Ийшая 60 bob

Ерусалимниң салтанатлы келешеги (1-22).

1 «Тур, жарқыра, сениң нурың келди, Жаратқан Ийениң салтанаты үстиңе шашылды.
2 Мине, жер жүзин қараңғылық, Халықларды тас түнек қаплады. Бирақ сениң үстиңде Жаратқан Ийе жарқырап, Оның уллылығы көринеди.
3 Миллетлер сениң нурыңа, Патшалар таң нурыңның шуғласына келеди.
4 Басыңды көтерип, айланаға қара, Ҳәммеси жыйналып, саған киятыр. Улларың узақлардан келер, Қызларыңды қолларында көтерип әкелер.
5 Сонда оларды көрип, жүзиң жарқырар, Шадлықтан жүрегиң ҳәўлирер. Себеби теңиз арқалы келетуғын байлықлар саған несип етер, Халықлардың байлықлары саған келер.
6 Түйе кәрўаны жериңди қаплап кетер, Мидян ҳәм Эфадан келген жас түйелер кәрўанына толарсаң. Олардың ҳәммеси Шебадан келер, Алтын ҳәм хош ийисли затлар алып келип, Жаратқан Ийеге алғыслар айтар.
7 Кедардың барлық сүриўлери сенде жыйналар, Небайоттың қошқарлары саған хызмет етер, Олар қурбанлық орнымда қурбанлыққа қабыл етилер, Мен салтанатлы үйимди даңққа бөлеймен.
8 Бултқа уқсап, Уясына киятырған кептерге уқсап, ушып киятырған мыналар кимлер?
9 Атаўлар мени күтеди. Қудайың Жаратқан Ийе, Израилдың Мухаддеси ҳүрмети, Таршиш кемелери бириншилерден болып, Улларыңды алыслардан, Гүмис ҳәм алтыны менен бирге алып келеди.Себеби Жаратқан Ийе сени даңққа бөледи.
10 Жат жерлилер дийўалларыңды қурар, Патшалары саған хызмет етер. Ғәзепленгенимде, сени жазалаған болсам да, Мийримим түскенде, реҳим етемен.
11 Дәрўазаларың мудамы ашық болар, Олар күни-түни жабылмас. Миллетлер өз патшалары менен сүргин қылынып, Байлықларын саған алып келе береди.
12 Саған хызмет етпеген миллет ҳәм патшалық жоқ болар, Бундай халықлар пүткиллей ўайран қылынар.
13 Мухаддес үйимди безеў ушын, Лебанонның сәнли ағашлары: Сәрўи, шынар ҳәм қарағай ағашлары саған алып келинер. Мен аяқ басқан жеримди салтанатлы қыламан.
14 Саған жәбир қылғанлардың балалары келип, Саған тәжим етеди. Сени кемситкенлердиң ҳәммеси аяғыңа жығылады. Сени Жаратқан Ийениң қаласы, Израилдың Мухаддесиниң Сионы деп атайды.
15 Тәрк етилип, жек көринши болдың, Сен арқалы ҳеш ким өтпеди. Бирақ Мен сени мәңгиге уллы қылып, Әўладтан-әўладқа шадлыққа бөлеймен.
16 Миллетлер сени ана киби емизер, Патшалар саған көкирек сүтин берер. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе – Қутқарыўшың, Әменгериң, Яқыптың Күшли Қудайы екенимди билесең.
17 Саған қола орнына алтын, Темир орнына гүмис, Ағаш орнына қола, Тас орнына темир беремен. Парахатшылықты ҳәкимиң, Әдилликти ҳүкимдарың қыламан.
18 Жериңде буннан былай зорлық-зомбылық, Шегараң ишинде қырғын ҳәм ўайраншылық еситилмейди. Дийўалларыңды „Қутқарылыў“, Дәрўазаларыңды „Алғыс“ деп атайсаң.
19 Саған күндиз қуяш нуры, Түнде ай сәўлеси ҳәжет болмайды. Өйткени Жаратқан Ийе сениң мәңги нурың болады, Қудайың сениң уллылығың болады.
20 Буннан былай, қуяшың батпас, Айыңның да сәўлеси өшпес. Өйткени Жаратқан Ийе сениң мәңги нурың болар, Қайғылы күнлериң тамам болар.
21 Пүткил халқың әдил болып, Жерди мәңги ийелер. Уллылығымды аян қылыў ушын, Мен оларды ектим, олар Мениң қолларымның иси.
22 Олардың ең азы – мың адамға, Ең кишкенеси – күшли миллетке айланар. Мен – Жаратқан Ийемен. Өз ўақтында, буны тез әмелге асыраман».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16