулатылып, жердиң астынан сөйлерсең, Сөзлериң топырақ ишинен еситилер, Даўысың әрўақ даўысындай болып, жерден шығар, Сөзлериң топырақтан сыбырлап еситилер.
5 Бирақ сансыз душпанларың орпаң шаңғыт киби, Реҳимсиз сансыз ләшкерлер суўырылған қаўық киби ушып кетеди. Тосаттан, бир мәўритте,
6 Әлемниң Жаратқан Ийеси гүлдирмама, Жер қозғалыўы, уллы шаўқым, Боран, даўыл ҳәм жалмайтуғын от жалыны менен келеди.
7 Ариелге қарсы урысқан барлық миллетлер, Оған ҳәм оның қорғанлы қалаларына ҳүжим қылып, Оны езгенлер, Түндеги түс киби, түнги көринис киби болады.
8 Аш адам түсинде аўқат жесе де, Оянғанда аш болады, Түсинде суў ишкен адамның да, Оңында шөли басылмайды. Сион таўына қарсы урысқан, Ҳәмме миллетлердиң сансыз ордасы да усы аўҳалға түседи.
9 Ҳайран болып, таң қалың, Өзиңизди гөр қылың, соқыр болың, Мәс болың, бирақ шараптан емес, Сүрнигиң, бирақ өткир ишимликтен емес.
10 Жаратқан Ийе сизлерге терең уйқы берди, Көзлериңизди жаўып қойды, ҳәй, пайғамбарлар, Басларыңызды орап қойды, ҳәй, ўәлийлер.
11 Бул аянлардың ҳәммеси сизлер ушын мөрленген орама қағаздағы сөзлердей болып қалды. Егер оқып билетуғын адамға орама қағазды берип: «Мынаны оқып бер», – десеңиз, ол: «Оқый алмайман, бул мөрленген-ғо», – дейди.
12 Егер орама қағазды оқып билмейтуғын адамға берип: «Мынаны оқып бер», – десең, ол: «Мен оқый алмайман», – деп жуўап береди.
13 Ийемиз былай дейди: «Бул халық тек сөзи менен Маған жақынлап, Тек аўзы менен Мени сыйлайды. Бирақ жүреги Меннен алыс. Адам жаратқан қағыйдалардағы буйрықлар арқалы Маған сыйынады.
14 Сонлықтан Мен бул халықтың арасында және бир қүдиретли ис, Таң қаларлық қүдиретли ис ислеймен. Даналары даналықтан маҳрум болады, Ақыллылары ақылынан айырылады».
15 Өз нийетлерин Жаратқан Ийеден жасырыўға тырысып, Ислерин қараңғылықта қылып атырғанлар, ҳәсирет шегеди! Олар: «Бизди ким көреди, ким бизди биледи»? – дейди.
16 Сизлер ҳәммесин надурыс түсинип атырсыз! Гүлалшыны ылай менен теңлестирип бола ма? Исленген зат өзин ислегенге: «Ол мени ислемеди», – дей ме? Пишими келтирилген зат өзиниң пишимин ислеп шыққанға: «Ол ҳеш нәрсени түсинбейди», – деп айта ма?
17 Тез арада әжайып Лебанон бир жыңғыллыққа, Ал жыңғыллық болған жерлер әжайып тоғайға айланбай ма?
18 Сол күни гереңлер орама қағаздың сөзлерин еситер, Қойыў қараңғылық ишинде соқырлардың көзлери көрер.
19 Кишипейиллер Жаратқан Ийеден жаңадан қуўаныш табар, Жарлылар Израилдың Мухаддесинде шадланар.
20 Залымлар жоқ болар, Сурбетлер ғайып болар, Жаманлық тәрепдарлары жоқ қылынар.
21 Дөҳмет қылып, адамларды гиналағанлар, Қала дәрўазасындағы қазыға дузақ қурар, Ҳақты жалған гүўалықлар менен ҳуқықынан маҳрум етер.
22 Сонлықтан Ибрайымды қутқарған Жаратқан Ийе, Яқыптың урпақлары туўралы былай дейди: «Артық Яқыптың урпағы масқараланбас, Енди жүзи қара болмас.
23 Өз қолым менен жаратқан балаларын өз араларында көргенде, Атымды мухаддес санайды. Яқыптың Мухаддесин мухаддес санап, Израилдың Қудайынан қорқатуғын болады.
24 Жолдан адасқанлар түсинеди, Шағым етип налыйтуғынлар тәлимди қабыл етеди».



































