Ешуа 22 bob

Шығыстағы урыўлардың қайтыўы (1-34).

1 Буннан соң, Ешуа Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымын жыйнады да,
2 оларға былай деди: – Сизлер Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның өзлериңизге буйырған ҳәр бир нәрсесин иследиңлер. Мениң ҳәмме буйрықларыма да бойсындыңлар.
3 Соншама ўақыт даўамында, бүгинге дейин туўысқанларыңызды жалғыз таслап кетпедиңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген буйрығын орынладыңлар.
4 Минекей, Қудайыңыз Жаратқан Ийе туўысқанларыңызға ўәде қылғанындай, оларды тынышлыққа еристирди. Енди Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Иордан дәрьясының арғы жағасында сизлерге мүлик қылып берген жерлердеги үйлериңизге қайтыңлар.
5 Бирақ Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның сизлерге берген буйрықларын ҳәм Нызамын муқыятлы түрде орынлаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиңлер, Оның жолы менен жүрип, буйрықларын орынлаңлар. Оған садық болыңлар, Оған шын жүрек ҳәм шын кеўлиңизден хызмет етиңлер.
6 Соңынан Ешуа оларға ақ пәтиясын берип, жолға атландырды. Солай етип, олар үйлерине қайтып кетти.
7 Муўса Менашше урыўының ярымына Башанда жер берген еди. Ешуа болса, Менашше урыўының қалған ярымына Иордан дәрьясының батысынан, басқа туўысқанлары арасынан жер берди. Ешуа оларды үйлерине қайтарып атырып, оларға ақ пәтиясын берип:
8 – Үйлериңизге үлкен байлық пенен, жүдә көп мал, гүмис, алтын, мыс, темир ҳәм жүдә көп кийим-кеншек пенен қайтып баратырсызлар. Душпанларыңыздан олжа қылып алған нәрселериңизди туўысқанларыңыз бенен бөлисиңлер, – деди.
9 Солай етип, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Кенаан жериндеги Шилодан, израиллылардың жанынан кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, Муўса арқалы өзлери мүлик етип алған Гилад жерине қайтыў ушын жолға шықты.
10 Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Иордан дәрьясына жақын орналасқан Кенаан жериндеги аймаққа келгенде, дәрьяның жағасында көриниси үлкен болған қурбанлық орнын қурды.
11 Израил халқына: «Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Кенаан елиниң шегарасында, Иордан дәрьясының жағасында, израиллыларға тийисли жерде бир қурбанлық орнын қурды», – деген хабар жетти.
12 Израил халқы бул хабарды еситкенде, оларға қарсы урысыў ушын пүткил жәмийет Шилоға жыйналды.
13 Сонда израиллылар руўханий Элазардың улы Пинехасты Гилад жерине, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына жиберди.
14 Оның менен бирге Израил урыўларынан он көсем кетти. Бул көсемлердиң ҳәр бири Израил тийрелериниң ишиндеги өз қәўимлерине басшы еди.
15 Олар Гилад жерине, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына келип былай деди:
16 – Жаратқан Ийениң пүткил жәмийети былай дейди: «Сизлер неге Израилдың Қудайына қыянет еттиңлер? Неге бүгин сизлер өзлериңиз ушын қурбанлық орнын қурып, Жаратқан Ийеден ўаз кештиңлер ҳәм Оған қарсы бас көтердиңлер?
17 Бизлерге Пеор таўындағы гүнамыз аз ба еди? Жаратқан Ийениң жәмийети сол гүна себепли бәлеге жолыққан еди. Бизлер усы күнге дейин өзлеримизди бул гүнадан тазалай алмадық.
18 Сизлер бүгин Жаратқан Ийеден ўаз кештиңиз! Егер сизлер бүгин Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтерсеңиз, Ол да ертең пүткил Израил жәмийетине ғәзепленеди.
19 Егер сизлерге тийисли жерлер ҳадал болмаса, Жаратқан Ийениң шатыры турған Оған тийисли жерге келип, арамыздағы жерден үлес алыңлар. Өзлериңизге Қудайымыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнынан басқа бир қурбанлық орнын қурып, Жаратқан Ийеге ҳәм бизлерге қарсы қозғалаң көтермеңлер.
20 Зерах улы Ахан бағышланған олжадан алып, қыянет еткенде, пүткил Израил жәмийети ғәзепке ушырамады ма? Аханның гүнасы ушын тек оның өзи ғана өлимге дуўшар болмады-ғо!»
21 Сонда Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Израилдың тийре басшыларына былай деп жуўап берди:
22 – Жаратқан Ийе – қудайлар Қудайы! Жаратқан Ийе – қудайлар Қудайы! Ол булардың барлығын биледи ҳәм Израил да билип қойсын: егер бизлер ислеген исимизди Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтериў ямаса Оған қыянет ислеў мақсетинде ислеген болсақ, онда бүгин Жаратқан Ийе бизлерди аямасын!
23 Егер бизлер қурбанлық орынды Жаратқан Ийеден ўаз кешиў ушын, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ямаса татыўлық қурбанлықларын бериў ушын қурған болсақ, Жаратқан Ийениң Өзи бизлерди жазаласын.
24 Бизлер бул исти мынадан тәшиўишленгенимиз себепли ислеген едик: келешекте сизлердиң урпақларыңыз бизлердиң урпақларымызға: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе менен сизлердиң қандай байланысыңыз бар?
25 Ҳәй, Рубен ҳәм Гад урпақлары! Жаратқан Ийе сизлер менен бизлердиң арамызға Иордан дәрьясын шегара қылып қойған. Сизлердиң Жаратқан Ийеге ҳеш қандай қатнасыңыз жоқ», – деп бизлердиң урпақларымыздың Жаратқан Ийеден қорқып жасаўына тосқынлық жасаўы мүмкин.
26 Сонлықтан бизлер өзлеримиз ушын қурбанлық орнын қурыўды шештик. Буны жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар ушын емес,
27 ал тек сизлер менен бизлердиң арамызда ҳәм келешек әўладлар арасында гүўалық болыўы ушын иследик. Солай етип, бизлер де Жаратқан Ийениң алдында жандырылатуғын қурбанлықларымыз, татыўлық қурбанлықларымыз ҳәм басқа қурбанлықларымыз бенен Оған сыйынажақпыз. Сонда сизлердиң урпақларыңыз келешекте бизлердиң урпақларымызға: «Жаратқан Ийеге ҳеш қандай қатнасыңыз жоқ», – деп айта алмайды.
28 Солай етип, бизлер былай ойладық: келешекте бизлерге ямаса болажақ урпақларымызға усылай десе, бизлер: «Ата- бабаларымыздың Жаратқан Ийеге арнап қурған қурбанлық орнының нусқасына қараңлар. Бул орын жандырылатуғын ямаса басқа қурбанлықлар ушын емес, ал бизлер менен сизлердиң араңызда гүўалық болыў ушын қурылған», – деймиз.
29 Бизлер Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтериўден, бүгин Оннан ўаз кешиўден, жандырылатуғын қурбанлықлар, ғәлле садақалары ямаса басқа қурбанлықлар бериў ушын Қудайымыз Жаратқан Ийениң шатырының алдында турған қурбанлық орнынан басқа биреўин қурыўдан аўлақпыз.
30 Руўханий Пинехас ҳәм оның менен бирге болған жәмийет басшылары, яғный Израилдың тийре басшылары Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымының айтқан сөзлерин еситкенде кеўиллери толды.
31 Сонлықтан руўханий Элазардың улы Пинехас Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына: – Енди Жаратқан Ийениң арамызда екенин билемиз. Себеби сизлер Оған қыянет етпедиңиз ҳәм израиллыларды Оның жазасынан қутқардыңыз, – деди.
32 Руўханий Элазардың улы Пинехас ҳәм басшылар Рубен ҳәм Гад урыўлары жасайтуғын Гилад жеринен Кенаан жерине, израиллыларға қайтып келип, не болғанын айтып берди.
33 Израиллылар бул хабарға кеўли толып, Қудайға алғыслар айтты. Олар Рубен ҳәм Гад урыўларына қарсы урыс ашыў ҳәм олардың жасайтуғын жерлерин ўайран етиў ҳаққында қайтып аўыз ашпады.
34 Рубен ҳәм Гад урыўлары: «Бул қурбанлық орны – бизлердиң арамызда Жаратқан Ийениң Қудай екенине гүўа» деп, орынды «Гүўа» деп атады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16