Ийшая 50 bob
1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен анаңызды қуўып жиберген ўақытта берген талақ хат қәне? Сизлерди қарыз алған адамымның қайсысына сатыппан? Мине, сизлер өз жаўыз ислериңиз себепли сатылдыңыз, Сизлердиң қылмысларыңыз себепли анаңыз қуўып жиберилди.
2 Келгенимде, не ушын ҳеш ким жоқ еди? Шақырғанымда, не ушын ҳеш ким жуўап бермеди. Сизлерди азат етиў ушын қолым сондай-ақ қысқа ма еди? Ямаса сизлерди қутқарыўға Менде күш жоқ па? Бир айбат етсем, теңиз қурыйды, Дәрьяларды шөлге айландыраман. Балықлар суўсызлықтан сасып, шөлден өледи.
3 Көклерге қара кийдиремен, Аза кийимин олардың жапқышы қыламан».
4 Шаршағанға сөз бенен мәдет берсин деп, Қудай Ийе маған тәлим берип, дана тил берди. Ҳәр күни таңда Ол мени оятып, Шәкиртлердей тыңласын деп, қулағымды ашады.
5 Қудай Ийе қулағымды ашты, Мен қарсы шықпадым, жүз бурып кетпедим.
6 Мен өзимди урғанларға арқамды, Сақалымды жулғанларға жүзимди туттым. Масқаралағанда да, түпиргенде де жүзимди жасырмадым.
7 Қудай Ийе маған жәрдем бергенликтен, Мен уятқа қалмадым. Өзимди мийтиндей беккем туттым, Билемен, шерменде болмайман.
8 Мени ақлаўшы жанымда, Мениң менен ким даўласады? Кел, жүзлесейик, Мени ким айыплай алады? Ол жаныма келсин!
9 Маған жәрдем бериўши – Қудай Ийе, Ким мени гүналыға шығара алады? Олардың ҳәммеси кийимдей тозар, Оларды күйе жеп қояр.
10 Араңызда Жаратқан Ийеден қорқып, Оның хызметшисиниң даўысына қулақ салған бар ма? Қараңғылықта жүргенлер, нуры болмағанлар, Жаратқан Ийениң атына үмит байлап, Қудайына сүйенсин!
11 Бирақ от жағып, шыра услаған сизлер, ҳәммеңиз, Өз отыңыздың жарығында, Жаққан шыраларыңыздың жақтысында жүре бериң. Мениң қолым сизлерге мы