Ийшая 40 bob

Жубатыўшы сөзлер (1-11), Қудайдың уллылығы (12-31).

1 Қудайыңыз былай дейди: «Жубатың, халқыма тәселле бериң!
2 Ерусалимге жумсақ сөзлер айтың, Саўаш мүддетиниң таўысылғанын, Қылмысларының кеширилгенин, Барлық гүналарының жазасын Жаратқан Ийениң қолынан, Еки есе етип алғанын жәриялаң.
3 Бақырған бир даўыс еситиледи: „Шөлде Жаратқан Ийеге жол таярлаң, Қула далада Қудайымыз ушын дүзиў ҳәм үлкен бир жол ашың!
4 Барлық ойпатлықлар толтырылсын, Таў-төбелер пәске шөксин, Қыйсық жерлер дүзетилсин, Будыр жерлер тегисленсин.
5 Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты аян болып, Пүткил адамзат буны биргеликте көреди. Буны Жаратқан Ийе айтады“».
6 Даўыс: «Бақыр», – дейди. Мен: «Не деп бақырайын?» – деп сорадым. – Пүткил адамзат – көк шөпке, Оның пүткил садықлығы – атыздағы гүлге уқсайды.
7 Жаратқан Ийе демин үплегенде, Шөп қуўрайды, гүл солыйды. Ҳақыйқаттан да, халық – бул шөп.
8 Шөп қуўрайды, гүл солыйды. Бирақ Қудайымыздың сөзи мәңги турады.
9 Ҳәй, Сионға хош хабар алып келиўши, Бийик таўға шық! Ҳәй, Ерусалимге хош хабар алып келиўши, Бар даўысың менен бақыр! Даўысыңды көтер, қорқпа. Яҳуда қалаларына: «Мине, сизлердиң Қудайыңыз!», – деп айт.
10 Мине, Қудай Ийе қүдирет пенен келип, Ҳүкимдарлықты қолына алар. Оның сыйы Өзи менен бирге, Мийнеттиң есесин қайтарыў Оның қолында.
11 Ол Өз сүриўин шопан киби бағар, Қозыларды қолына алып, Оларды көтерип, баўырына басар, Емизиўли қойларға ғамхорлық пенен жол көрсетер.
12 Ким суўларды алақаны менен, Көклерди қарысы менен өлшеди? Ким жердиң топырағын өлшем ыдысына салған, Ямаса таўларды тәрезиде, Төбелерди тәрези пәллесинде өлшеген?
13 Жаратқан Ийениң Руўхына кимниң ақылы жеткен, Ямаса ким Оған кеңес берген?
14 Ақыл алыў ушын Ол кимнен мәсләҳәт сорады, Ямаса Оған ким әдалат жолын үйретти? Оған билим берип, Түсиник жолын көрсеткен ким?
15 Мине халықлар шелектеги суў тамшысындай, Тәрезилердеги шаң сыяқлы көринер, Ол атаўларды уўыс топырақ сыяқлы көтереди.
16 Лебанонның отыны қурбанлықты жағыўға, Маллары жандырылатуғын қурбанлыққа азлық етеди.
17 Пүткил миллетлер Оның алдында ҳеш нәрсе емес, Олар Ол ушын жоқтан да, бослықтан да пәс саналады.
18 Онда Қудайды кимге уқсатасыз? Оның бийнесин кимге теңейсиз?
19 Бутқа ма? Оны өнермент қуйып, Зергер оны алтынға қаплар, Оның ушын гүмис шынжыр соғылар.
20 Егер буған қурбы жетпесе, Ширимейтуғын бир ағашты сайлап алар. Сөйтип қозғалмайтуғын бут соқтырыў ушын, Шебер өнерментти излейди.
21 Билмейсизлер ме, еситпедиңлер ме? Әўел бастан, сизлерге айтылмады ма? Дүнья жаратылғаннан бери түсинбедиңиз бе?
22 Қудай жер шарының үстинде отыр, Жерде жасайтуғынлар шегирткелерге мегзер. Ол көклерди перде киби жайып, Жасаў ушын оларды шатыр киби тигеди.
23 Ол шаҳзадаларды түкке турғысыз етип, Дүньяның ҳүкимдарларын күшинен айырады.
24 Олар зорға егилип, зорға себилип, Зорға тамыр жайған гезинде, Жаратқан Ийе демин үплейди, олар қуўрап, Даўыл оларды қаўық киби ушырып кетеди.
25 «Мени кимге уқсатасыз, Ким Маған тең келеди?» – дейди мухаддес Қудай.
26 Басыңызды жоқары көтерип, аспанға қараң, Буларды ким жаратқан? Қудай жулдызларды бирме-бир шақырып, Атпа-ат атайды. Оның қүдиретли күши ҳәм уллы қүдиретине гөре, Олардың ҳеш бири орнынан шықпай қалмайды.
27 Ҳәй, Яқып, ҳәй, Израил, қалайынша сен: «Жолым Жаратқан Ийеден жасырын, Қудайым ҳуқықымды қорғамайды», – дейсең?
28 Билмейсизлер ме? Еситпедиңиз бе? Жаратқан Ийе – мәңгилик Қудай, Пүткил дүньяның Жаратыўшысы. Ол шаршамайды да, талықпайды да, Оның даналығына ақыл жетпес.
29 Ол ҳалдан тайғанды ҳәллендирип, Мәдетсизлердиң күшин көбейтеди.
30 Ҳәтте, жаслар да шаршап, талығады, Жас жигитлер де сүрнигип, жығылады.
31 Бирақ Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар, Жаңадан күш алады. Олар бүркит киби қанат жаяды. Жуўырса да, шаршамайды, Жортса да, ҳеш талықпайды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16