4 Патшалар 24 bob
1 Яҳуда патшасы Еҳоякимниң патшалығы дәўиринде Бабилон патшасы Набуходоносор Яҳудаға ҳүжим жасады. Еҳояким үш жыл оған бағынышлы болып, соңынан оған қарсы бас көтерди.
2 Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яҳуданы жоқ етиў ушын Бабилония, Арам, Моаб ҳәм Аммон еллериниң басқыншы топарларын Яҳудаға жиберди.
3 Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳуданың басына түсти. Менашше ислеген барлық гүналар себепли, Жаратқан Ийе оны Өз дәргайынан қуўып шығармақшы болды.
4 Себеби Жаратқан Ийе Менашшениң айыпсыз қан төгип, Ерусалимди айыпсызлардың қанына толтырғанын кешириўди қәлемеди.
5 Еҳоякимниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
6 Еҳояким өлип, ата- бабаларына қосылды, орнына улы Еҳоякин патша болды.
7 Мысыр патшасы енди өз жеринен сыртқа шықпады. Себеби Бабилон патшасы Мысыр шегарасындағы сайдан Евфрат дәрьясына шекемги Мысыр патшасына тийисли барлық жерлерди басып алған еди.
8 Еҳоякин он сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасы ерусалимли Элнатанның қызы Нехушта еди.
9 Еҳоякин де әкеси сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
10 Сол ўақытлары Бабилон патшасы Набуходоносордың әскерлери Ерусалимге қарсы жүрис қылып, қаланы қамал қылды.
11 Әскерлери қаланы қамал қылғанда, Бабилон патшасы Набуходоносордың өзи де қалаға келди.
12 Сонда Яҳуда патшасы Еҳоякин анасы, ўәзирлери, басшылары ҳәм сарай хызметшилери менен бирге Бабилон патшасына тәслим болды. Бабилон патшасы өз патшалығының сегизинши жылында, Еҳоякинди тутқынға алды.
13 Жаратқан Ийениң алдын ала айтқан сөзи бойынша, Набуходоносор Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди алып кетти. Израил патшасы Сулайманның Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеткен алтын буйымларының ҳәммесин сындырды.
14 Ол және пүткил Ерусалим турғынларын: басшылардың, мәрт жаўынгерлердиң, усталардың ҳәм темиршилердиң барлығын, улыўма он мың адамды сүргин етип алып кетти. Үлкеде жарлы халықтан басқа ҳеш ким қалмады.
15 Бабилон патшасы Набуходоносор Еҳоякинди Бабилонға сүргин етти. Оның анасын, ҳаялларын, сарай хызметшилерин ҳәм үлкениң елбасшыларын да Ерусалимнен Бабилонға сүргин етти.
16 Буннан тысқары Бабилон патшасы жети мың сайланды әскерди, мың уста ҳәм темиршини Бабилонға сүргин етти. Олардың ҳәммеси урысқа жарамлы ҳәм мәрт жаўынгерлер еди.
17 Бабилон патшасы Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Маттанияны патша етип қойды ҳәм атын Седекия деп өзгертти.
18 Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди.
19 Еҳоякимге уқсап, Седекия да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
20 Жаратқан Ийениң Ерусалим менен Яҳудаға ғәзеби келгени соншелли, оларды Ол Өз дәргайынан шығарып таслады. Седекия Бабилон патшасына қарсы бас көтерди.