Ийшая 34 bob
1 Ҳәй миллетлер, жақынырақ келип, қулақ салың! Ҳәй халықлар, дыққат аўдарың! Жер ҳәм оны толтырып турғанлар, Дүнья ҳәм онда туўылғанлардың барлығы еситсин!
2 Жаратқан Ийениң пүткил миллетлерге қәҳәри келип, Олардың пүткил ләшкерлерине қарсы ғәзеби лаўлады. Ол оларды пүткиллей жоқ қылып, Баўызлаў ушын тапсырды.
3 Олардың өликлери далаға ылақтырып тасланып, Ширип, сасып жатар, Таўлар олардың қанына былғанар.
4 Пүткил аспан денелери ширип кетер, Аспан орама қағаздай шыйырылар. Жүзим ағашының жапырағындай, Әнжир ағашының жапырағындай болып, Ондағы пүткил барлық солып төгилер.
5 Жаратқан Ийе былай дейди: «Қылышым көклерде қанға тойды. Енди, қылышым жазалаў ушын Эдомның үстине, Пүткиллей жоқ қылыўды қарар еткен халықтың үстине түседи».
6 Жаратқан Ийениң қылышы қанға тойынып ҳәм майға былғанып, Қозы менен текениң қанына, Қошқардың бөтеке майына тойған. Жаратқан Ийениң Босрада қурбанлығы бар, Эдом жеринде уллы қырғын болады.
7 Жабайы буғалар, таналар ҳәм күшли буғалар да, Олар менен бирге қулайды. Олардың жери қанға суўғарылады, Топырағы майға тояды.
8 Себеби бул күн Жаратқан Ийениң өш алыў күни, Сионның даўасы ушын өш алатуғын жыл болады.
9 Сонда Эдомның дәрьялары қара майға, топырағы күкиртке, жери жанып турған қара майға айланады.
10 Ол күни-түни өшпей, түтини мәңгиге көтерилип турады. Сол жер әўладтан-әўладқа қаңырап, бос қалады. Енди ҳеш қашан ол жерден ҳеш ким өтпейди.
11 Узақша ҳәм кирпитикенлер ол жерди ийелеп алып, қулақлы жапалақ ҳәм ғарғалар мәкан басады. Жаратқан Ийе оның үстинен тәртипсизлик жибин, ўайран болыў аспа режесин тартады.
12 Ақсүйеклери сол жерде патшалық жоқлығын айтады, пүткил ҳүкимдарлары жоқ болып кетеди.
13 Оның сарайларына тикенлер, қорғанларына жантақ ҳәм ошағанлар өсип, сағаллардың мәканына, үкилердиң баспанасына айланады.
14 Ол жерде жабайы ҳайўанлар сыртланларға дус келеди, теке мәңиреп бир бирин шақырады. Түнде жанзатлар сол жерде дем алып, тыным табады.
15 Байыўлылар сол жерге уя салып, мәйек басып шығарып, палапанларын қанаты астына жыйнайды. Лашынлар да сол жерде жуп-жубы менен топланады.
16 Жаратқан Ийениң китабынан оқып, излең: Булардан ҳеш бири жоғалмайды, ҳеш бири жупсыз қалмайды. Себеби бул буйрық Жаратқан Ийениң аўзынан шықты, Оның Руўхы оларды жыйнайды.
17 Жаратқан Ийе олар ушын шек таслады, Өз қолы менен жерди өлшеп берди. Олар сол жерди мәңгиге ийелеп, әўладтан-әўладқа сол жерде жасайды.