2 Жылнама 34 bob

Яҳуда патшасы Иошия(1-2). Иошия киргизген жаңалықлар(3-7). Нызам китабының табылыўы(8-33). 

1 Иошия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти.
2 Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи ҳәм оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.
3 Иошия өз патшалығының сегизинши жылында, еле жас болса да, бабасы Даўыттың Қудайын излей баслады. Ал өз патшалығының он екинши жылы Яҳуда менен Ерусалимди сыйыныў орынларынан, кийели ағашлардан, ойма ҳәм қуйма бутлардың мүсинлеринен тазалай баслады.
4 Оның басшылығында Баалларға арналған қурбанлық орынлар бузып тасланды, олардың жанындағы түтетки түтетилетуғын орынлар қыйратылды, кийели ағашлар менен ойма ҳәм қуйма бутлардың мүсинлери майдаланып, усы бутларға қурбанлық бергенлердиң қәбирлери үстине шашылды.
5 Иошия бутқа хызмет ететуғын руўханийлердиң сүйеклерин өзлериниң қурбанлық орынларының үстинде отқа жақты. Усылайынша ол Яҳуда менен Ерусалимди пәкледи.
6 Кейин Иошия Менашше, Эфрайым, Шимон урыўларының қалаларынан Нафталий жерлерине дейин ҳәм олардың қыйрап қалған аймақларындағы
7 қурбанлық орынларды, кийели ағашларды кести ҳәм бутларды майдалап езди. Ол пүткил Израил ели бойлап түтетки түтетилетуғын орынларды қыйратып, соңынан Ерусалимге қайтып келди.
8 Өз патшалығының он сегизинши жылында, елди ҳәм Ибадатхананы пәклегеннен соң, патша Иошия Асалия улы Шафанды, қала ҳәкими Маасеяны ҳәм жылнамашы Еҳоахаз улы Иоахты Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта тиклеў ушын жиберди.
9 Олар бас руўханий Хилкияға барып, Қудайдың Ибадатханасына алып келинген барлық гүмислерди оған берди. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер болған лебийлилер бул гүмислерди Менашше ҳәм Эфрайым халқынан, басқа барлық израиллылардан, барлық Яҳуда ҳәм Бенямин халқынан, және Ерусалим турғынларынан жыйнаған еди.
10 Олар гүмислерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берди. Бақлаўшылар буны Ибадатхананың бузылған жерлерин дүзетип, қайта тиклеп атырған жумысшыларға төледи.
11 Қаржының бир бөлеги усталар менен қурылысшыларға да берилип, олар сол гүмислерге Яҳуда патшалары қараўсыз қалдырған имаратларды оңлаў ушын, жонылған таслар ҳәм бағаналар менен арқалық ағашлар сатып алды.
12 Бул адамлар жумысын ҳадал иследи. Олардың үстинен Мерарий урпағынан лебийли Яхат пенен Обадияны ҳәм Қоҳат урпағынан лебийли Зехария менен Мешулламды бақлаўшы етип қойды. Саз әсбапларын жақсы шертетуғын барлық лебийлилер
13 жүк тасыўшыларды ҳәм ҳәр бир имараттағы ҳәмме жумысшыларды бақлап жүрди. Лебийлилерден айырымлары хаткерлер, қадағалаўшылар ҳәм дәрўаза қараўыллары хызметин атқарды.
14 Жаратқан Ийениң Ибадатханасына әкелинген гүмисти алып шығып баратырып, руўханий Хилкия Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген Нызам китабын таўып алды.
15 Хилкия хаткер Шафанға: «Мен Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Нызам китабын таптым», – деп, китапты Шафанға берди.
16 Шафан китапты патшаға алып келип, оған: «Қулларыңыз өзлерине тапсырылғанның ҳәммесин ислеп атыр.
17 Олар Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы бар гүмислерди алып, бақлаўшылар менен жумысшыларға берди», – деп хабар берди.
18 Соңынан хаткер Шафан: «Руўханий Хилкия маған бир китап берди», – деди ҳәм китапты патшаға даўыслап оқып берди.
19 Патша Нызам китабындағы сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртты.
20 Ол Хилкияға, Шафан улы Ахиқамға, Миха улы Абдонға, хаткер Шафанға ҳәм өз хызметшиси Асаяға былай деп буйырды:
21 «Барып, табылған бул китаптың сөзлери ҳаққында мен ушын да, Израил ҳәм Яҳуда халқының қалғанлары ушын да, Жаратқан Ийениң еркин сораңлар. Жаратқан Ийениң үстимизге жаўдыратуғын ғәзеби уллы, себеби ата-бабаларымыз Жаратқан Ийениң сөзине әмел қылмады. Олар бул китапта жазылғанларға сай ис тутпады».
22 Руўханий Хилкия менен патша жиберген адамлар барып, Хасраның ақлығы Тақҳаттың улы болған мухаддес кийимлерге қараўшы Шаллумның ҳаялы пайғамбар Хулда менен сөйлести. Хулда Ерусалимниң таза бөлиминде жасайтуғын еди.
23 Ҳаял оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: сизлерди маған жиберген адамға былай деп айтыңлар:
24 Жаратқан Ийе былай дейди: „Яҳуда патшасының алдында оқылған китапта жазылған барлық нәлетлерди, яғный апатшылықларды усы жерге ҳәм ондағы халыққа жаўдырмақшыман.
25 Олар мени тәрк етти ҳәм басқа қудайларға түтетки түтетип, пүткил ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан бул жерге ғәзебим төгиледи ҳәм ол тоқтамайды“.
26 Жаратқан Ийениң еркин билиў ушын сизлерди жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сен еситкен сөзлер туўралы былай дейди:
27 „Бул жер ҳәм ондағы халыққа қарсы айтқан сөзлеримди еситкениңде, жүрегиң езилди ҳәм Маған бойсындың. Сен Маған бойсынып, кийимлериңди жыртып, Мениң алдымда жылағанлықтан, Мен де сени еситтим. Бул Жаратқан Ийениң сөзлери.
28 Сонлықтан Мен сени ата-бабаларыңа қосаман, тынышлық пенен қәбирге қойыласаң. Мен бул жерге ҳәм бул жерде жасайтуғынларға жаўдыратуғын ҳеш бир апатшылықты сениң көзиң көрмейди“». Олар бул хабарды патшаға жеткизди.
29 Сонда патша адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын жыйнады.
30 Ол Яҳуда халқын, Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, лебийлилерди ҳәм үлкенинен кишкенесине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды. Кейин патша оларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин даўыслап оқып берди.
31 Патша өзиниң арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын ҳәм қағыйдаларын шын жүректен, жан- тәни менен орынлаўға, усы китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти.
32 Ол Ерусалимде ҳәм Бенямин жеринде жасайтуғын адамларға усы антты тастыйықлаўды буйырды. Ерусалим турғынлары Қудайдың, ата-бабаларының Қудайының келисимине садық қалды.
33 Иошия Израилға қараслы барлық аймақлардағы жеркенишли бутларды алып таслап, Израилда жасайтуғынлардың ҳәммесине өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныўды буйырды. Иошияның көзиниң тирисинде халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң жолынан таймады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16