4 Патшалар 9 bob

Еҳудың Израилға патша болыўы (1-13) . Еҳудың Иорамды өлтириўи (14-26). Яҳуда патшасы Ахазияның өлтирилиўи (27-29). Изабелдиң өлтирилиўи (30-37).

1 Сол күнлери пайғамбар Элиша пайғамбарлар топарындағылардан бирин шақырып, оған былай деди: «Белиңди буўып, мына зәйтүн майы қуйылған ыдысты ал да, Гиладтағы Рамотқа бар.
2 Сол жерге барыўдан Нимшийдиң ақлығы Еҳошафаттың улы Еҳуды тап. Оны жолдасларының арасынан шақырып алып, ишки бөлмеге алып бар.
3 Кейин зәйтүн майы қуйылған ыдысты алып, майды оның басына қуй ҳәм оған былай деп айт: Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, Израил үстинен патша етип қойдым“. Соңынан иркилмей, қапыны аш та қаш».
4 Солай етип, пайғамбардың хызметши жигити Гиладтағы Рамотқа кетти.
5 Жигит сол жерге жетип барғанда, әскербасылардың бир жерге жыйналып отырғанын көрди. Ол: – Ҳәй әскербасы, сизге айтар гәпим бар, – деди. Еҳу оннан: – Қайсы биримизге? – деп сорады. Жигит оған: – Сизге, әскербасы, – деди.
6 Еҳу орнынан турып, үйге кирди. Жигит зәйтүн майын Еҳудың басына қуйды да былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, халқым Израил үстинен патша етип қойдым.
7 Сен мырзаң Ахабтың урпағын қырып таслайсаң. Мениң қулларым болған пайғамбарларымның ҳәм барлық қулларымның төгилген қаны ушын Мен Изабелден өш аламан.
8 Ахабтың пүткил урпағы жоқ болады. Израилда Ахабтың урпағынан болған ҳәр бир еркек затын, азат болсын, қул болсын ҳәммесин жоқ қыламан.
9 Набат улы Яробам менен Ахия улы Баашаның урпағына не қылған болсам, Ахабтың урпағына да соны ислеймен.
10 Изабелдиң денесин Изреел жеринде ийтлерге жем қыламан ҳәм оның денеси көмиўсиз қалады“». Жигит усыларды айтып бола сала, қапыны ашып, қашып кетти.
11 Еҳу шығып, патшаның әскербасыларының жанына келгенде, олардан бири Еҳудан: – Тынышлық па? Ана телбе саған неге келипти? – деп сорады. Еҳу оған: – Сизлер оның ким екенин де, не айтатуғынын да билесиз-ғо, – деп жуўап берди.
12 Олар: – Сен алдап турсаң, бизлерге де айтшы, – деди. Еҳу оларға былай деди: – Ол маған мына нәрселерди айтты: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, Израил үстинен патша етип қойдым“».
13 Сонда олар асығыс түрде шапанларын шешип, оларды Еҳу турған текшеге төседи ҳәм кәрнай шалып: «Еҳу патша болды!» – деп жар сала баслады.
14 Солай етип, Нимшийдиң ақлығы Еҳошафат улы Еҳу Иорамға қарсы тил бириктирди. Сол ўақытлары Иорам Израил халқы менен бирге Гиладтағы Рамотты Арам патшасы Хазаелден қорғап турған еди.
15 Бирақ патша Иорам Арам патшасы Хазаел менен болған урыста жарақатланып, емлениў ушын Изреелге қайтқан еди. Еҳу қасындағыларға былай деди: «Егер сизлер мен тәрепте болсаңыз, онда ҳеш бир адамның бул қаладан шығып кетип, Изреелге хабар жеткериўине жол қоймаңлар».
16 Соңынан Еҳу саўаш арбасына минип, Иорам жатырған жерге, Изреелге келди. Яҳуда патшасы Ахазия да Иорамды көриў ушын сол жерге келген еди.
17 Изреелдеги минара үстинде турған гүзетши Еҳудың әскерлери менен жақынласып киятырғанын көрип: «Әскерлер топарын көрип турман», – деп бақырды. Иорам: «Оларды қарсы алып, не ушын киятырғанын билип келиў ушын бир атлыны жибер», – деди.
18 Атлы Еҳуды қарсы алыў ушын кетти ҳәм оған: – Патшамыз: «Тынышлық па?» – деп сорап атыр, – деди. Еҳу оған: – Тынышлық па, жоқ па, саған не? Оннанша мениң изиме ер, – деди. Гүзетши: «Атлы олардың жанына жетип барды, бирақ изине қайтпады», – деп хабарлады.
19 Сонда екинши бир атлы жиберилди. Атлы оларға барып: – Патшамыз: «Тынышлық па?» – деп сорап атыр, – деди. Еҳу оған: – Тынышлық па, жоқ па, саған не? Оннанша мениң изиме ер, – деди.
20 Гүзетши: «Атлы олардың жанына жетип барды, бирақ изине қайтпады. Киятырған адамның арбасының жүриси Нимший улы Еҳудикине уқсайды. Себеби ол қутырып шаўып киятыр», – деп хабарлады.
21 Сонда Иорам: «Арбаны жегиңлер!» – деп буйырды. Оның арбасын жекти. Израил патшасы Иорам ҳәм Яҳуда патшасы Ахазия ҳәр бири өз арбасына минип, Еҳуды қарсы алыўға шықты ҳәм олар изреелли Наботтың атызында ушырасты.
22 Иорам Еҳуды көргенде, оннан: – Еҳу, тынышлық па? – деп сорады. Еҳу оған: – Анаң Изабел баслаған бутпаразлық ҳәм сыйқыршылықлар даўам етер екен, қалай тынышлық болсын? – деп жуўап берди.
23 Сонда Иорам Ахазияға: «Сатқынлық бул, Ахазия, сатқынлық!» – деп бақырыўы менен арбасының дизгинин бурып, қаша жөнелди.
24 Ал Еҳу оқ жайын бар күши менен керип, Иорамның жаўырынына атты ҳәм оқ оның жүрегин тесип өтти. Иорам арбасының ишине қулады.
25 Сонда Еҳу әскербасы Бидқарға: «Оны алып, изреелли Наботтың атызына ылақтырып жибер. Себеби ядыңа түсир, бизлер екеўимиз бирге Иорамның әкеси Ахабтың изинен барғанымызда, Жаратқан Ийе Ахабқа қарсы мына сөзлерди айтқан еди:
26 „Кеше Наботтың ҳәм оның улларының қанын көрдим. Сеннен усы атызда өш аламан“. Енди Жаратқан Ийениң сөзи бойынша оның денесин алып, атызға ылақтыр», – деди.
27 Яҳуда патшасы Ахазия буны көргенде, Бейт-Ҳагганға қарай қашты. Еҳу оны қуўып баратырып: «Оны да өлтириң», – деп бақырды. Ахазияны Иблеам жанындағы Гур жолында, арбасында турған жеринде оқ жай менен атты. Ол Мегиддоға қашып барып, сол жерде жан тапсырды.
28 Адамлары оның денесин арба менен Ерусалимге алып келди ҳәм Даўыттың қаласындағы ата-бабаларының қасына, өз қәбирине қойды.
29 Ахазия Ахаб улы Иорамның патшалығының он биринши жылында Яҳудаға патша болған еди.
30 Кейин Еҳу Изреелге келди. Изабел болған ўақыяларды еситип, көзлерине сүрме жағып, шашларын сулыўлап, терезеден қарап турған еди.
31 Еҳу дәрўазадан киргенде, Изабел оған: «Ҳәй, өз ҳүкимдарын өлтирген Зимрий, тынышлық па?» – деди.
32 Еҳу терезеге қарап: «Ким мен тәрепте, ким?» – деди. Сонда еки-үш сарай хызметшиси Еҳуға бой көрсетти.
33 Еҳу оларға: «Оны төменге ылақтырыңлар!» – деди. Хызметшилер Изабелди жерге ылақтырды. Оның қаны дийўалға ҳәм атларға шашырап, атлар оның денесин басқылап таслады.
34 Еҳу ишке кирип ишип-жеди ҳәм соңынан: «Бул ғарғыс урған ҳаялды таўып, жерлеңлер. Өйткени ол патша туқымынан ғой», – деди.
35 Бирақ Изабелди жерлеў ушын кеткенлер оның бас сүйеги ҳәм аяқ-қолларынан басқа ҳеш нәрсесин таппады.
36 Олар қайтып келип, буны Еҳуға хабарлады. Сонда Еҳу былай деди: «Жаратқан Ийениң қулы тишбели Илияс арқалы айтқан сөзи орынланды. Жаратқан Ийе: „Изабелдиң денеси Изреел атызларында ийтлерге жем болады.
37 Аўа, Изабелдиң денеси Изреел атызларына төгилген төгинге уқсап қалады ҳәм ҳеш ким оны бул Изабел-ғо деп айтпайды“, – деген еди».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.