Еврейлер 2 bob

Дыққат-итибарлы болайық! (1-4), Қутқарылыўға жетелеўши Ийса (5-18).

1 Сонлықтан еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де көбирек дыққат аўдарыўымыз керек.
2 Себеби периштелер арқалы айтылған сөз күшке ийе болып, ҳәр қандай жынаят ҳәм бойсынбаўшылық ушын әдил жаза берилетуғын еди.
3 Солай екен, дәслеп Ийемиз Ийса тәрепинен айтылған, соңынан Оннан еситкенлер тәрепинен тастыйықланған уллы қутқарылыўға итибарсыз қарасақ, бизлер бул жазадан қалай қашып қутыла аламыз?
4 Қудай да бул ҳаққында кәраматлы белгилер, таң қаларлық нәрселер ҳәм ҳәр түрли кәраматлы ислер арқалы, және де, Өз қәлеўи бойынша Мухаддес Руўхтың сыйларын үлестириўи арқалы гүўалық берди.
5 Қудай бизлер сөз етип атырған келешек заманды периштелерге бағынышлы қылған жоқ.
6 Керисинше, Мухаддес Жазыўдың бир жеринде биреў былай деп гүўалық берген еди: «О Ийем, Сен еске алғандай адам ким өзи? Сен оған ғамхорлық көрсететуғындай, адам улы ким болыпты?
7 Оны периштелерден аз ўақытқа төменирек қойдың, Даңқ-ҳүрмет тажын оған кийдирип,
8 Ҳәмме нәрсени оның аяқларына бас урғыздың» . Қудай ҳәмме нәрсени адамға бағынышлы қылып, оған бағынышлы болмаған ҳеш бир нәрсе қалдырмады. Деген менен, ҳәмме нәрсениң адамға бағынышлы екенин бизлер елеге дейин көрмей атырмыз.
9 Бирақ бизлер периштелерден аз ўақытқа төменирек қойылған Ийсаның өлим азабын шеккени ушын, даңқ-ҳүрмет тажын кийгенин көрип турмыз. Аўа, Ол Қудайдың мийрими менен ҳәмме адамлар ушын өлимди басынан кеширген еди.
10 Ҳәмме нәрсе Қудай ушын ҳәм Қудай арқалы бар болған. Усы Қудай көп перзентлерин уллылыққа еристириў ушын, оларды қутқарылыўға жетелеўши Ийсаны азап-ақыретлер арқалы минсизликке жеткизиўди мақул көрди.
11 Өйткени мухаддес қылыўшы Ийса ҳәм Ол мухаддес қылған исениўшилердиң ҳәммеси бир Әкеден. Сонлықтан Ийса оларды «туўысқанларым» деп атаўға уялмайды.
12 Ийса былай дейди: «Қудай, Сениң атыңды туўысқанларыма жәрия етемен, Олардың жыйынында Сени алғыслайман» .
13 Және басқа жерде былай делинген: «Мен Қудайға сүйенемен» тағы да: «Минекей, Мен Қудайдың Маған берген балалары менен бирге усы жердемен» .
14 Бул балалар ет ҳәм қаннан ибарат болғанлықтан, Ийсаның Өзи де оларға теңлесип, ет ҳәм қаннан ибарат болған адамның денесине ийе болды. Буны Ол өлим үстинен бийликке ийе болғанды, яғный шайтанды Өз өлими арқалы набыт қылыў ушын
15 ҳәм өмир бойы өлим қорқынышы себепли қул болғанлардың ҳәммесин азат қылыў ушын иследи.
16 Себеби, әлбетте, Ийса периштелерге емес, ал Ибрайымның урпағынан болғанларға жәрдем етеди.
17 Сол себептен Қудайдың хызметинде мийрим-шәпәәтли ҳәм садық бас руўханий болып, адамлардың гүналарын тазалаў ушын, Ол ҳәр тәреплеме туўысқанларына уқсаўы керек еди.
18 Оның Өзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жәрдем ете алады.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.