1 Коринфлилер 7 bob

Неке ҳаққында (1-24), Турмысқа шықпаған қызлар ҳәм жесир ҳаяллар ҳаққында (25-40).

1 Енди сизлер жазған нәрселерге келсек: дурыс, ер адамның ҳаял менен жақынласпағаны жақсы.
2 Бирақ, бузықшылыққа жол қоймаў ушын, ҳәр бир ер адамның өз ҳаялы ҳәм ҳәр бир ҳаялдың өз күйеўи болсын.
3 Ер адам өз ҳаялына деген, ҳаял да өз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын.
4 Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың өзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның өзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди. 5
5 Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек өз ара келискеннен соң, өзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бөлек болыңлар. Өзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин және бирге болыңлар.
6 Буны бир буйрық сыпатында емес, ал рухсат сыпатында айтып атырман.
7 Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қәлеймен. Бирақ, ҳәр бир адамның Қудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды.
8 Үйленбегенлер менен турмысқа шықпағанларға ҳәм жесир ҳаялларға айтатуғыным: мен сыяқлы жалғыз жасаса, өзлери ушын жақсы болады.
9 Бирақ, өзлерин тыя алмайтуғын болса, үйленсин ямаса турмысқа шықсын. Өйткени жынысый қәлеўлер себепли күйип-жанғаннан гөре, үйленгени ямаса турмысқа шыққаны жақсырақ.
10 Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын.
11 Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я өз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын.
12 Ал қалғанларға Ийемиз емес, мен былай деймен: егер бир туўысқанымыздың ҳаялы исениўши болмаса, бирақ оның менен жасаўға ыразы болса, ол ҳаялы менен ажыраспасын.
13 Бир исениўши ҳаялдың да күйеўи исениўши болмаса, бирақ күйеўи оның менен жасаўға ыразы болса, ҳаял күйеўи менен ажыраспасын.
14 Себеби исенбейтуғын күйеў ҳаялы себепли, исенбейтуғын ҳаял да исениўши күйеўи себепли, Қудайдың панасында болады. Олай болмағанда, балаларыңыз қудайсыз болар еди, бирақ енди олар Қудайдың панасында.
15 Бирақ, егер исенбейтуғын адам ажырасқысы келсе, ажырассын. Ер ямаса ҳаял туўысқанымыз бундай жағдайда азат болады. Қудай сизлерди тынышлықта жасаўға шақырды.
16 Ҳәй ҳаял, сен арқалы күйеўиң де қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳәй еркек, сен арқалы ҳаялың да қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо.
17 Ҳәр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Қудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жәмәәтлерге буйыраман.
18 Егер ким де ким сүннетли болып шақырылса, буны жасырмасын. Ким де ким сүннетсиз болып шақырылса, сүннет етилмесин.
19 Сүннетли болыў ямаса болмаў әҳмийетли емес. Ал әҳмийетлиси – Қудайдың буйрықларын орынлаў.
20 Ким қандай жағдайда шақырылған болса, сол жағдайда қалсын.
21 Қул болып шақырылдың ба? Қапа болма. Бирақ, азат болыўға мүмкиншилик туўылса, оннан пайдалан!
22 Ийемиз шақырған ўақытта қул болған адам енди Ийемизге тийисли азат адам болады. Сол сыяқлы, азат болып шақырылған адам да Масихтың қулы болады.
23 Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар.
24 Туўысқанларым, ким қандай жағдайда шақырылған болса, Қудай алдында сол жағдайда қалсын.
25 Енди қызларға келсек, Ийемизден оларға байланыслы буйрық алғаным жоқ. Бирақ, Ийемиздиң мийрим-шәпәәтин алған исенимли адам сыпатында мен өз пикиримди айтаман.
26 Мениң ойым бойынша, ҳәзирги қыйыншылықларға байланыслы, адам сол ҳалында қала бергени жақсы.
27 Бир ҳаялға басың байланған ба? Онда ажырасыўға умтылма. Ҳаялсызсаң ба? Онда өзиңе ҳаял излеме.
28 Деген менен, егер үйленсең де гүна ислемейсең. Егер қыз да турмысқа шықса, гүна ислеген болмайды. Бирақ, турмыс қурғанлар өмирде қыйыншылық көреди. Мен сизлерди усы қыйыншылықлардан сақлаўды қәлеймен.
29 Туўысқанларым, сизлерге мынаны айтыўды қәлеймен: ўақыт қысқа. Буннан былай, ҳаялы болғанлар ҳаялы жоқтай болсын.
30 Жылап атырғанлар жыламайтуғындай, қуўанып атырғанлар қуўанбайтуғындай, сатып алып атырғанлар ийелик етпейтуғындай,
31 дүньядағы затларды пайдаланып атырғанлар пайдаланбайтуғындай болсын. Өйткени бул дүнья өткинши.
32 Мен сизлердиң ғам-тәшиўишсиз болғаныңызды қәлеймен. Үйленбеген еркек Ийемизге қалай жағынсам екен деп, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды.
33 Бирақ, үйленген еркек ҳаялыма қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды.
34 Сол себептен ол алағада болып жүреди. Күйеўсиз ҳаял ямаса турмысқа шықпаған қыз денеси менен ҳәм руўхый жақтан мухаддес болыў ушын, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, турмысқа шыққан ҳаял күйеўиме қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды.
35 Мен буны мойныңызға буғаў салыў ушын емес, ал сизлердиң пайдаңыз ушын айтып атырман. Сизлердиң ҳеш нәрсеге алаң болмай, Ийемизге өзлериңизди толық бағышлаўыңызды ҳәм ылайықлы түрде жасаўыңызды қәлеймен.
36 Егер ким де ким өз қызының турмысқа шықпағанын уят деп санаса, қызының жасы да өтип, турмысқа шығатуғын ўақты келген болса, ол адам қәлегенин ислесин. Қызын күйеўге берсе де, гүна ислеген болмайды.
37 Бирақ сол адам қызын күйеўге бермеўге қарар етсе ҳәм усы нийетинде беккем турып, буны мәжбүрий түрде емес, ал өз ерки бойынша ислесе, жақсы қылған болады.
38 Солай етип, қызын күйеўге берген адам жақсы қылған болады, ал күйеўге бермеген адам оннан да жақсырақ қылған болады.
39 Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи өлсе, ҳаял қәлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын.
40 Бирақ, ҳаял жесир болып қала берсе бахытлырақ болады. Бул мениң пикирим ҳәм менде де Қудайдың Руўхы бар деп ойлайман.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16