Ийшая 56 bob

Жаратқан Ийениң пүткил миллетлерди қабыл етиўи (1-8), Израилдың жаўыз басшыларының ҳүким қылыныўы (9-12).

1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Әдалатты сақлаң, туўры болған ислерди ислең, Себеби тез арада Мениң қутқарыўым келип, Азат қылыўым аян болады.
2 Мыналарды беккем устанатуғын адам, қандай бахытлы! Бундай адам Шаббат күнине әмел қылады, оны қорламайды, Қолын жаўыз ислерден тыяды.
3 Жаратқан Ийеге бағышланған жат жерлилердиң ҳеш бири: „Жаратқан Ийе мени Өз халқынан биротала айырып таслайды“, – демесин. Ҳеш бир ақта да: „Мен тек бир қуўрап қалған терекпен“, – деп айтпасын».
4 Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: «Шаббат күниме әмел қылыўшы, Маған унаған нәрселерди таңлаўшы, Келисимиме садық болған ақталарға,
5 Ибадатханамда, дийўалларымның ишинде, Улларым менен қызларымнан да гөре жақсырақ, Естелик белги ҳәм ат беремен. Мен оларға жоғалмайтуғын, мәңгилик бир ат беремен.
6 Жаратқан Ийеге хызмет етиў, Оның атын сүйиў, Оның қулы болыў ушын, Жаратқан Ийеге өзин бағышлаған жат жерлилерди, Шаббат күнине әмел қылып, оны қорламағанларды, Келисимимди беккем сақлағанларды,
7 Мухаддес таўыма алып келемен. Дуўа ететуғын Ибадатханамда оларды қуўанышқа бөлеймен. Олардың жандырылатуғын қурбанлықлары ҳәм басқа қурбанлықлары, Қурбанлық орнымда қабыл етиледи. Мениң Үйим барлық халықлар ушын, Дуўа етилетуғын үй деп аталады».
8 Израилдың қуўғын болғанларын жыйнап алатуғын, Қудай Ийе былай дейди: «Мен жыйнағанларыма қоса, Басқаларды да жыйнайман».
9 Ҳәй, даладағы жабайы ҳайўанлар, Ҳәй, тоғайдағы жабайы ҳайўанлар, Келип, жеңлер!
10 Израилдың гүзетшилери соқыр, Олардың ҳәммеси надан, Барлығы үрмейтуғын тилсиз ийтлер, Олар жатып алып, түс көреди, Уйқыны жақсы көреди.
11 Олар тойғанын билмейтуғын ашкөз ийтлер. Ақылсыз шопанлардың ҳәр бири, Өз пайдасын гөзлеп, Өз жолынан кетеди.
12 Олар: «Келиң, шарап ишейик! Өткир ишимликке тояйық! Ертең де бүгингидей болады, Ҳәтте, буннан да жақсырақ болар», – дейди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16