Ийшая 65 bob

Ҳүким ҳәм қутқарыў (1-16), Жаңа аспан ҳәм жаңа жер (17-25).

1 «Мен сорамағанларға Өзимди аян еттим, Излемегенлер Мени тапты, Атымды айтып шақырмаған миллетке: „Мен мындаман, Мен мындаман“, – дедим.
2 Өз қәлеўлерине ерип, Надурыс жолдан жүрген, Қайсар бир халыққа, Күни бойы қушағымды ашып турдым.
3 Ол халық бағларда бутларға қурбанлық берип, Гербиштиң үстинде түтетки түтетип, Жүзиме тик қарап турып, Үзликсиз ғәзебимди келтиреди.
4 Олар қәбирлер арасында отырып, Түнди сырлы жерлерде өткереди. Шошқа гөшин жеп, Қазанларында ҳарам гөш қайнатады.
5 Олар: „Ары тур, жақынлама, Мен сен ушын жүдә мухаддеспен“, – дейди. Олар мурныма ашшы түтиндей болып, Күни бойы пысқып жанып турған отқа мегзейди.
6 Мине, алдымда былай деп жазылған: „Мен үндемей қалмайман, Исине жараса қайтараман, сөзсиз қайтараман.
7 Оларды өзлериниң ҳәм ата-бабаларының гүналары ушын жазалайман. Олар таўларда түтетки түтетти, Төбелерде Мени хорлады. Олардың ислеген ислерин өлшеп, есесин қайтараман“». Жаратқан Ийе усылай дейди.
8 Жаратқан Ийе және былай дейди: «Жүзим солқымында еле шире бар гезде, Биреў: „Оны заялама, берекет сонда ғой“, – дейди. Мен де қулларым ҳақы солай ислеймен, Ҳәммесин қырып тасламайман.
9 Мен Яқыптан жаңа әўлад, Яҳудадан таўларымның мийрасхорларын өрбитемен. Таңлағанларым оларды мийрас етип, Қулларым сол жерде жасайды.
10 Мени излеген халық ушын, Шарон сүриўлерине жайлаў, Ахор ойпатлығы малларына тынығатуғын орын болады.
11 Бирақ сизлер, Жаратқан Ийени тәрк еткенлер, Мухаддес таўымды умытқанлар, Табыс деген қудайға дастурхан жайғанлар, Тәғдир деген бутқа толтырып шарап қуйып бергенлер,
12 Мен сизлердиң тәғдириңизге қылышты жазаман. Ҳәммеңиз қылыштан қырыласыз. Себеби шақырғанымда, жуўап бермедиңиз, Сөйлегенимде, қулақ салмадыңыз. Көз алдымда жаўызлық ислеп, Маған унамаған ислерди таңлап иследиңиз».
13 Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: «Мине, қулларым жейди, сизлер аш қаласыз. Мине, қулларым ишеди, сизлер шөллейсиз. Мине, қулларым шадланады, Сизлер болсаңыз шерменде боласыз.
14 Мине, қулларымның жүреги шадланып, қосық айтады, Сизлер жүрек дәртинен дад салып, Руўхый азап пенен пәрияд етесиз.
15 Мениң таңлап алғанларым ушын, Атыңызды ғарғыс сыпатында қалдырасыз. Қудай Ийе сизлерди өлимге ҳүким етип, Өз қулларына басқа ат береди.
16 Елде пәтия берген ҳәр бир адам, Ҳақыйқат Қудайының аты менен пәтия береди, Елде ант ишкен ҳәр бир адам, Ҳақыйқат Қудайы менен ант ишеди. Бурынғы қапашылық умытылып, Қайтып көзиме түспейтуғын болады».
17 «Мине, Мен жаңа аспан ҳәм жаңа жер жаратаман. Бурынғылар енди ядқа алынбас, ойға да келмес.
18 Жаратқанларыма мәңгиге қуўанып, шадланың. Өйткени Мен Ерусалимди шадлық ушын, Халқын қуўанышқа толтырыў ушын жаратаман.
19 Өзим де Ерусалим ушын қуўанып, Халқым ушын шадланаман. Енди ол жерде жылаған да, дад салған да сес еситилмес.
20 Артық онда нәрестелер қаза таппас, Узақ өмир сүрмеген ғарры да болмас. Жүз жаста өлген жас саналар, Жүз жасқа жетпей өлген ғарғыс урған есапланар.
21 Олар үйлер қурып, онда жасар, Жүзимзарлар отырғызып, мийўесин жер.
22 Енди олар қурған үйде, басқалар жасамас, Енди олар отырғызған нәлдиң мийўесин басқалар жемес. Халқымның өмири тереклердиң өмириндей узақ болар, Таңлап алғанларым өз мийнетиниң жемисинен ләззет алар.
23 Олар бийҳудаға мийнет етпес, Апат ушын бала туўмас. Олардың өзлери де, урпақлары да, Жаратқан Ийе жарылқаған халық болар.
24 Мени шақырмастан-ақ, оларға жуўап беремен, Айтпай атырып, еситемен.
25 Қасқыр ҳәм қозы бирге отлар, Арыслан өгиз сыяқлы от жер, Ал жылан ушын топырақ азық болар. Мениң мухаддес таўымның барлық жеринде, Ҳеш кимге зыян келтирилмес, Ҳеш ким жоқ қылынбас», – дейди Жаратқан Ийе.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.