Еремия 5 bob

Ерусалимниң гүнасы (1-31).

1 – Ерусалим көшелерин айланың, Әтирапына қарап, аңлаң, Қала майданларынан излең. Егер әдалатлы ҳәм ҳақыйқатты излеген бир адам тапсаңыз, Онда Мен бул қаланың гүнасынан өтемен.
2 Олар: «Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемиз», – десе де, Негизинде, ишкен анты жалған.
3 – Жаратқан Ийе, Сениң нәзериң ҳақыйқатқа тигилген емес пе? Оларды урдың, бирақ олар азарын сезбеди, Оларды жоқ қылмақшы болдың, бирақ сабақ алыўдан бас тартты. Олар бетлерин жартастан да қатты қылып, Изге қайтыўды қәлемеди.
4 Мен ишимнен: «Бул адамлар ғәрип ҳәм ақылсыз, Олар Жаратқан Ийениң жолын, Өз Қудайының Нызамын билмейди.
5 Енди мен абырайлы адамларға барып, Олар менен сөйлесемен. Олар Жаратқан Ийениң жолын, Өз Қудайының Нызамын биледи», – деп ойладым. Бирақ олардың ҳәммеси де Қудайының мойынтырығын сындырып, Кисенлерин үзип таслаған екен.
6 Сонлықтан тоғайдан шыққан арыслан оларды тилкимлеп, Шөлдеги қасқыр оларды ғажып таслайды. Қаплан қалалары жанында буққыда жатып, Қаладан шыққан ҳәр бир адамды тилким-тилким қылады. Себеби олардың қылмысы үлкен, Опасызлығы сансыз.
7 – Сени қалай кеширемен? Балаларың Мени таслап кетип, Қудай болмаған бутларға ант ишти. Мен оларды тойдырдым. Олар болса, қыянет етип, Топланысып, бузықлардың үйлерине кетти.
8 Олар күйге келген айғырлар киби, Ҳәр бири қоңсысының ҳаялына киснейди.
9 Булар ушын Мен оларды сөзсиз жазаламайман ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Усындай бир миллеттен өш алмайын ба?
10 Жүзимзарларына кирип, оларды ўайран қылың, Бирақ пүткиллей жоқ қылмаң. Жүзим шақаларының керексизлерин жулып таслаң, Енди олар Маған, Жаратқан Ийеге тийисли емес.
11 Израил ҳәм Яҳуда халықлары, Маған пүткиллей қыянет етти, – дейди Жаратқан Ийе.
12 Халық Жаратқан Ийе ҳаққында жалған сөйлеп, былай дейди: «Ол ҳеш нәрсе қылмайды, Басымызға апатшылық түспейди, Бизлер қылыш та, ашлық та көрмеймиз.
13 Пайғамбарлар самалға мегзер, Оларда Жаратқан Ийениң сөзи жоқ. Айтқанлары олардың өзлериниң басына түссин».
14 Сонлықтан Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: – Халық бул сөзлерди айтқаны ушын, Өз сөзлеримди сениң аўзыңда жалындай қыламан. Бул халықты отын қыламан, От оларды жандырып жоқ қылады.
15 Ҳәй, Израил халқы, – дейди Жаратқан Ийе, – Сизлердиң үстиңизге, Узақ жерден бир миллетти алып келемен. Ол күшли ҳәм әййемги халық болып, Сол адамлардың тилин сен билмейсең, Сөзине де түсинбейсең.
16 Олардың оқ жайлары ашық қәбирге мегзер, Адамларының ҳәммеси батыр жаўынгерлер.
17 Олар сениң зүрәәтиңди ҳәм наныңды жеп таслап, Ул-қызларыңызды жалмап жутады. Майда ҳәм ири малларыңызды, Жүзим ҳәм әнжирлериңизди жейди. Сизлер исенген қорғанлы қалаларыңызды, Қылыш пенен ўайран қылады.
18 Ҳәтте, сол күнлери де, – дейди Жаратқан Ийе, – сизлерди пүткиллей жоқ қылмайман.
19 Халық сеннен: «Неге Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге бул нәрселерди иследи?» – деп сораса, оларға былай деп жуўап бер: «Сизлер Оны тәрк етип, өз жериңизде басқа қудайларға хызмет еттиңиз. Енди сизлер өзлериңизге тийисли болмаған жерде басқаларға солай хызмет етесиз».
20 – Яқыптың халқына жар салып, Яҳудада жәриялаң:
21 Ҳәй, көзи болса да, көрмеген, Қулағы болса да, еситпеген, Надан ҳәм бийпарасат халық, Қулақ салың!
22 Меннен қорқпайсыз ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Мениң алдымда қалтырамайсыз ба? Мен қумды теңизге шегара, Мәңги өтип болмайтуғын бөгет қылдым. Толқынлар тасса да, үстине шыға алмайды, Шуўласа да, оннан асып кете алмайды.
23 Бирақ бул халық өжет ҳәм қозғалаңшы. Олар азғырылып, өз жолына қайтып кетти.
24 Олар жүрегине түйип: «Гүзги ҳәм бәҳәрги жаўынды өз ўақтында жаўдыратуғын, Жыйын-терим ушын белгиленген ҳәптени сақлап келген, Қудайымыз Жаратқан Ийеден қорқайық», – демейди.
25 Айыпларыңыз сизлерди усы жақсы нәрселерден узақластырды, Гүналарыңыз берекеттен маҳрум етти.
26 Халқымның арасында жаўыз адамлар бар, Олар қус аўлағандай буққыда жатып, Дузақ қурып, адамларды тутады.
27 Тордың қусқа толғанындай, Олардың үйлери де жалғанға толы. Сонлықтан олар күшейип, байыды,
28 Семирип, жылтырады. Олардың жаўыз ислериниң шегарасы жоқ. Жетимниң даўа-арзын әдалатлы қарамайды, Исти оның пайдасына шешпейди, Жарлының ҳуқықын да қорғамайды.
29 Булар ушын Мен оны жазаламайын ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Бундай миллеттен өш алмайын ба?
30 Сол жерде қорқынышлы ҳәм таң қаларлық нәрсе болмақта:
31 Пайғамбарлар жалған пайғамбаршылық қылмақта, Руўханийлер өзлериниң қәлеўи бойынша басқармақта. Мениң халқыма бул унамақта. Бирақ булардың ақыры келгенде не қыласыз?



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16