Ийшая 6 bob

Жаратқан Ийениң Ийшаяны шақырыўы (1-13).

1 Патша Уззия өлген жылы мен бийик ҳәм салтанатлы тахт үстинде отырған Ийемизди көрдим. Оның кийиминиң етеклери Ибадатхананы толтырып турған еди.
2 Оның жоқарысында серафлар турған болып, ҳәр бириниң алты қанаты бар еди. Олар еки қанаты менен жүзин, еки қанаты менен аяқларын жаўып, ал қалған екеўи менен ушып турар еди.
3 Олар бир-бирине даўыслап былай деп айтар еди: «Әлемниң Жаратқан Ийеси, Мухаддес, мухаддес, мухаддес! Пүткил әлем Оның салтанатына толған».
4 Олардың даўысынан қапының жақлаўлары қозғалып, Ибадатхана түтинге толды.
5 Сонда мен: «Сорым қурысын! Қурып қалдым! Өйткени мен аўзы ҳарам адамман ҳәм аўзы ҳарам адамлар арасында жасап атырман. Деген менен, Патшаны – Әлемниң Жаратқан Ийесин көзлерим көрди», – дедим.
6 Буннан соң, серафлардың бири маған қарай ушты. Оның қолында түтетки түтетилетуғын орыннан әтөшкир менен алынған қоз бар еди.
7 Ол қозды аўзыма тийгизип: «Мине, бул қоз еринлериңе тийди. Енди қылмысларың алып тасланды, гүналарың кеширилди», – деди.
8 Соңынан Ийемиздиң: – Кимди жиберейин, Бизлер ушын ким барады? – деген даўысын еситтим. – Мине, мени жибер, мен бараман, – дедим мен.
9 Ол былай деди: – Барып, бул халыққа: «Еситиўге еситесиз, бирақ түсинбейсиз, Көриўге көресиз, бирақ мән бермейсиз», – деп айт.
10 Солай етип, бул халықтың жүрегин сезимсиз қатал қыл, Қулақларын аўырластыр, Көзлерин гүңгиртлестир. Олар көзлери менен көрмесин, Қулақлары менен еситпесин, Жүреклери менен сезбесин, Маған жүз бурып, шыпа таппасын.
11 Мен Оннан: – Ийем, бул қашанға дейин даўам етеди? – деп сорадым. Ол былай деп жуўап берди: – Қалалар қыйрап, қаңырап босап, Үйлер адамсыз қалғанша, Жерлер қаңырап, ўайран болғанша,
12 Мен, Жаратқан Ийе ҳәммесин узақларға қуўып жиберип, Елде таслап кетилген жерлер көбейгенше.
13 Егер де елде халықтың оннан бири қалса да, Оны қайтадан жоқ қыламан. Бирақ кесип тасланғанда түбири қалған, Теребинф ямаса емен ағашы сыяқлы, Мухаддес туқым да түбирден қайта шығады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.