Ийшая 33 bob

Жәрдем сорап жалбарыныў (1-9), Жаратқан Ийениң халықларға ескертиўи (10-16), Уллы патшаның ели (17-24).

1 Ҳәй, өзи ўайран етилмеген, Ўайран етиўши, ҳәсирет шегесең! Ҳәй, өзине сатқынлық исленбеген, Сатқынлық етиўши, ҳәсирет шегесең! Ўайран етип болғаныңнан кейин, Өзиң де ўайран етилесең, Сатқынлық етип болғаныңнан кейин, Өзиңе де сатқынлық исленеди.
2 Жаратқан Ийе, бизлерге реҳим ет! Бизлер Саған үмит байладық. Ҳәр таңда бизге күш-қуўат берип, Қыйыншылыққа ушырағанымызда қутқара гөр!
3 Қүдиретли даўысыңнан халықлар қашып кетер, Орныңнан турғаныңда, миллетлер пытырап қашар.
4 Олжаңыз шегирткелер жеп таслағандай жоқ болар, Адамлар үлкен шегирткелер топарының топылғанындай олжаға бас салар.
5 Жоқарыда мәкан қурған Жаратқан Ийе уллы! Толтырар Ол Сионды әдалатлық ҳәм әдилликке.
6 Ол сениң дәўириңниң беккем тийкары болып, Мол етип қутқарылыў, даналық ҳәм билим берер. Жаратқан Ийеден қорқыў – бул ғәзийне.
7 Мине, батырлары көшелерде пәрияд етер, Парахатшылық елшилери зар еңиреп жылар.
8 Үлкен жоллар босап қалар, Жолаўшылар ол жолдан жүрмес. Питимлер бузылып, ишкен антларынан таяр, Адамлар қәдирин жойтар.
9 Жер қурғап, кеўип барар, Лебанон тоғайлары уяттан қуўрап қалар, Шарон тегислиги шөлге уқсап қалып, Башан ҳәм Кармелдеги ағашлар жапырақларын төгер.
10 Жаратқан Ийе былай дейди: «Енди орнымнан тураман, Көтерилип, даңқымды шығараман.
11 Сизлер пишенге ҳәмиледар болып, Сабан туўасыз. Демиңиз өзлериңизди жалмап жутатуғын отқа айланады.
12 Халықлар жанып күл болады, Кесилип, отқа жағылған тикендей болады.
13 Ҳәй узақтағылар, не ислегенимди еситиң! Ҳәй жақындағылар, қүдиретимди билиң!»
14 Сиондағы гүнакарлар қорқыўға түсип, Қудайсызларды титиреў бийлеп алды. Олар былай дейди: «Жалмайтуғын оттың жанында қайсысымыз жасай аламыз? Мәңги жанып турған жалын жанында қайсысымыз орналаса аламыз?»
15 Ҳадал жасап, туўры сөйлеген, Зорлық пенен алынған пайдадан жеркенген, Қолын пара алыўдан тыйған, Қанхорға қулақ түрмеген, Жаманды көрмеў ушын көзлерин жумған,
16 Бундай адам бийикликлерде жасайды. Жартаслардағы қорғанлар оның панасы болар, Оның наны мол болып, ҳеш қашан суўсыз қалмас.
17 Көзиңиз патшаны пүткил гөззаллығы ишинде көрип, Узақларға созылған үлкени шолып өтер.
18 Өткен қорқынышлы күнлер ҳаққында ойлап: «Салық жыйнаған қай жерде? Салықты өлшеп алған қай жерде? Минараларды санаған қай жерде?» – дейсең.
19 Буннан былай, гәпине түсинбейтуғын, Басқа тилде сөйлейтуғын, Сол тәкаббир халықты көрмейсиз.
20 Байрамларымыз белгиленетуғын Сион қаласына қара! Көзлериң тыныш мәканды, Беккем шатыр болған Ерусалимди көреди. Оның қазықлары ҳеш қашан орнынан суўырылмайды, Бирде бир жиби үзилмейди.
21 Кең дәрьялар ҳәм сайлар ағып турған жерде, Қүдиретли Жаратқан Ийе бизлер менен бирге болады. Олардан ескекли кемелер де, Желқомлы кемелер де өте алмайды.
22 Жаратқан Ийе бизиң қазымыз, Ол бизлердиң нызам шығарыўшымыз. Жаратқан Ийе бизиң патшамыз, Ол бизлерди қутқарады.
23 Ҳәзир кемелериңиздеги жиплер жуқарып, Олар өрликти услап тура алмайтуғын, Желқомды да аша алмайтуғын болса да, Ўақты келгенде үлкен олжа бөлинеди, Ҳәтте, ақсақлар да олжасын алады.
24 Сион турғынларының ҳеш бири: «Мен кеселмен» – демейди, Ол жерде жасаған халықтың гүнасы кешириледи.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16