Еремия 17 bob

Яҳуданың гүнасы (1-11), Еремияның дуўасы (12-18), Шаббат күниниң мухаддеслиги (19-27).

1 – Яҳуданың гүнасы темир қәлем менен жазылды. Бул олардың жүреклериниң тахтасына, Қурбанлық орынның шақларына, Шақмақ тас пенен ойып жазылды.
2 Ҳәр бир бийик төбешиктеги, Қойыў жапырақлы теректиң астындағы, Қурбанлық орынлар менен кийели ағашларға, Олардың балалары да табыныўын даўам етпекте.
3 Жеримдеги таўым үстинде, Пүткил аймағыңызда қылған гүналарыңыз ушын, Мен сениң байлығыңды, Барлық ғәзийнелериңди, Сыйыныў орынларың менен бирге, Душпанға олжа қылып беремен.
4 Өз айыбың себепли, Өзиңе берген үлесимнен жуда боласаң. Мен сени өзиң билмейтуғын жердеги, Душпанларыңа қул қыламан. Сизлер Мениң ғәзебимди тутандырдыңыз, Ол мәңгиге жанады.
5 Жаратқан Ийе былай дейди: – Инсанға исенген, Инсанның күшине сүйенген, Жүреги Жаратқан Ийеден алыслаған, Адамға нәлет жаўсын!
6 Ол шөлдеги путаға мегзейди, Жақсылық келгенде, оны көрмейди. Ол күйдиретуғын шөлде, Адамсыз дузлы жерде жасайды.
7 Жаратқан Ийеге үмит байлаған, Оған сүйенген адам қандай бахытлы!
8 Ол суў жағасына отырғызылған терекке мегзейди, Тамырын өзекке қарай жаяды. Ыссыдан қорқпайды, Жапырағы бәрқулла жасыл болады. Жыл қурғақ келсе де, қайғыға батпайды, Мийўе бериўин тоқтатпайды.
9 Адам жүреги ҳәмме нәрседен де ҳийлекер, Ҳасла дүзелмейди, Оған ким түсине алады?
10 Мен – Жаратқан Ийе ҳәр бир адамның тутқан жолына, Ислеген ислерине қарай қайтарыў ушын, Адамның жүрегине қарайман, Қәлбин сынайман.
11 Ҳарам байлық жыйнаған адам, Өзи туўмаған мәйекке қурық басқан кекликке уқсайды. Өмириниң ортасында байлығы қолдан кетип, Ақырында ол ақмақ болып шығады.
12 – Мухаддес Ибадатханамыз – әзелден көтерилген, Жаратқан Ийениң салтанатлы тахты!
13 Жаратқан Ийе, Израилдың Үмити! Сени тәрк еткенлердиң ҳәммеси уятқа қалады. Сеннен жүз бурғанлардың атлары, Қумға жазылғандай жоқ болады. Себеби олар тири суў булағын, Жаратқан Ийени тәрк етти.
14 Шыпа бер маған, Жаратқан Ийе, саўалайын, Мени қутқар, қутқарылайын. Себеби тек Өзиңе алғыс айтаман.
15 Олар маған: «Жаратқан Ийениң сөзи қай жерде? Ол әмелге ассын», – дей береди.
16 Мен хызметиңде шопан болыўдан қашпадым. Апатшылық күниниң келиўин де тилемедим. Аўзымнан шыққан ҳәр бир сөзди Өзиң билесең. Ол сөзлер Сениң алдыңда айтылған.
17 Мениң ҳүрейимди ушырма, Апатшылық күни панам Өзиңсең.
18 Мени қуўғын қылғанлар уятқа қалсын, Бирақ мени уятқа қалыўдан сақлай гөр. Оларды қорқыўға сал, Бирақ мени қорқыўдан сақлай гөр. Оларға апатшылық күнин жаўдырып, Еки есе аўыр соққы берип, жоқ қыл.
19 Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда патшалары кирип-шығатуғын Халық дәрўазасына барып, сол жерде тур. Соңынан Ерусалимниң басқа дәрўазаларына да барып тур.
20 Халыққа былай деп айт: «Мына дәрўазалардан өтетуғын Яҳуда патшалары, пүткил Яҳуда халқы ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
21 Жаратқан Ийе былай дейди: Егер өмириңизди сақлап қалмақшы болсаңыз, онда Шаббат күни жүк тасымаң, оны Ерусалим дәрўазалары арқалы алып өтпең.
22 Сол күни үйиңизден жүк шығармаң, ҳеш қандай жумыс ислемең. Мениң ата-бабаларыңызға буйырғанымдай, Шаббат күнин мухаддес сақлаң.
23 Деген менен, ата-бабаларыңыз Мени тыңламады, қулақ та салмады. Қайсарлық етип, Мени тыңламады, тәрбиямды алмады.
24 Бирақ егер сизлер Маған қулақ салып, – дейди Жаратқан Ийе, – Шаббат күни бул қаланың дәрўазаларынан жүк алып өтпесеңиз, ҳеш қандай жумыс ислемей, Шаббат күнин мухаддес сақласаңыз,
25 онда Даўыттың тахтында отыратуғын патшалар өз ҳәмелдарлары менен арбаларға ҳәм атларға минип, Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынларын ертип, бул қаланың дәрўазаларынан киреди. Бул қалада мәңгиге адамлар жасайды.
26 Яҳуда қалаларынан, Ерусалимниң әтирапларынан, Бенямин жеринен, батыстағы таў етеклеринен, таўлы үлкеден, Негебтен адамлар келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жандырылатуғын қурбанлықлары менен басқа қурбанлықларын, ғәлле садақаларын, хош ийисли түтетки менен миннетдаршылық қурбанлықларын алып келеди.
27 Егер де Мени тыңламасаңыз, Шаббат күни Ерусалим дәрўазаларынан жүк пенен кирип, мухаддес Шаббат күнин мухаддес сақламасаңыз, онда қала дәрўазаларына от беремен. От Ерусалим сарайларын жандырып жоқ қылады, ол ҳеш қашан сөнбейди».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16