Ийшая 49 bob
1 Атаўлар, Мени тыңлаң! Узақтағы халықлар, қулақ түриң! Жаратқан Ийе мени ана қурсағында болған ўақтымда-ақ шақырды. Анамның ишинде ўақтымда-ақ атап атымды қойды.
2 Ол сөзимди қылыштай өткир қылды, Мени қолының саясына жасырды. Мени ушқыр оқ қылды, Өзиниң оқ қабында сақлады.
3 Ол маған: «Мениң қулымсаң, Израил, Мен сен арқалы даңққа ерисемен», – деди.
4 Бирақ мен: «Мийнетим зая кетти, Босқа, бийҳуда күшимди сарпладым, Бәри бир, Жаратқан Ийе ҳақымды береди, Қудай мийнетимниң есесин қайтарады», – дедим.
5 Яқыптың урпақларын Оған қайтарыўым, Израилды Оның алдына жыйнаўым ушын, Қурсақта мени қәлиплестирип, Өзине хызметши қылған. Жаратқан Ийе сөйледи. Мен Жаратқан Ийениң нәзеринде ҳүрметке еристим, Қудайым мениң күш-қүдиретим болды.
6 Ол былай деди: «Яқыптың тийрелерин қайта тиклеў, Израилдың тири қалғанларын қайтарыў ушын, Қулым болыўың жетерли емес, Сени миллетлерге нур қыламан, Мениң қутқарыўым жердиң шетине дейин жетип барсын».
7 Инсанлар кемситип, халық жек көргенге, Ҳүкимдарлардың қулына, Израилдың Әменгери, Оның Мухаддеси, Жаратқан Ийе былай дейди: «Патшалар сени көрип, орнынан турады, Көсемлер жығылып, тәжим қылады, Сени таңлаған Израилдың Мухаддеси, Садық Жаратқан Ийе ҳақы солай қылады».
8 Жаратқан Ийе былай дейди: «Мийримим түскен ўақытта, Мен саған жуўап беремен, Қутқарылыў күнинде жәрдем беремен. Сени қорғайман, Халқым менен дүзген келисимимди, Сен арқалы әмелге асыраман. Сен елди қайта тиклеп, Ўайран болған жерлерди қайта ийелейсең.
9 Тутқынларға: „Шығыңлар!“, Қараңғылықта болғанға: „Азатсаң!“, – дейсең. Олар жол жағаларында отлайды, Тап-тақыр төбешиклерде жайлаў табады.
10 Олар аш та болмайды, шөллемейди де, Қуўратыўшы самал да, қуяш та оларға зыян тийгизбейди. Мийрим көрсетиўши оларды жетеклейди, Суў көзлерине алып барады.
11 Ҳәмме таўларымды жолға айландыраман, Дәрбент жолларымды бийиклетемен.
12 Мине, олар алыстан, Кимиси арқадан, кимиси батыстан, Кимиси Синим жерлеринен киятыр.
13 Көклер, қуўаныш пенен бақырың! Жер, шадлан! Таўлар, қосық айтыңлар! Жаратқан Ийе Өз халқын жубатып, Азап шеккенлерге реҳим етежақ.
14 Бирақ Сион былай дейди: „Жаратқан Ийе мени тәрк етти, Ийем мени умытты“.
15 Ана емизиўли баласын умыта ма? Өзи туўған баласына реҳими түспей ме? Ҳәтте, ана өз баласын умытса да, Мен сени умытпайман.
16 Қара, атыңды алақанларыма жаздым, Қыйралған дийўалларың бәрқулла көз алдымда.
17 Улларың асығып келеди, Сени қырып, ўайран еткенлер шығып кетеди.
18 Басыңды көтерип, айланаға қара, Ҳәммеси жыйналып, саған киятыр». Жаратқан Ийе былай дейди: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: Олардың ҳәммеси сен ушын безениў буйымындай болады, Келиншектей оларды тағып аларсаң.
19 Аўа, жериң ўайранланып, босап қалып, Қарабақанаға айланған болса да, Енди жер халқыңа тарлық етер, Сени жалмап келгенлер сеннен узақласар.
20 Тутқын болған ўақытта туўылған балаларың, Еле саған былай дейди: „Бул жер бизлерге тарлық етип атыр, Жасаў ушын көбирек жер бер“.
21 Сонда сен ишиңнен былай дерсең: „Буларды маған ким туўып берди? Мен балаларымды жойтып, нәсилсиз болып қалған едим, Сүргин етилип, қор болған едим. Буларды ким өсирди? Мен жалғыз өзим қалған едим, Булар қайдан пайда болды?“»
22 Қудай Ийе былай дейди: «Мен миллетлерге қол менен белги беремен, Халықларға байрағымды көтеремен. Олар улларыңды қолына, Қызларыңды ийнине көтерип алып келеди.
23 Патшалар саған әкелик қылып, Ханшалар саған сүт бериўши ана болады. Олар алдыңда бети жерге тийгенше ийилип тәжим етеди, Аяқларыңдағы шаңды артады. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди, Маған үмит байлағанлар уятқа қалмайтуғынын билесең».
24 Күшлиден олжасын тартып алыў мүмкин бе? Ямаса залымның қолынан тутқын қутыла ала ма?
25 Бирақ Жаратқан Ийе былай дейди: «Аўа, күшлиниң қолынан олжасы тартып алынады, Залымның олжалары қайтарылады. Саған қарсы шыққанға, Мен қарсы тураман, Балаларыңды қутқараман.
26 Сени езгенлерге өз денесин жегиземен, Шарап ишкендей, өз қанларын ишип мәс болады. Сонда пүткил адамзат Мениң Жаратқан Ийе екенимди, Сениң Қутқарыўшың ҳәм Әменгериң екенимди, Яқыптың Күшли Қудайы екенимди биледи».