Ийшая 36 bob

Санхерибтиң Ерусалимди қорқытыўы (1-22).

1 Хизкияның патшалығының он төртинши жылында, Ассирия патшасы Санхериб Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына ҳүжим жасап, оларды басып алды.
2 Соңынан Ассирия патшасы бас ўәзирин үлкен армия менен Лахиштен Ерусалимге, патша Хизкияға жиберди. Ол келип, кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳаўызға суў қуйылатуғын жерде тоқтады.
3 Cарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм жылнамашы Асаф улы Иоах оны қарсы алыўға шықты.
4 Сонда Ассирия патшасының бас ўәзири оларға былай деди: – Уллы патша, Ассирия патшасының мына сөзлерин Хизкияға жеткизиң: «Неңе үмит артып турсаң?
5 Урыс ушын жоба ҳәм күш бар деп айтасаң, бирақ сен тек бос сөзлерди айтып турсаң. Сен кимге үмит артып, маған қарсы бас көтерип турсаң?
6 Мине, сен өзине сүйенгенниң алақанына киретуғын сынық қамыс ҳасаға уқсаған Мысырға сүйенип турсаң. Мысыр патшасы фараон өзине исенгенлердиң ҳәммесине усындай.
7 Бәлким маған: Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге үмит артамыз, – дерсизлер. Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: Тек мына қурбанлық орында сыйыныңлар, – деп сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын жоқ қылған Хизкия емес пе еди?»
8 Енди сен, мениң мырзам Ассирия патшасы менен маўасаға кел. Егер мен саған еки мың бас ат берсем, оларға минетуғын сонша адам таба алар ма едиң?
9 Солай екен, мырзамның ең ҳәлсиз әскербасысын да жеңе алмайсаң-ғо. Ямаса Мысырдың саўаш арбалары менен атлыларына исенип турсаң ба?
10 «Қала берсе, мен бул жерди ўайран етиў ушын Жаратқан Ийениң еркисиз келдим бе? Жаратқан Ийе маған: Сол үлкеге ҳүжим қылып, оны ўайран ет, – деди».
11 Хилкия улы Эляким, Шебна ҳәм Иоах бас ўәзирге былай деп жуўап берди: «Бул қулларыңыз бенен арамейше сөйлесе бериң, түсинемиз. Дийўал үстиндеги халыққа еситтирип, бизлер менен еврей тилинде сөйлеспеңиз».
12 Бас ўәзир оларға: «Мырзам мени бул сөзлерди тек мырзаңа ҳәм саған айтыў ушын емес, ал сизлер менен бирге өз дәретин жеп, сидигин ишиўге дуўшар болатуғын дийўал үстинде отырған адамларға да жеткериў ушын жиберди», – деди.
13 Соңынан бас ўәзир орнынан турып, еврей тилинде былай деп бақырды: «Уллы патшаның, Ассирия патшасының сөзлерине қулақ салыңлар!
14 Патша былай дейди: „Хизкия сизлерди алдамай-ақ қойсын. Ол сизлерди қутқара алмайды.
15 Ол: Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, қала Ассирия патшасының қолына берилмейди, – деп сизлерди Жаратқан Ийеден үмитлендирмесин“.
16 Хизкияға қулақ салмаңлар. Себеби Ассирия патшасы былай дейди: „Мениң менен жарасып, маған келиңлер. Сонда ҳәр бир адам өз жүзиминиң ҳәм әнжир ағашының мийўесинен жеп, өз суў сақлағышынан суў ишеди.
17 Соңынан мен келип, сизлерди бийдайы, шарабы, наны, жүзимзарлары мол болған, өз үлкеңизге уқсаған бир үлкеге көширемен.
18 Хизкия: Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, – деп алдамасын! Қайсы халықтың қудайы өз үлкесин Ассирия патшасының қолынан қутқара алған?
19 Хамат ҳәм Арпадтың қудайлары қайда? Сефарўайымның қудайлары қайда? Самарияның қудайлары Самарияны мениң қолымнан қутқара алды ма?
20 Усы еллердиң қудайларының қайсы бири өз жерин мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, Жаратқан Ийе Ерусалимди мениң қолымнан қалай қутқарады?“»
21 Халық үндемеди, жуўап та қайтармады. Өйткени патша Хизкия халыққа оған жуўап бермеўди буйырған еди.
22 Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм жылнамашы Асаф улы Иоах кийимлерин жыртып, Хизкияның алдына келди ҳәм Ассирия патшасының бас ўәзириниң сөзлерин оған айтып берди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16