Ийшая 61 bob

Жаратқан Ийениң мийримлилик жылы (1-11).

1 Қудай Ийениң Руўхы мениң үстимде. Ол мени жарлыларға хош хабар жәриялаў ушын майлады. Мени жаралы жүреклерди емлеўге, Тутқынлардың азатлыққа, Қамақтағылардың еркинликке шығатуғынын,
2 Жаратқан Ийениң мийрим жылын, Қудайымыздың өш алатуғын күнин жәриялаўға, Барлық қайғыға батқанларға жубаныш бериўге,
3 Сионда қайғы басқанларға ғамхорлық қылыўға, Күл орнына сәнли таж, Қайғы орнына шадлық майын, Ғамлы руўх орнына алғыс тонын бериўге жиберди. Олар Жаратқан Ийениң даңқын көрсетиў ушын егилген, Әдиллик теребинфлери деп аталады.
4 Олар әййемги қарабақаналарды қайта қурып, Ески қыйраған орынларды қайта тиклейди. Әўладтан-әўладқа ўайран болып, Қыйрап қалған қалаларды абат қылады.
5 Жат жерлилер сизлердиң сүриўлериңизди бағып, Шет еллилер дийхан ҳәм бағманыңыз болады.
6 Сизлер болса, Жаратқан Ийениң руўханийлери, Қудайымыздың хызметшилери деп аталасыз. Сизлер миллетлердиң байлығынан ләззет алып, Олардан алған қазналарға мақтанасыз.
7 Бурын уятқа қалғаныңыз ушын есесин аласыз, Қорлық орнына алған жер үлесиңиз ушын шадланасыз. Өз жериңизден еки есе үлес аласыз, Мәңгилик қуўаныш сизлердики болады.
8 «Мен, Жаратқан Ийе әдалатты сүйемен, Таланшылық ҳәм наҳақлықты жек көремен. Садықлық пенен ылайықлы сыйын берип, Олар менен мәңгилик келисим дүземен.
9 Олардың әўладлары миллетлер арасында, Урпақлары халықлар арасында танымалы болады, Оларды көргенлердиң ҳәр бири, Жаратқан Ийе жарылқаған халық екенин аңлайды».
10 Мен Жаратқан Ийеде шадланаман, Жаным Қудайымда йошланар. Өйткени Ол маған қутқарылыў кийимин кийгизди. Маған әдиллик шапанын жапты. Мен таж кийген күйеўге, Безениў буйымларын таққан келинге уқсайман.
11 Топырақтың өсимликти шығарғаны киби, Бағдың егилген нәрселерди өсиргени сыяқлы, Қудай Ийе де әдиллик ҳәм алғысты, Пүткил миллетлердиң көз алдында өсирди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16