Ийшая 39 bob
1 Сол арада Хизкияның аўырып, кейин тәўир болғанын еситкен Бабилон патшасы Баладан улы Меродах-Баладан Хизкияға хатлар ҳәм саўғалар жиберди.
2 Хизкия елшилерди қабыл етти ҳәм оларға өз қазнасындағы затлардың ҳәммесин: гүмис ҳәм алтынларын, хош ийисли затларын, қымбатбаҳа майларын, қуралжарақ сақланатуғын бөлмесин көрсетти. Хизкияның сарайында да, патшалығында да оларға көрсетилмеген ҳеш нәрсе қалмады.
3 Сонда пайғамбар Ийшая патша Хизкияның жанына келип, оған: – Бул адамлар сизге не деди? Олар қай жақтан келипти? – деп сорады. Хизкия оған: – Олар узақ елден, Бабилоннан келген, – деп жуўап берди.
4 Ийшая: – Олар сарайыңызда не көрди? – деп сорады. Хизкия: – Сарайымдағы ҳәмме нәрсени көрди. Қазнамда оларға көрсетпеген ҳеш нәрсем қалмады, – деп жуўап берди.
5 Сонда Ийшая Хизкияға былай деди: – Онда Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзин еситиң:
6 «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сарайыңдағы ҳәмме нәрсе ҳәм ата-бабаларыңның усы күнге шекем жыйнаған ҳәмме нәрсеси Бабилонға алып кетилетуғын күн келеди, ҳеш нәрсе қалмайды.
7 Сениң нәсилиңнен болған айырым урпақларың да алып кетилип, Бабилон патшасының сарайында хызметкер болады“»+
8 Хизкия Ийшаяға: – Жаратқан Ийениң сиз арқалы айтқан сөзлери жақсы сөзлер, – деди. Себеби ол ишинен: «Ҳеш болмағанда, мениң заманымда тынышлық ҳәм абаданшылық болады», – деп ойлады.