Еремия 33 bob

Халықтың абадан келешектен үмит етиўи (1-26).

1 Еремия еле сақшылар ҳәўлисинде қамақта сақланып атырған ўақытта, оған Жаратқан Ийеден екинши рет сөз түсти:
2 – Исти жобаластырып, оны ислейтуғын ҳәм жүзеге асыратуғын, аты Жаратқан Ийе болған Жаратқан Ийе былай дейди:
3 Мени шақыр, жуўап беремен. Сен билмеген уллы ҳәм жумбақлы сырларды саған айтаман.
4 Қалаға тақап үйилген топырақтан ҳәм қылыштан қорғаныў ушын бузылған бул қаладағы үйлер ҳәм Яҳуда патшаларының сарайлары ҳаққында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди:
5 Сизлер калдейлер менен урысасыз, бирақ олар үйлериңизди Мениң қәҳәрим ҳәм ғәзебим менен қырып тасланған өли денелерге толтырады. Олардың ислеген барлық жаўызлықлары ушын, Мен бул қаладан жүзимди жасырдым.
6 Солай болса да, бул қалаға және шыпа берип, оны саўалтаман. Мен Өз халқымды емлеймен. Оларға шексиз абаданшылық ҳәм парахатшылық беремен.
7 Мен Яҳуданың ҳәм Израилдың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, оларды бурынғыдай қайта бина қыламан.
8 Оларды алдымда ислеген барлық гүналарынан тазалайман ҳәм Маған қарсы бас көтерип, ислеген барлық айыпларын кеширемен.
9 Дүньядағы барлық миллетлер оларға ислеген ҳәмме жақсылықларымды еситеди ҳәм бул қала жер бетиндеги барлық халықлар алдында Маған қуўаныш, алғыс, атақ-абырай ҳәм даңқ алып келеди. Ерусалимге ислеген ҳәмме жақсылықларым ҳәм берген парахатшылығым туўралы еситип, бул миллетлер қорқып титиреседи.
10 Жаратқан Ийе былай дейди: Сизлер: «Бул орын ўайран болып, адамсыз ҳәм ҳайўансыз шөлге айланады», – дедиңиз. Бирақ адамсыз ҳәм ҳайўансыз босап қалған Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде
11 шадлық ҳәм қуўаныш сеслери, келин ҳәм күйеў сести, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына миннетдаршылық қурбанлықларын алып келгенлердиң былай деген даўыслары еситиледи: «Әлемниң Жаратқан Ийесине шүкирлик билдириң! Ол ийгиликли, садықлығы шексиз». Өйткени Мен бул жердиң бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, – дейди Жаратқан Ийе.
12 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Адамсыз ҳәм ҳайўансыз босап қалған бул жерде, оның барлық қалаларында және шопанлардың өз сүриўлерин бағатуғын жайлаўлары болады.
13 Таўлы үлкедеги қалаларда, батыстағы таў етеклеринде, Негебте, Бенямин жерлеринде, Ерусалим әтирапындағы ҳәм Яҳуда қалаларындағы аймақларда шопанлар және қойларын санайтуғын болады, – дейди Жаратқан Ийе.
14 Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Израил ҳәм Яҳуда халқы ҳаққында айтқан қайырлы ўәделеримди орынлайман.
15 Сол күнлерде ҳәм сол ўақытта Мен Даўыттың нәсилинен бир әдил шақаны өсирип шығараман. Ол жер бетинде әдалат ҳәм әдилликти жүзеге асырады.
16 Сол күнлерде Яҳуда қутқарылады, Ерусалим қәўипсизликте жасайды. Оны «Жаратқан Ийе – әдиллик орнатыўшы» деп атайды.
17 Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: Даўыттың нәсилинен Израил тахтында отыратуғынлардың изи үзилмейди.
18 Алдымда жандырылатуғын қурбанлықларды беретуғын, ғәлле садақаларын жандыратуғын ҳәм қурбанлық шалатуғын Лебий әўладынан болған руўханийлер ҳеш қашан жоқ болып қалмайды.
19 Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
20 – Жаратқан Ийе былай дейди: Егер ким де ким Мениң күндиз ҳәм түн менен дүзген келисимимди бузып, олардың тәртибин өзгерте алса,
21 онда Мен, қулым Даўыт пенен дүзген келисимимди бузып, Даўыттың нәсилин тахттан түсиремен. Сондай-ақ, Маған хызмет қылып атырған Лебий урпақлары менен де дүзген келисимим бузылған есапланады.
22 Мен қулым Даўыттың урпақларын ҳәм алдымда хызмет ететуғын лебийлилерди аспандағы жулдызлардай, теңиз жағасындағы қумлардай сан-санақсыз етип көбейтемен.
23 Еремияға Жаратқан Ийеден және сөз түсти:
24 – Мына халықтың: «Жаратқан Ийе Өзи таңлап алған еки патшалықтан да ўаз кешти», – деп айтып жүргенин көрмедиң бе? Олар енди Мениң халқымды кемситип, ҳәтте, оны миллет деп атаўға арланып атыр.
25 Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳақыйқаттан да, Мен түн ҳәм күн менен келисим дүздим, көклердиң ҳәм жердиң тәртибин белгилеп бердим.
26 Сондай-ақ Яқыптың ҳәм қулым Даўыттың нәсилинен ҳеш қашан ўаз кешпеймен. Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып нәсили үстинен Даўыттың урпақларынан бирин ҳүкимдар етип қойыўды даўам етемен. Мен халқымның бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, оларға реҳим қыламан.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16