4 Патшалар 4 bob

Элишаның кәмбағал жесир ҳаялға жәрдем бериўи(1-7). Элиша ҳәм шунемли ҳаял(8-37). Және еки кәрамат(38-44). 

1 Бир күни пайғамбарлар топарынан бириниң ҳаялы дад салып келип, Элишаға: – Қулыңыз болған күйеўим өлди. Сиз оның Жаратқан Ийеден қорқып жасағанын билесиз. Енди болса, бизге қарыз берген адам еки улымды қул қылып алып кетиўге келип тур, – деди.
2 Элиша оған: – Саған қандай жәрдем берсем екен? Айтшы, үйиңде не бар? – деди. Ҳаял: – Шорыңыздың үйинде кишкене бир гүзе зәйтүн майынан басқа ҳеш нәрсе жоқ, – деди.
3 Элиша ҳаялға былай деди: – Барып, ҳәмме қоңсыларыңнан бос ыдысларын сорап ал. Илажы болғанша көп ыдыс жыйна.
4 Кейин улларың менен үйге кир де, қапыны илдирип алып, ыдыслардың ҳәммесине зәйтүн майын қуй. Толған ыдысларды шетке алып қоя бер.
5 Ҳаял Элишаның жанынан кетти. Соңынан ол уллары менен бирге үйге кирип, есикти илдирди. Уллары ыдысларды алып берип турды, ал ҳаял майды қуйып турды.
6 Ҳәмме ыдыслар толғанда, ол улларының бирине: – Және бир ыдыс алып бер, – деди. Улы оған: – Басқа ыдыс қалмады, – деп жуўап берди. Сонда майдың ағыўы да тоқтады.
7 Ҳаял келип, Қудайдың адамына болған ўақыяны айтып берди. Ол ҳаялға: «Барып, майды сат та, қарызыңды төле. Қалғанын улларың менен бирге күн көрисиң ушын пайдалан», – деди.
8 Бир күни Элиша Шунемге келди. Ол жерде жасайтуғын бир абырайлы ҳаял Элишаны үйине мирәт етип, аўқатланыўға көндирди. Соңын ала Элиша Шунемнен ҳәр өткенде, аўқатланыў ушын сол үйге баратуғын болды.
9 Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин ҳаял күйеўине: «Бул жерден тез-тез өтип туратуғын сол адамның Қудайдың мухаддес адамы екенин билдим.
10 Кел, үйимиздиң үстине кишкене бир бөлме салып, ишине көрпе-төсек, стол, отырғыш ҳәм шыра қояйық. Ол бизлерге келгенде, сол жерде болады», – деди.
11 Бир күни Элиша келип, жоқарғы бөлмеге шығып жатты.
12 Ол хызметшиси Гехазийге: «Шунемли ҳаялды шақыр», – деди. Ол ҳаялды шақырды, ҳаял Элишаның алдына келгенде,
13 Элиша Гехазийге былай деди: «Ҳаялға былай деп айт: „Бизлерге көрсетип атырған ғамхорлығыңды саған не менен қайтарайық? Сен ҳаққында патша менен ямаса сәркәрда менен сөйлесейин бе?“» Ҳаял оған: «Яқ, рахмет. Мен өз халқымның арасында кемшиликсиз жасап атырман, ҳәмме нәрсем бар», – деди.
14 Соңынан Элиша Гехазийге: – Онда, бул ҳаял ушын не ислесем екен? – деди. Гехазий: – Оның улы жоқ екен, күйеўи де қартайып қалыпты, – деди.
15 Элиша: – Ҳаялды шақыр, – деди. Гехазий ҳаялды шақырды. Ол келип, қапының аўзында турды.
16 Элиша ҳаялға: – Келеси жылы усы ўақытта баўырыңда бир улың болады, – деди. Ҳаял оған: – Яқ мырзам, Қудайдың адамы, шорыңызды алдамаң, – деди
17 Бирақ Элишаның айтқанындай, ҳаял ҳәмиледар болып, келеси жылы сондай ўақытта бир ул туўды.
18 Бала өсти. Ол бир күни орақшылардың басында болып атырған әкесиниң жанына барды.
19 Сол жерде бала бирден әкесине: «Ўай, басым аўырып тур, ўай басым!» – деп бақыра баслады. Әкеси хызметшисине: «Баланы анасына алып бар», – деди.
20 Хызметши баланы көтерип, анасына алып келди. Бала түске дейин анасының дизесинде отырып, кейин қайтыс болды.
21 Ҳаял жоқарғы бөлмеге шығып, баланы Қудайдың адамының төсегине жатқызды да, есикти жаўып, сыртқа шықты.
22 Ол күйеўин шақырып: – Илтимас, маған бир хызметши менен бир ешек жиберсең. Мен тез Қудайдың адамына барып келемен, – деди.
23 Күйеўи оған: – Не ушын оған бүгин барғың келип қалды? Бүгин Жаңа ай байрамы да, Шаббат күни де емес ғой, – деди. Бирақ ҳаял: – Зыяны жоқ, – деди.
24 Ҳаял ешекти ертлеп, хызметшисине: «Ешекти айда, мен айтпағанымша жүристи пәсейтпе», – деди.
25 Ҳаял кетип, Кармел таўына, Қудайдың адамының жанына жақынлады. Қудайдың адамы ҳаялды узақтан көргенде, хызметшиси Гехазийге: «Қара, шунемли ҳаял киятыр!
26 Тез алдынан шығып оннан: „Қалайсаң, күйеўиң ҳәм балаң қалай?“ – деп сора», – деди. Ҳаял Гехазийге: «Ҳәммеси жақсы», – деп жуўап берди.
27 Ҳаял таўға шығып, Қудайдың адамының жанына келди де, оның аяқларына жабысты. Гехазий ҳаялды шетке шығармақшы болғанда, Қудайдың адамы оған: «Оған тийме, оның кеўли қабарған, ал Жаратқан Ийе буны меннен жасырып, айтпады», – деди.
28 Ҳаял оған: «Мырзам, мен сизден ул сорап па едим? „Мени алдамаңыз“, – деген жоқ па едим?» – деди.
29 Сонда Элиша Гехазийге: «Белиңди буўып, мениң таяғымды қолыңа ал да, жолға шық. Егер биреўди ушыратсаң, сәлем берме, егер биреў саған сәлем берсе, сәлемин алма. Барып, таяғымды баланың бетине қой», – деди.
30 Баланың анасы Элишаға: «Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизсиз ҳеш жаққа кетпеймен», – деди. Сонлықтан Элиша да ҳаялға ерип жолға шықты.
31 Гехазий олардан алдынырақ барып, таяқты баланың бетине қойды. Бирақ сес те, тирилик белгиси де болмағаннан соң, Гехазий олардың алдынан шығып: «Бала тирилмеди», – деп хабарлады.
32 Үйге киргенде, Элиша өзиниң төсегинде өлген баланың жатырғанын көрди.
33 Ол бөлмеге кирип, есикти жаўды ҳәм Жаратқан Ийеге дуўа етти.
34 Кейин ол төсекке шығып, баланың үстине жатты. Аўзын баланың аўзына, көзлерин көзлерине, алақанларын алақанларына қойып, баланың үстине созылып жатқанда, баланың денеси ысый баслады.
35 Ол турып, бөлмениң ишинде ояқтан-буяққа жүрди, соңынан және барып, баланың үстине созылып жатты. Бала жети рет түшкирди де, көзлерин ашты.
36 Элиша Гехазийди шақырып оған: «Шунемли ҳаялды шақыр», – деди. Ол ҳаялды шақырды. Ҳаял келгенде, Элиша оған: «Улыңды ал», – деди.
37 Ҳаял Элишаның аяқларына жығылып, басы жерге тийгенше ийилип тәжим етти. Соңынан улын алып, шығып кетти.
38 Элиша Гилгалға қайтып келди. Ол жерди ашлық жайлаған болып, пайғамбарлар топарындағылар оның алдында отырған еди. Ол хызметшисине: «Үлкен қазанды отқа қойып, пайғамбарлар топарындағыларға сорпа писирип бер», – деди.
39 Сонда олардың бири көк шөп терип келиў ушын атызға кетти ҳәм ийт түйнекти таўып, оның жемисине етегин толтырып келди. Аўқат писирип атырғанлар оның не екенин билмей, майдалап туўрап қазанға салып жиберди.
40 Аўқат ҳәммеге қуйып берилди. Бирақ адамлар аўқатты татып көриўден: «Ҳәй, Қудайдың адамы! Мына аўқат зәҳәр-ғо», – деп бақырыса баслады. Ҳеш ким оны ише алмады.
41 Сонда Элиша: «Ун алып келиңлер», – деди. Ол унды қазанға салды да: «Енди адамларға қуйып бериңлер, ишсин», – деди. Қазанда зыянлы ҳеш нәрсе қалмады.
42 Бир күни Баал-Шалишадан бир адам Қудайдың адамына өзиниң арпасының биринши зүрәәтинен жабылған жигирма нан ҳәм таза жыйналған бийдайдың масақларынан дорбасына салып алып келди. Элиша хызметшисине: – Адамларға үлестирип бер, жесин, – деди.
43 Хызметшиси оған: – Бул жүз адамға не болады? – деди. Элиша оған: – Адамларға үлестирип бер, жесин. Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: „Жеп тояды, аўысып та қалады“, – деди.
44 Сонда хызметши оларды адамлардың алдына қойды. Жаратқан Ийениң айтқанындай, олар жеп тойды ҳәм аўысып та қалды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.