Елшилер 17 bob

Салоникада (1-9), Верияда (10-15), Афинада (16-34).

1 Олар Амфиполис ҳәм Аполлониядан өтип, Салоникаға келди. Бул жерде яҳудийлердиң бир мәжилисханасы бар еди.
2 Павел өз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте олар менен Мухаддес Жазыўларды талқылады.
3 Масихтың азап шегип, өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де: – Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса – Масих, – деди ол.
4 Яҳудийлердиң базылары мақуллап, Павел менен Силаға қосылды. Сондай-ақ, Қудайға сыйынатуғын греклердиң үлкен топары ҳәм көплеген абырайлы ҳаяллар да солай иследи.
5 Бирақ яҳудийлер күншиллик етип, базарда бос жүрген айырым жарамас адамларды жыйнады да, қалада топалаң салды. Павел менен Силаны таўып, оларды халықтың алдына шығарыў ушын, Ясонның үйине топылып кирди.
6 Бирақ оларды таба алмай, Ясон менен басқа гейбир туўысқанларды қала басшыларының алдына сүйреп апарып: – Пүткил дүньяны астан-кестен еткен бул адамлар усы жерге де келипти.
7 Ясон оларды қабыл қылды. Олардың ҳәммеси Ийса деген басқа бир патша бар екенин айтып, Рим патшасы-Қайсардың пәрманларына қарсы ҳәрекет етип жүр, – деп бақырды.
8 Бул сөзлерди еситкен халық ҳәм қала басшылары қатты тынышсызланды.
9 Бирақ олар Ясоннан ҳәм басқалардан кепилликке ақша алып, босатып жиберди.
10 Туўысқанлар дәрриў сол түни Павел менен Силаны Верияға жиберди. Олар Верияға келип, яҳудийлердиң мәжилисханасына кирди.
11 Вериядағы яҳудийлер Салоникадағылардан парасатлырақ еди. Олар Қудайдың сөзин үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етип, Павел менен Силаның айтқан сөзлериниң дурыс екенин билиў ушын, ҳәр күни Мухаддес Жазыўларды изертлейтуғын еди.
12 Солай етип, яҳудийлердиң көбиси ҳәм көплеген абырайлы грек ҳаяллары менен ер адамлары исенди.
13 Бирақ Салоникадағы яҳудийлер Павелдиң Верияда да Қудайдың сөзин жәриялағанын билгенде, сол жерге де келди ҳәм халықты үгитлеп, қозғалаң салды.
14 Cонда туўысқанлар Павелди дәрҳал теңиз тәрепке жиберди. Ал Сила менен Тимофей Верияда қалды.
15 Павелди шығарып салыўшылар оны Афинаға дейин апарды. Олар Павелден: «Сила менен Тимофей, мүмкин болса, тез маған жетсин», – деген тапсырманы алып, излерине қайтты.
16 Афинада Сила менен Тимофейди күтип жүрген Павел қаланың бутларға толы екенин көргенде, қатты қапа болып ашыўланды.
17 Сонлықтан ол мәжилисханадағы яҳудийлер ҳәм Қудайға сыйынатуғын греклер менен айтысып, ҳәр күни базар майданында ушырасқанлар менен тартысып жүрди.
18 Эпикуршылардың ҳәм стоик ойшылларының гейбиреўлери де оның менен тартыса баслады. Биреўлери: «Мына мылжың не демекши», – десе, айырымлары: «Ол жат қудайлардың хабаршысы болса керек», – деди. Өйткени Павел Ийса ҳәм Оның қайта тирилиўи туўралы Хош Хабарды жәриялап жүр еди.
19 Олар Павелди Ареопаг кеңесине алып келип, оған: – Сен жәриялап жүрген бул жаңа тәлийматтың не екенин билиўимизге бола ма?
20 Себеби сен қулағымызға жат нәрселерди айтып атырсаң, булардың не екенин билгимиз келеди, – деди.
21 Пүткил афиналылар ҳәм сол жерде жасайтуғын шет еллилер ўақытларын тек жаңалықлар айтыў ҳәм тыңлаў менен өткизетуғын еди.
22 Павел Ареопаг кеңесиниң ортасында турып, былай деди: – Ҳәй, афиналылар! Сизлердиң ҳәр тәреплеме жүдә диншил екениңизди көрип турман.
23 Мен айланып жүрип, сизлер табынатуғын орынларды көзден кеширгенимде, «Бийтаныс қудайға» деген жазыўы бар, бир қурбанлық шалынатуғын орынды да көрдим. Енди өзлериңиз билмей сыйынып жүрген усы Қудай ҳаққында сизлерге жәриялайжақпан.
24 Дүньяны ҳәм оның ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан Қудай аспан ҳәм жердиң Ийеси болғанлықтан, адамның қолы менен салынған ибадатханаларда жасамайды.
25 Ол бир нәрсеге мүтәждей, Оған адамның қоллары менен хызмет етип болмайды. Өйткени ҳәмме адамларға өмир, дем ҳәм барлықты Оның Өзи береди.
26 Қудай ҳәмме миллетлерди бир адамнан жаратып, оларды пүткил жер жүзине орналастырды. Олардың жасайтуғын дәўирлери менен мәканларының шегараларын алдын ала белгилеп берген.
27 Буны Қудай Өзин излесин ҳәм қармаланып болса да тапсын, деп иследи. Деген менен, Ол ҳеш биримизден алыс емес.
28 Себеби сизлердиң шайырларыңыздың гейбиреўлери: «Бизлер Оның урпағымыз», – деп айтқанындай, бизлер Ол арқалы жасаймыз, ҳәрекет етемиз ҳәм бармыз.
29 Бизлер енди Қудайдың урпағы болғанымыз себепли, Қудай адамның өнери ҳәм ақыл-ойы менен дөретилген алтын, гүмис ямаса тас мүсинге уқсас деп ойламаңлар.
30 Өткен наданлық дәўирлерде Қудай дыққат аўдармаған болса да, енди ҳәр бир жерде ҳәр бир адамның тәўбе етиўин буйырмақта.
31 Өйткени Ол бул дүньяны Өзи таңлаған Адамы арқалы әдиллик пенен ҳүким ететуғын күнди белгилеп қойыпты. Буны сол Адамды өлимнен қайта тирилтип, ҳәр бир адамға дәлилледи.
32 Өлимнен қайта тирилиў ҳаққында еситкенде, кимиси мазақ етип күлди, кимиси: «Бул ҳаққында сени басқа сапар тыңлағымыз келеди», – деди.
33 Соңынан Павел олардың арасынан шығып кетти.
34 Ал гейбир адамлар оған қосылып, исенди. Олардың арасында Ареопаг кеңесиниң ағзасы болған Дионисий, Дамарис атлы бир ҳаял ҳәм және басқалар бар еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16