4 Патшалар 1 bob

Жаратқан Ийениң патша Ахазияны жазалаўы(1-18).

1 Израил патшасы Ахабтың өлиминен соң, моаблылар Израилға қарсы бас көтерди.
2 Израил патшасы Ахазия Самариядағы сарайының жоқарғы бөлмесиниң балконынан жығылып, жарақатланды. Сонда ол адамларын жиберип, оларға: «Филистлердиң Экрон қаласындағы қудайы Баал-Зебубқа барып, оннан мениң тәўир болатуғын яки болмайтуғынымды сорап билиңлер», – деди.
3 Бирақ Жаратқан Ийениң периштеси тишбели Илиясқа былай деди: «Барып, Самария патшасы жиберген адамлардың алдынан шығып, оларға былай деп айт: „Экрон қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын баратуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди?
4 Сонлықтан Жаратқан Ийе патшаңызға былай дейди: Жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“». Солай етип, Илияс тапсырманы орынлаў ушын кетти.
5 Адамлар патшаның жанына қайтып келди. Патша олардан: – Неге бунша тез қайтып келдиңлер? – деп сорады.
6 Олар патшаға былай деп жуўап берди: – Бир адам алдымыздан шығып, бизлерге былай деди: «Өзлериңизди жиберген патшаға қайтып барып, оған былай деп айтыңлар: Жаратқан Ийе былай дейди: „Экрон қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усы исиң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».
7 Патша өзи жиберген адамлардан: – Сизлерди қарсы алып, усы сөзлерди айтқан адамның түр-түси қандай еди? – деп сорады.
8 Олар патшаға: – Ол жүннен тоқылған шапан кийип, белине тери қайыс байлаған еди, – деп жуўап берди. Патша: – Бул тишбели Илияс, – деди.
9 Патша бир елиўбасыны елиў әскери менен бирге Илиясты алып келиўге жиберди. Елиўбасы бир төбешиктиң басында отырған Илиястың жанына барып, оған: – Ҳәй, Қудайдың адамы, патша сени төменге түссин, – деп атыр, – деди.
10 Бирақ Илияс елиўбасыға: – Егер мен Қудайдың адамы болсам, онда аспаннан от түсип, сени ҳәм елиў адамыңды жалмап кетсин, – деп жуўап берди. Сонда аспаннан от түсип, елиўбасыны ҳәм оның елиў адамын жалмап кетти.
11 Кейин патша басқа бир елиўбасыны елиў әскери менен Илиясқа жиберди. Елиўбасы Илиясқа: – Ҳәй, Қудайдың адамы, патша саған: «Тез төменге түс», – деп атыр, – деди.
12 Илияс оған: – Егер мен Қудайдың адамы болсам, онда аспаннан от түсип, сени ҳәм елиў адамыңды жалмап кетсин, – деп жуўап берди. Сонда аспаннан Қудайдың оты түсип, елиўбасыны ҳәм оның елиў адамын жалмап кетти.
13 Патша үшинши рет бир елиўбасыны елиў адамы менен Илиясқа жиберди. Бул елиўбасы төбеге шығып, Илиястың алдында диз шөкти ҳәм жалбарынып былай деди: «Қудайдың адамы, мениң ҳәм мына елиў қулыңның жанына реҳимиңиз келсин.
14 Аспаннан от түсип, меннен алдын келген еки елиўбасыны ҳәм олардың ҳәр бириниң елиў адамын жалмап кеткен еди. Енди мениң жаныма реҳимиңиз келсин».
15 Сонда ЖаратқанИлияс патшаға былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Экронның қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усылай ислегениң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».Ийениң периштеси Илиясқа: «Оның менен бирге төменге түс, оннан қорқпа», – деди. Илияс орнынан турып, елиўбасы менен бирге патшаға кетти.
16 Илияс патшаға былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Экронның қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усылай ислегениң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».
17 Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзи бойынша, Ахазия өлди. Ахазияның улы болмағанлықтан, оның орнына иниси Иорам патша болды. Бул ўақыя Яҳуда патшасы Еҳошафат улы Иорамның патшалығының екинши жылында болды.
18 Ахазия ислеген басқа ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16