Ешуа 9 bob

Гибонлылардың ҳийлеси (1-27).

1 Иордан дәрьясының батыс тәрепинде, таўлы үлкеде, батыстағы таў етеклеринде ҳәм Лебанонға дейин созылған Жер Орта теңизи жағасында жасайтуғын барлық патшалар: хетт, амор, кенаан, периз, хиў ҳәм ебус патшалары болып өткен ўақыяларды еситкенде,
2 Ешуаға ҳәм Израил халқына қарсы урысыў ушын ҳәммеси бир жерге жыйналды.
3 Ал хиў халқынан болған Гибон қаласының турғынлары болса, Ешуаның Ерихо ҳәм Ай қалаларына ислеген ислерин еситкенде,
4 ҳийле қолланбақшы болды. Олар өзлерин елши қылып көрсетип, ешеклерине ески қалталар, гөне, жыртық ҳәм жамаў-жамаў шарап меслерин жүкледи.
5 Аяқларына ески ҳәм жамалған аяқ кийимлер, үстилерине гөне-көкси кийимлер кийди. Олардың дорбаларындағы нанлар кеўип, қатып қалған еди.
6 Солай етип, сол адамлар Гилгалдағы ордаға, Ешуаның жанына келди. Олар Ешуаға ҳәм Израил халқына: – Бизлер бир узақ елден келдик. Бизлер менен келисим дүзиўиңизди қәлер едик, – деди.
7 Бирақ израиллылар гибонлыларға: – Сизлер менен неге келисим дүзиўимиз керек екен? Мүмкин, сизлер бизлерге жақын жерде жасайтуғын шығарсыз, – деди.
8 Олар Ешуаға: – Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди. Ешуа олардан: – Сизлер кимсиз? Қаяқтан киятырсыз? – деп сорады.
9 Олар Ешуаға былай деди: – Қулларың болған бизлер бир узақ елден келдик. Себеби сениң Қудайың Жаратқан Ийениң даңқы туўралы еситкен едик. Бизлер Қудай ҳаққында ҳәмме нәрседен: Оның Мысырда ислеген ҳәр бир исинен,
10 Иордан дәрьясының арғы жағындағы аморлардың еки патшасына, яғный Хешбон патшасы Сихонға ҳәм Аштаротта ҳүкимдарлық еткен Башан патшасы Огқа нелер ислегенинен де хабарымыз бар.
11 Сонлықтан ақсақалларымыз ҳәм елимиздиң барлық халқы бизлерге былай деген еди: «Жаныңызға азық-аўқат алып, оларды қарсы алыў ушын шығыңлар ҳәм оларға: „Бизлер сизлердиң қулларыңызбыз. Бизлер менен келисим дүзиўиңизди қәлеймиз“, – деңлер».
12 Бизлер сизлерге келиў ушын жолға шыққан күнимизде, азық ушын үйимизден алған бул нанларымыз ыссы еди. Енди қараңлар, олар кеўип, қатып қалған.
13 Шарап толтырылған мына меслер де таза еди. Мине, олардың қалай жыртылып қалғанына қараңлар. Көп жол басып өткенимиз себепли, кийим-кеншегимиз ҳәм аяқ кийимимиз де тозып қалды.
14 Израиллылар Жаратқан Ийе менен кеңеспестен, гибонлылардың азықларынан алып, татып көрди.
15 Ешуа оларды аман қалдыратуғынына сөз берип, олар менен парахатшылық келисимин дүзди. Жәмийет басшылары да келисимге садық қалатуғынына ант ишти.
16 Деген менен, келисим дүзилгенинен кейин үш күн өткенде, олар гибонлылардың жақын жерде, өзлериниң арасында жасайтуғынын билди.
17 Өйткени израиллылар жолға шығып, үш күннен кейин олардың Гибон, Кефира, Беерот ҳәм Кирят- Ярим деген қалаларына келген еди.
18 Бирақ израиллылар оларға шабыўыл жасамады. Себеби жәмийет басшылары Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкен еди. Сонлықтан халық жәмийет басшыларына наразы болып, тоңқылдай баслады.
19 Басшылар халыққа: – Бизлер оларға Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен ант иштик. Сонлықтан оларға қол тийгизе алмаймыз.
20 Ант ишкенимиз себепли, оларды аман қалдырамыз, болмаса Қудайдың ғәзебине ушыраймыз, – деди.
21 Соңынан халыққа усыныс етип: – Оларды аман қалдырайық, – деди. Солай етип, басшылар берген сөзинде турды ҳәм гибонлылар пүткил жәмийет ушын отын шаўып, суў тасыйтуғын болды.
22 Кейин Ешуа гибонлыларды шақырып алып, оларға былай деди: – Жақын жерде жасай турып, неге жүдә узақ жерден келдик деп, бизлерди алдадыңыз?
23 Сол себептен сизлер ғарғысқа ушырайсызлар. Енди мәңгиге қул болып қаласызлар. Сизлер Қудайымның Үйи ушын отын шаўып, суў тасыйсызлар.
24 Гибонлылар Ешуаға былай деп жуўап берди: – Мырзамыз, сениң Қудайың Жаратқан Ийе Өз қулы Муўсаға пүткил елди сизлерге беретуғынын ҳәм елде жасайтуғынлардың ҳәммесин жоқ қылыўды буйырғанын еситкен едик. Бизлер сизлерден қатты қорқтық ҳәм жанымыздан айырылыўдан қәўетерленип, усылай иследик.
25 Енди бизлер сениң қолыңдамыз. Сен нени мақул ҳәм дурыс деп тапсаң, соны исле.
26 Солай етип, Ешуа оларды израиллылардың қолынан қутқарды ҳәм оларды өлтиртпеди.
27 Сол күни Ешуа оларды жәмийет ушын ҳәм Жаратқан Ийе белгилеген жерде қурылатуғын Оның қурбанлық орны ушын отын шаўып, суў тасыйтуғын хызметке қойды. Олар бүгин де сол жумысты атқарады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16