Ийшая 45 bob

Жаратқан Ийениң Кирди таңлаўы (1-8), Қүдирети күшли Қудай (9-19), Қудай ҳәм Бабилонның бутлары(20-25).

1 Жаратқан Ийе майлағанына, Оң қолынан услағанына, яғный Кирге былай дейди: «Алдыңда миллетлерди бас ийдиремен, Патшаларды қуралларынан маҳрум етемен. Алдыңда дәрўазалар ашылып, Олар жабылмайды.
2 Мен алдыңда жүрип, таўларды тегислеймен, Қола дәрўазаларды бузып, темир тәмбилерди сындыраман.
3 Саған қараңғылықта жасырынған ғәзийнелерди, Жасырын жерлерде сақланған байлықларды беремен. Усы арқалы атыңды айтып шақырған Мен – Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы екенимди билесең.
4 Сен Мени танымасаң да, Қулым Яқып, таңлағаным Израил ҳақы, Сени атыңды айтып шақырдым, Саған ҳүрметли ат қойдым.
5 Мен – Жаратқан Ийемен, басқасы жоқ. Меннен басқа қудай жоқ. Мени танымасаң да, саған күш беремен.
6 Шығыстан батысқа дейинги адамлар, Меннен басқасының жоқ екенин билип қойсын. Мен – Жаратқан Ийемен, басқасы жоқ.
7 Нурды дөреткен, қараңғылықты жаратқан Мен боламан, Абаданлықты беретуғын, апатшылықты жиберетуғын да Менмен. Булардың ҳәммесин ислейтуғын Мен – Жаратқан Ийемен.
8 Көклер, сен жоқарыдан қутқарылыўды төк, Бултлар оны төменге жаўдырсын. Жер ашылып, қутқарылыў өсип шықсын, Оның менен бирге әдиллик те өссин. Буны Мен – Жаратқан Ийе жараттым».
9 Жаратыўшысы менен даўласатуғынлар, сорыңыз қурысын! Топырақтан жасалған гүзениң сынығы! Ылай гүлалшыға: «Не ислеп атырсаң?» 5 Ямаса: «Ислеп атырған нәрсеңниң услағышы жоқ», – деп айта ма?
10 Әкесине: «Мени неге дүньяға келтирдиң?» Анасына: «Мени неге туўдың?» – дейтуғынлар, Ҳәсирет шегесиз!
11 Израилдың Мухаддеси ҳәм Оның Жаратыўшысы, Жаратқан Ийе былай дейди: «Балаларымның келешеги ҳаққында сораўға тутпақшымысыз? Қолымның ислери туўралы буйрық бермекшимисиз?
12 Мен жерди дөретип, Оның үстине адамды жараттым, Өз қолларым менен көклерди кердим, Аспан денелерине буйрық бердим.
13 Кирди әдил нийетимди әмелге асырыў ушын ҳәрекетке келтирдим, Оның пүткил жолларын тегислеймен. Ол Мениң қаламды қайта қурады, Тутқын болған халқымды төлемсиз ҳәм парасыз азат етеди». Буны айтқан Әлемниң Жаратқан Ийеси болады.
14 Жаратқан Ийе Израилға былай дейди: «Мысырдың байлығы, Куштың пайдасы сеники болады, Узын бойлы Себа урпақлары саған келеди. Олар саған ереди, Кисенбәнт болып саған келип, Тәжим етип, жалбарынып: „Қудай тек сениң менен бирге, басқа бири жоқ, Оннан басқа қудай жоқ“, – дейди».
15 Израилдың Қудайы – Қутқарыўшы, Ҳақыйқаттан да, Өзин жасырған Қудай – Сенсең!
16 Бут соғатуғынлардың ҳәммеси уятқа қалып, масқара болады, Ҳәммеси бирге шерменде болады.
17 Бирақ Израил Жаратқан Ийе тәрепинен мәңгиге қутқарылады: Сизлер мәңгиге уятқа қалмайсыз, Масқара болмайсыз.
18 Көклерди жаратқан – Ол Қудай. Дүньяны бинә етип, оған түр-түс берген, Оны беккемлеген, Оны бос турыў ушын емес, Ал адам жасаўы ушын жаратқан, Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Жаратқан Ийемен, Меннен басқасы жоқ.
19 Мен жасырын да, қараңғылықта да сөйлемедим. Мен Яқыптың урпақларына: „Мени ҳеш нәрсе жоқ жерден излең“, – демедим. Мен Жаратқан Ийемен, ҳақыйқатты айтаман, Мен шынлықты баян етемен».
20 «Миллетлерден қашып қутылғанлар, Келип, бир жерге жыйналып, қасыма жақынлаңлар! Ағаш бутларды көтерип, Қутқармайтуғын қудайға сыйынғанлар, Ҳеш нәрсени билмейди.
21 Айтың, даўаңызды баян етиң, Олар бирге мәсләҳәтлессин! Буны әзелден айтқан ким? Өтмиште аян еткен ким? Жаратқан Ийе болған Мен емеспен бе? Меннен басқа қудай жоқ, Мен әдил Қудайман ҳәм Қутқарыўшыман, Меннен басқасы жоқ.
22 Пүткил дүнья, Маған жүз бурың, қутқарыласыз! Мен Қудайман, басқасы жоқ.
23 Мен Өзим ҳақы ант иштим, Аўзымнан шыққан сөз туўры, Ол босқа шықпас: „Ҳәр бир дизе алдымда ийилип, Ҳәр бир тил Маған ант ишеди“.
24 Олар Мен туўралы: „Әдалат ҳәм күш, Жалғыз Жаратқан Ийеде“, – дейди».Оған ғәзепленгенлердиң ҳәммеси, Алдына келип, уялып қалады.
25 Бирақ Израилдың пүткил нәсили, Жаратқан Ийеде ақланып, Оның менен мақтанады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16