Езекиел 33 bob

Қудайдың Езекиелди Израилға гүзетши қылып тайынлаўы (1-20), Ерусалимниң қулаўы (21-33).

1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, өз халқың менен сөйлесип, оларға былай деп айт: «Егер Мен бир елге қылыш жиберсем, сол жердиң халқы өзлеринен бир адамды сайлап, оны гүзетши қылып тайынлайды.
3 Ол жерине киятырған қылышты көрип, кәрнай шалып, халқын ескертеди.
4 Егер биреў кәрнайдың сестин еситсе де, сақланбаса ҳәм қылыш келип, оны өлтирсе, оның қаны өз мойнында қалады.
5 Ол кәрнай сестин еситип турып, итибар бермегени ушын, өз өлимине өзи айыплы. Ал өзин қәўиптен сақлаған адам өз өмирин сақлап қалады.
6 Егер гүзетши қылыш киятырғанын көрсе ҳәм халқын ескертиў ушын кәрнай шалмаса, қылыш келип, олардан биреўиниң жанын алса, онда бул адам өз гүнасы ушын өледи. Бирақ оның қанының қунын Мен гүзетшиден талап етемен».
7 Инсан улы, Мен сени Израил халқы ушын гүзетши қылып тайынладым. Сен Мениң аўзымнан шыққан сөзлерди еситип, оларды Мениң атымнан ескертесең.
8 Мен наҳақ адамға: «Наҳақ адам, сен сөзсиз өлесең!» – десем, ал сен наҳақты жолынан қайтарыў ушын ҳеш нәрсе айтпасаң, онда наҳақ өз гүнасы ушын өледи, бирақ оның қанының қунын сеннен талап етемен.
9 Егер сен наҳақты жолынан қайтарыў ушын ескертсең, бирақ ол өз жолынан қайтпаса, ол өз гүнасы ушын өледи, ал сен өз жаныңды сақлап қаласаң.
10 Инсан улы, сен Израил халқына сизлер былай дейсизлер деп айт: «Бизлер қылмысларымыз бенен гүналарымызға көмилдик, олар бизлердиң димарымызды қуртып атыр. Бул аўҳалда қалай тири қаламыз?»
11 Оларға былай деп айт: «Мен, Қудай Ийе Өз тирилигим ҳақы айтаман: Мен наҳақ адамның өлимин қәлемеймен, оның өз жолынан қайтып, жасаўын қәлеймен. Қайтыңлар! Жаман жолларыңыздан қайтыңлар! Неге өлиўиңиз керек, Израил халқы?!»
12 Инсан улы, өз халқыңа былай деп айт: «Егер ҳақ адам гүна ислесе, оның ҳақлығы оны қутқара алмайды. Егер наҳақ адам туўры жолға кирсе, қылған қылмыслары қулаўына себеп болмайды. Сол сыяқлы, ҳақ адам гүна ислесе, бурынғы ҳақлығы оны тири сақлап қала алмайды.
13 Егер Мен ҳақ адамға жасайтуғынын айтсам, ал ол әдиллигине исенип, гүнаға қол урса, онда оның әдил ислери еске алынбайды, қайтама, ол ислеген жаўызлығы ушын өледи.
14 Ал наҳақ адамға сөзсиз өлетуғынын айтсам, ол гүналарынан жүз бурып, туўрылық ҳәм әдилликти жүзеге асырса,
15 қарызы ушын гиреўге алған затын да, урлаған затын да қайтарып берсе, өмирге еристиретуғын қағыйдаларды орынласа ҳәм қайтып зулымлық қылмаса, ол сөзсиз жасайды, өлмейди.
16 Ол ислеген гүналардың ҳеш бири еске алынбайды. Бул адам туўры ҳәм әдил ислер қылғаны ушын, сөзсиз жасайды».
17 Сениң халқың: «Ийениң жолы натуўры», – дейди. Бирақ өзлериниң жолы натуўры.
18 Егер ҳақ адам ҳақлығынан қайтып, жаўызлыққа қол урса, буның ушын өледи.
19 Егер наҳақ адам наҳақлығын таслап, әдил ҳәм туўры ислерди ислей басласа, ол усылай ислеп, жанын сақлап қалады.
20 Сизлер болсаңыз: «Ийениң жолы натуўры», – дейсиз. Израил халқы, Мен сизлердиң ҳәр бириңизди исиңизге жараса ҳүким қыламан.
21 Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылының оныншы айының бесинши күни Ерусалимнен қашып қутылған бир адам маған келип: «Қала басып алынды», – деди.
22 Сол қашқын келмесинен бир күн бурын кеште Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болды. Қашқын азанда алдыма келмей турып, Ол маған сөйлеў қәбилетин қайтарып берди. Мен және тилге кирдим.
23 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
24 – Инсан улы, Израил жериниң ўайран болған жерлеринде жасап жүрген адамлар: «Ибрайым жалғыз өзи болса да, бул жерге ийелик қылған еди. Ал бизлер көппиз, сонлықтан бул жердиң бизлерге ийеликке берилгенин анық билемиз», – деп айтпақта.
25 Сонлықтан оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сизлер гөшти қаны менен жейсиз, бутларға табынасыз, қан төгесиз. Солай қыла тура, бул жерге ийелик қылмақшымысыз?
26 Сизлер қылышыңызға исенесиз, жеркенишли ислерди қыласыз, ҳәр бириңиз басқа адамның ҳаялын ҳарамлайсыз. Солай қыла тура, бул жерге ийелик қылмақшымысыз?»
27 Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тирилигим ҳақы ант ишемен: ўайран болған жерде жасап атырғанлар қылыштан набыт болады. Ашық далада болғанларды Мен жабайы ҳайўанларға жем қыламан. Бекинисли жерлерде ҳәм үңгирлерде болғанлар иллеттен өледи.
28 Бул жерди кимсесиз шөлистанға айландыраман. Оның мақтанышлы қүдирети паянына жетеди. Израил таўларында да адам қалмайды, ол жерге ҳеш ким аяқ баспайды.
29 Ислеген жеркенишли ислери ушын жерди кимсесиз шөлистанға айландырғанымда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
30 Инсан улы, жерлеслериң дийўаллар қасында ҳәм үйлериниң босағасында турып, сен туўралы бир-бирине: «Жүриң, Жаратқан Ийеден қандай сөз келген екен, еситейик», – деп атыр.
31 Олар топарласып келеди. Мениң халқым сениң алдыңда отырады, сөзлериңди тыңлайды, бирақ оларды орынламайды. Олар тиллеринде жағымпазланғаны менен, жүреклеринде өз пайдасын гөзлейди.
32 Сен олар ушын, жақсы сазенде ҳәм муҳаббат ҳаққында қосық айтатуғын хош ҳаўаз қосықшысаң. Олар сөзлериңди еситеди, бирақ оларды орынламайды.
33 Булар жүзеге асқанда, мине, жүзеге асып та атыр, олар өзлериниң арасында бир пайғамбардың болғанын билип алады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.