Ийшая 58 bob
1 «Даўысыңды қыспай, қатты бақыр! Даўысың кәрнайдың сестиндей болып шықсын! Халқыма қылмысларын, Яқыптың нәсилине гүналарын жәрияла!
2 Олар ҳәр күни Мени излер, Жолларымды билиўден заўық алмақшымыш! Туўры ис ислеген, Қудайдың көрсетпелеринен жүз бурмаған халық киби, Меннен әдил қарар сорайды, Қудайға жақын болыўды әрман етеди.
3 Олар: „Бизлер ораза туттық, Сен неге көрмедиң? Өзимизди бойсындырдық, Неге итибар бермедиң?“ – дейди. Қара, сизлер ораза тутқан күниңиздиң өзинде, Қәлегениңизди қылып, Жумысшыларыңызды езесиз.
4 Қараң, ораза тутып атырып даў-жәнжел қыласыз, Зорлық пенен муш көтересиз. Бүгингидей ораза менен, Даўысыңызды жоқарыға еситтире алмайсыз.
5 Мен қәлеген ораза, Адам өзин бойсындырған күн усындай бола ма? Қамыс киби басыңызды ийип, Аза кийимин кийип, күлге жатыўды, Ораза, яғный Жаратқан Ийеге унайтуғын күн деп атайсыз ба?
6 Мен қәлеген ораза, Әдалатсызлық шынжырларын шешиў, Мойынтырық жиплерин үзиў, Езилгенлерди азат етиў, Ҳәр қандай мойынтырықты сындырыў емес пе?
7 Наныңды аш пенен бөлисип жеп, Үйсиз жарлыларға үйиңнен орын бериў емес пе? Жалаңашты көргенде кийим берип, Жақынларыңнан жәрдемиңди аямаў емес пе?
8 Сонда нурың шуғла киби жарқырап, Тез шыпа табасаң. Әдиллигиң алдыңда жүрип, Жаратқан Ийениң салтанаты изиңде қорғаның болады.
9 Кейин шақырсаң, Жаратқан Ийе жуўап береди, Пәрияд етсең, Ол: „Мен мындаман“, – дейди. Араңыздан мойынтырықты алып таслап, Бармақ шошайтып көрсетиўди ҳәм өсекти тоқтатсаң,
10 Ашлар ушын жаныңды пидә етсең, Қыйналғанларды мүтәж заты менен тәмийинлесең, Онда қараңғылықта нурың сәўле шашып, Тас түнегиң түски ўақыттай болады.
11 Жаратқан Ийе сени бәрқулла жетеклейди, Қурғақ жерде де керегиң менен тәмийинлейди. Сүйегиңе қуўат береди. Сен суўғарылған бағ киби, Суўы қурымайтуғын булақ киби боласаң.
12 Ески қарабақаналарың қайта тикленер, Көп урпақлардан қалған, Қарабақаналардың тийкарын қайта тиклейсең. Сен: „Қыйраған дийўалларды оңлайтуғын, Жасаў ушын көшелерди қайта тиклейтуғын“, – деп аталасаң.
13 Шаббат күнин аяқ асты қылыўдан, Мухаддес күнимде қәлегениңди қылыўдан сақлансаң, Шаббат күнимди заўықлы, Жаратқан Ийениң мухаддес күнин ҳүрметли деп атасаң, Өзиңе унағанын ислеп, Кейпи-сапаны излемесең, Бос сөзлерди сөйлемесең, Сол күнди ҳүрметлесең,
14 Сонда Жаратқан Ийеден заўық аласаң. Мен сени дүньяның бәлентликлерине шығарып, Әкең Яқыптың мийрасын саған беремен». Буны Жаратқан Ийе айтады.