Ийшая 37 bob

Хизкияның Ийшая пайғамбардан кеңес сораўы (1-13), Хизкияның дуўасы (14-20), Ийшаяның пайғамбаршылығы (21-38).

1 Патша Хизкия буларды еситкенде, кийимлерин жыртты ҳәм аза кийимлерин кийип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды.
2 Ол аза кийимин кийген сарай басқарыўшысы Элякимди, хаткер Шебнаны ҳәм жасы үлкен руўханийлерди Амос улы пайғамбар Ийшаяға жиберди.
3 Олар Ийшаяға былай деди: «Хизкия былай дейди: „Бүгинги күн азап, жаза ҳәм масқарашылық күни. Себеби бала шығайын деп аўызға тақалып турғаны менен, туўыўға күши жоқ ҳаялға уқсаймыз.
4 Бәлким, тири Қудайды хорлаў ушын мырзасы, Ассирия патшасы жиберген бас ўәзирдиң барлық сөзлерин Қудайың Жаратқан Ийе еситкен шығар ҳәм усы еситкен сөзлери ушын оларды жазалар. Сонлықтан тири қалғанлар ушын дуўа ет“».
5 Патша Хизкияның хызметкерлери патшаның сөзлерин Ийшаяға жеткизгенде,
6 Ийшая оларға былай деди: «Мырзаңызға былай деп айтыңлар: Жаратқан Ийе былай дейди: „Ассирия патшасының хызметкерлериниң Мени масқаралап айтқан сөзлеринен, яғный өзиң еситкен сөзлерден қорқпа.
7 Мине, Мен оған бир руўх жиберемен. Сонда ол бир хабар еситип, өз елине қайтып кетеди. Мен оны өз елинде қылыш пенен өлтиртемен“».
8 Ассирия патшасының бас ўәзири изине қайтып, өз патшасын Либна қаласына қарсы урысып атырған жеринен тапты. Себеби ол Ассирия патшасының Лахиштен шегингенин еситкен еди.
9 Ассирия патшасы Куш патшасы Тирҳақаның өзине қарсы урысқа атланғанын еситип, Хизкияға және елшилерин жиберип былай деди:
10 «Яҳуда патшасы Хизкияға былай деп айтыңлар: „Сүйенген Қудайың сени: „Ерусалим Ассирия патшасына тәслим болмайды“, – деп алдамасын.
11 Ассирия патшаларының барлық еллерди жер менен жексен етип, нелер ислегенин еситкен шығарсаң?! Енди сен қутылып қалмақшымысаң?
12 Ата-бабаларым ўайран еткен Гозан, Харан, Ресеф ҳәм Телассардағы Эденде жасаған халықлардың қудайлары оларды қутқара алды ма?
13 Хамат ҳәм Арпад патшалары қәне? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўа қалаларының патшалары қәне?“»
14 Хизкия хатты елшилердиң қолынан алып оқығаннан соң, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды ҳәм хатты Жаратқан Ийениң алдына жайып қойды.
15 Кейин Жаратқан Ийениң алдында дуўа етип, былай деди:
16 «Керублар ортасындағы тахтта отырған Израилдың Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийеси! Сен пүткил дүнья патшалықларының жалғыз Қудайысаң! Аспан ҳәм жерди Сен жаратқансаң.
17 Жаратқан Ийе, қулақ салып, есит, көзлериңди ашып, көр. Тири Қудайды масқаралаў ушын Санхерибтиң айтып жиберген сөзлерин есит.
18 Жаратқан Ийе, ырасында да, Ассирия патшалары халықларды ҳәм олардың жерлерин ўайранлады.
19 Олардың қудайларын отқа таслап, жоқ қылды. Бирақ олар ҳақыйқатында қудайлар емес, ал ағаштан ҳәм тастан адам қолы менен исленген нәрселер еди.
20 Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерди Санхерибтиң қолынан қутқара гөр. Сонда пүткил дүнья патшалықлары Сениң жалғыз Қудай екениңди биледи».
21 Соңынан Амос улы Ийшая пайғамбар Хизкияға мынадай хабар жиберди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: – Ассирия патшасы Санхериб ҳаққында Маған еткен дуўаңды еситтим.
22 Ол туўралы Мен – Жаратқан Ийе былай деймен: Пәк қыз Сион сени кемситип, үстиңнен күлер, Қыз Ерусалим изиңнен бас шайқар.
23 Сен кимди хорлап, кимди мазақладың? Кимге даўыс көтерип сөйлеп, кимге менменсип қарадың? Маған – Израилдың Мухаддесине!
24 Елшилериң арқалы Мени хорлап былай дедиң: „Сансыз саўаш арбаларым менен таўлардың бийик шыңына, Лебанон таўларының узақ жанбаўырларына шықтым, Бийик кедр ағашларын, жақсы сәрўи ағашларын кестим. Оның ең төрине, ең қалың тоғайына бардым.
25 Мен қудықлар қаздым ҳәм жат еллердиң суўларын иштим, Мысырдың барлық дәрьяларын табаным менен қурыттым“.
26 Бирақ буның ҳәммесин бурыннан жобаластырып, әййемги күнлерден ойлап қойғанымды еситпеген бе едиң? Ҳәзир Мен соны орынладым. Сонлықтан сен қорғанлы қалаларды қарабақанаға айландыра алдың.
27 Сонда езилди қала халқы, Қорқып, уятқа қалды. Олар даладағы көк шөпке, жаңа шыққан нәзик шөпке ҳәм тамның басындағы, шықпай атырып, өрт шалған шөпке уқсап қалды.
28 Мен сениң отырыс-турысыңды, қашан келип-кететуғыныңды, Маған деген ғәзебиңди, ҳәммесин билемен.
29 Маған деген ғәзебиң ушын ҳәм тәкаббирлигиң қулағыма жетип келгени ушын, Ҳалқамды мурныңнан өткизип, суўлығымды аўзыңа тағаман. Сени келген жолың менен изиңе қайтараман.
30 Ҳәй, Хизкия! Сен ушын белги мынаў болады: Усы жылы шашылған дәннен өскен өнимди жейсиз, Келеси жылы соның орнына өскен өнимди азық қыласыз, Ал үшинши жылы дән сеўип, өним аласыз, жүзим бағларын отырғызып, олардың мийўесинен жейсиз.
31 Яҳуда халқының қутылып қалғанлары жерге тамыр жайып, жоқарыда мийўе береди.
32 Себеби тири қалғанлар Ерусалимнен, қутылғанлар Сион таўынан келип шығады. Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз қызғаншақлығы менен жүзеге асырады».
33 Сонлықтан Жаратқан Ийе Ассирия патшасы туўралы былай дейди: «Ол бул қалаға кирмейди, оқ та атпайды, Қалаға жақынламас қалқаны менен, Қала дийўалына топырақ та үйдирмейди.
34 Келген жолы менен қайтады, қалаға кирмейди. Бул – Жаратқан Ийениң айтқаны!
35 Мен Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын бул қаланы қорғап, қутқараман».
36 Сол күни түнде Жаратқан Ийениң периштеси ассириялылардың ордасына барып, бир жүз сексен бес мың адамды қырып таслады. Азанда оянып қарағанлар ҳәмме жердиң өликлерге толып кеткенин көрди.
37 Сонда Ассирия патшасы Санхериб орданы таслап, изине қайтты. Ол Ниневияға қайтып келип, сол жерде жасап қалды
38 Бир күни ол өз қудайы Нисрохтың бутханасында табынып атырғанда, уллары Адраммелех пенен Саресер оны қылыш пенен өлтирди ҳәм өзлери Арарат үлкесине қашып кетти. Санхерибтиң орнына улы Эсар-Хаддон патша болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16