Ийшая 48 bob
1 «Тыңла, ҳәй, Яқыптың урпақлары! Израилдың аты менен аталатуғынлар, Яҳуданың белинен өнгенлер! Сизлер Жаратқан Ийениң аты менен ант ишесиз, Израилдың Қудайын шақырасыз. Бирақ буны шын жүректен ҳәм әдиллик пенен ислемейсиз.
2 Сонда да, өзлериңизди мухаддес қаладанбыз деп, Израилдың Қудайына сүйендиңиз. Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
3 Болып өткенлерди Мен алдын ала айттым, Мениң аўзымнан шықты, Мен оларды билдирдим. Кейин тосаттан оларды иследим, Олар орынланды.
4 Себеби сениң қайсарлығыңды билемен, Желке тамырың темирдей, Маңлайың қоладай қатты.
5 Буларды саған алдын ала баян еттим, „Буларды мениң бутларым иследи, Ағаш мүсинлерим ҳәм қуйма қудайларым, Буларды буйырды“, – деп айтпаўың ушын, Орынланбастан алдын, оларды саған билдирдим.
6 Буларды еситтиң, енди ҳәммесин көр. Буларды мойынламақшы емесписең? Бүгиннен баслап, саған жаңа затларды, Сен билмеген жасырын затларды айтаман.
7 Булар тап ҳәзир жаратылды, өтмиште емес, Бүгинге дейин, сен булар туўралы еситпедиң, Болмаса: „Буларды билетуғын едим“, – дейсең.
8 Сен еситпедиң де, билмейсең де, Әзелден қулағың ашық емес еди. Мен сениң сатқын екениңди билемен, Туўылғаныңнан бери, қозғалаңшы деп аталасаң.
9 Өз атым ҳақы ғәзебимди тутып, Өз даңқым ҳақы оны тыйдым. Болмаса, сени жоқ қылар едим.
10 Мине, гүмистей етип болмаса да, сени тазаладым, Азап ошағында сынадым.
11 Буны Өзим ҳақы, Өзим ушын ислеймен. Неге атыма дақ түсиўи керек? Даңқымды басқаға бермеймен.
12 Ҳәй, Яқып, шақырғаным Израил, Мени тыңла! Мен – Солман, биринши де, соңғы да Менмен.
13 Қолым жердиң тийкарын қойды, Оң қолым көклерди жайды. Мен оларды шақырсам, Ҳәммеси бирге алдымда турады.
14 Ҳәммеңиз жыйналып, тыңлаң! Бутлардың қайсысы буларды алдын ала билдирди? Жаратқан Ийениң сүйиклиси*, Оның Бабилонға қарсы мақсетин әмелге асырады, Оның қолы калдейлерге қарсы болады.
15 Мен, аўа, Мен оған айттым, Оны Мен шақырдым, Мен алып келдим, Ол өз исинде табысқа ериседи.
16 Маған жақынлап, мынаны тыңлаңлар! Бастан-ақ, Мен жасырын сөйлемедим, Соннан бери, Мен сол жердемен». Енди Қудай Ийе мени ҳәм Руўхын жиберди+.
17 Әменгериң, Израилдың Мухаддеси, Жаратқан Ийе былай дейди: «Саған пайдалы нәрселерди үйрететуғын, Жүриўиң керек болған жолдан жетеклейтуғын, Қудайың Жаратқан Ийе Мен боламан.
18 Егер Мениң буйрықларыма қулақ асқаныңда еди! Абаданшылығың дәрьядай, Әдиллигиң теңиз толқынларындай болар еди.
19 Урпақларың теңиз қумындай көп, Нәсиллериң қум қыйыршықларындай сансыз болар еди. Атлары да өширилмес, Мениң алдымда жоқ болмас еди».
20 Бабилоннан шығып, калдейлерден қашың! Буны қуўанышлы даўыс пенен жәриялаң, Жердиң шетлерине дейин хабарлап: «Жаратқан Ийе Өз қулы Яқыпты азат етти!» – деп жайың.
21 Оларды шөлден алып өткенде де, шөллемеди, Олар ушын жартастан суў ағызды, Ол жартасты жарды, суў атылып шықты.
22 «Жаўызлар ушын тынышлық жоқ», – дейди Жаратқан Ийе.