Ийшая 26 bob

Алғыс-мақтаў жыры (1-21).

1 Сол күни Яҳуда жеринде мына жыр айтылады: «Бизде күшли қала бар, Қудайымыздың қутқарыўы, Дийўаллар менен қорғанлар сыяқлы оны қорғайды.
2 Дәрўазаларды ашыңлар! Садықлықты сақлаған әдил миллет ишке кирсин.
3 Саған үмит артқаны ушын, Пикирин Саған бағышлағанды, Толық тынышлықта сақлайсаң.
4 Жаратқан Ийеге мәңгиге үмит байла, Өйткени Ол мәңгилик сүйеўши жартас.
5 Ол тәкаббирлерди жерге урар, Бийик қаланы қулатар, Жер менен жексен қылып, топыраққа айландырар.
6 Ол қала аяқ-асты болып, Жарлылардың аяғы, Кәмбағаллардың табаны менен басқыланар».
7 Әдилдиң жолы тегис, Ҳақ Болған, Сен әдилдиң соқпағын дүзиў қыласаң.
8 Жаратқан Ийе! Ҳүкимлериңе әмел қылып, Сени күтемиз. Атың ҳәм Сени есте сақлаў жүрегимиздиң тилеги.
9 Түнде жаным Сени аңсайды, Ишимдеги руўхым Сени излейди. Жерде ҳүким жүргизгениңде, Дүньяда жасаўшылар әдилликти үйренеди.
10 Залымға реҳим көрсетилсе де, Олар әдилликти үйренбес. Ҳәтте, ҳақыйқатшыллардың жеринде наҳақлық етер. Жаратқан Ийениң уллылығын көрмес.
11 Жаратқан Ийе, қолың көтерилген, Бирақ олар көрмес. Олар Сениң халқыңа деген ықласыңды көрип, уялсын. Душпанларыңа нийетлеген от оларды жалмасын.
12 Жаратқан Ийе! Сен бизлерге тынышлық бересең. Ислеген барлық ислеримизди бизлер ушын жүзеге асырған Сенсең.
13 Қудайымыз Жаратқан Ийе, Сеннен басқа ийелер бизлерге ҳүкимдарлық қылды. Бирақ бизлер тек Сениң атыңды ҳүрмет етемиз.
14 Сол ийелер дүньядан өтти, Өлилердиң руўхлары енди орнынан турмайды. Сен оларды жазалап, жоқ қылдың, Енди оларды ҳеш ким ядқа алмас.
15 Жаратқан Ийе, сен миллетимизди көбейттиң, Миллетимизди көбейтип, даңқ қазандың, Елимиздиң шегарасын кеңейттиң.
16 Жаратқан Ийе, халқымыз қайғы ишинде Сени изледи. Сен оларды жазалағанда, Сыбырлап зорға дуўа етти
17 Жаратқан Ийе, бизлер де Сениң алдыңда, Ҳәмиледар ҳаялдың толғақ азабынан қыйналып, Бақырғаны сыяқлы қыйналдық.
18 Бизлер ҳәмиледар болып, толғаттық, Бирақ самалдан басқа ҳеш нәрсе туўмадық. Жер бетине қутқарылыў алып келмедик, Әўладларды да дүньяға келтирмедик.
19 Бирақ өлилериң жасар, денелер тирилер. Ҳәй, топырақ астында жатырғанлар, Ояның, шадлықтан қосық айтың! Себеби Жаратқан Ийениң шығы таң шығына мегзер, Жер өлилерди жасаў ушын шығарар.
20 Келиң, ҳәй халқым, бөлмелериңизге кирип, Иштен қапыны жаўып алың! Оның ғәзеби өтип кеткенше, аз-маз жасырынып турың.
21 Мине, дүнья турғынларын ислеген айыбына бола жазалаў ушын, Жаратқан Ийе Өз мәканынан шығып киятыр. Жер өзине төгилген қанды әшкара етер, Өлтирилгенлерди артық жасырмас.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16