Еремия 31 bob

Жаңа келисим (31-40).

1 «Сол ўақытта, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Израил тийрелериниң ҳәммесиниң Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады.
2 Жаратқан Ийе былай дейди: Қылыштан аман қалған халық, Шөлде мийрим табады. Мен Израилды тынышландырыўға келемен.
3 Бурынырақта Жаратқан Ийе Израилға көринип, былай деген еди: „Мәңгилик сүйиспеншилик пенен сени сүйип, Саған мийрим көрсетиўди даўам еттим.
4 Сени және аяққа турғызаман, Сен аяққа турасаң, пәк қыз Израил! Және дәплер менен безенип, Кеўил көтергенлер менен аяқ ойынға түсесең.
5 Самария таўларында және жүзимзарлар отырғызасаң, Бағ отырғызғанлар оның мийўесинен дәм татады.
6 Сондай күнлер келеди, Эфрайым таўлы үлкесиндеги гүзетшилер: „Турыңлар, Сионға, Қудайымыздың жанына шығайық“, – деп бақырады“.
7 Жаратқан Ийе былай дейди: Яқып ушын қуўаныш пенен қосық айтың, Миллетлердиң басшысы ушын даўыслап алғыс айтың. Алғыслап былай деңлер: „Жаратқан Ийе, қутқар халқыңды, Израилдан аман қалғанларын“.
8 Мине, Мен оларды арқадағы еллерден, Дүньяның төрт тәрепинен жыйнайман. Олардың арасында соқыр, ақсақ, Ҳәмиледар ҳәм енди босанғанлар да болады. Олар уллы жыйын болып бул жерге қайтады.
9 Олар жылап-сықлап келеди, Алып киятырғанымда жалбарынады. Оларды ағын суўлар бойлап жетелеймен, Сүрникпесин деп, тегис жоллардан алып жүремен. Мен Израилдың әкеси екенмен, Эфрайым да Мениң туңғышым.
10 Ҳәй, миллетлер! Жаратқан Ийениң сөзин тыңлап, Оны узақтағы жағалаўларда жәриялап былай деңлер: „Израилды тарқатып жиберген, оны топлайжақ, Шопанның өз сүриўин қорғағанындай оны қорғайды“.
11 Себеби Жаратқан Ийе Яқыпты азат етип, Оны өзинен күшли болғанның қолынан қутқарады.
12 Олар келип, Сионның бәлент төбесинде, Қуўанып, қосық айтады, Жаратқан Ийе берген берекетке, Бийдай, шарап, зәйтүн майы, Қой сүриўлери ҳәм мал падалары себепли, Жүзлеринен нур жаўады. Олар суўғарылған бағ киби, Енди ҳасла солымайды.
13 Сонда жас қызлар шадланып, аяқ ойынға түседи, Өспирим ҳәм үлкен жастағы еркеклер бирге қуўанады. Мен олардың қайғысын қуўанышқа айландыраман, Ҳәсиретине тәселле берип, қуўаныш бағышлайман.
14 Руўханийлерин сыпатлы азық пенен тойдыраман, Халқым берекетиме тояды, – дейди Жаратқан Ийе.
15 Жаратқан Ийе былай дейди: Рамадан бир даўыс еситилди, Жылаған ҳәм пәрияд қылған даўыслар! Балаларын жоқлап жылар Раҳила, Жубанғысы келмес, Өйткени жоқ енди олар.
16 Жаратқан Ийе былай дейди: Дад салыўды тоқтат, көз жасларыңды сүрт, Шеккен азабыңның есеси төленеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Балаларың душпан журтынан қайтып келеди.
17 Сениң келешегиңнен үмит бар, – дейди Жаратқан Ийе, – Балаларың өз журтына қайтып келеди.
18 Мен Эфрайымның ҳәсиретли даўысын еситтим: „Мен қырсық бир тана сыяқлы едим, Мени тәрбияладың, мен де сабақ алдым. Мени қайта тикле, алдыңа қайтып барайын, Өйткени Қудайым Жаратқан Ийе – Сенсең.
19 Адасқаннан кейин, өкинип тәўбе қылдым, Ақылым киргенде, саныма урып жыладым. Жаслығымда ислеген айып ислерим себепли, Уялып, шерменде болдым“.
20 Эфрайым Мениң әзиз улым емес пе? Ол Мениң сүйикли балам емес пе? Оған аўыр сөз айтқан ўақтымда да, Оны ядымнан шығармай, сүйиспеншилик пенен еслеймен. Қәлбим оны күсейди, Оған сөзсиз реҳим етемен, – дейди Жаратқан Ийе. –
21 Өзиң ушын жол белгилерин қой, Жол көрсететуғын сүтинлер орнат. Жүрген жолыңа дыққат қой. Пәк қыз Израил, изге қайт, Өзиңниң қалаларыңа қайт.
22 Қашанға дейин гезип жүрмекшисең, ҳәй бийопа қыз? Жаратқан Ийе дүньяда бурын болмаған нәрсе жаратты: Ҳаял еркектиң дыққатын тартады.
23 Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Қудайы былай дейди: Мен олардың абаданшылығын қайта тиклегенимде, олар Яҳуда жеринде ҳәм оның қалаларында мына сөзлерди айтады: „Жаратқан Ийе сени жарылқасын, Әдиллик мәканы, мухаддес таў!“
24 Дийханлар ҳәм мал изиндеги шопанлар Яҳудада ҳәм оның қалаларында бирге жасайды.
25 Мен шаршағанлардың шөлин қандырып, руўхый түңилгенлерди руўхландыраман.
26 Сонда мен оянып кетип қарасам, ҳәз етип уйықлаған едим.
27 Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Израилда ҳәм Яҳудада адамларды ҳәм ҳайўанларды көбейтемен.
28 Бурын Мен оларды қадағалап турған, суўырып таслап, ўайран қылған, аўдарып таслап, жер менен жексен еткен, басларына апат келтирген болсам, енди Мен қурыў ҳәм беккемлеў ушын оларға нәзер саламан, – дейди Жаратқан Ийе.
29 – Сол күнлерде адамлар былай деп айтпайтуғын болады: „Әкелер қышқыл жүзим жейди, Ал балалардың тиси қамасады“.
30 Енди ҳәр бир адам өз айыбы ушын өзи өледи. Ким қышқыл жүзим жесе, соның тиси қамасады».
31 «Мынадай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Израил ҳәм Яҳуда халқы менен жаңа келисим дүземен.
32 Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда дүзген келисимдей болмайды. Мен олардың хожайыны болсам да, олар сол келисимди бузды, – дейди Жаратқан Ийе.
33 Бирақ сол күнлерден кейин, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Өз нызамымды олардың сана-сезимине орналастырып, жүреклерине жазып қояман. Мен олардың Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады.
34 Буннан былай ҳеш ким өз достына ямаса өз туўысқанына: „Жаратқан Ийени танып бил“, – деп үйретпейтуғын болады. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин ҳәммеси Мени таныйтуғын болады, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен олардың қылмысларын кеширемен, гүналарын қайтып есиме алмайман.
35 Күндиз жақты болсын деп, қуяшты берген, түнде жарық болсын деп, ай ҳәм жулдызларға қағыйда берген, толқынларының шуўылдасыўы ушын теңизди өшегистирген Жаратқан Ийе, аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған былай дейди:
36 Егер бул қағыйдалар Мениң алдымда ҳәрекеттен тоқтаса, – дейди Жаратқан Ийе, – онда Израил нәсили де миллет болыўдан мәңгиге айырылады.
37 Жаратқан Ийе былай дейди: Жоқарыдағы аспанды өлшеўге болмайтуғындай, төмендеги жердиң тийкарын табыў мүмкин болмайтуғындай, ислеген барлық ислери ушын, пүткил Израил нәсилин Мен де тәрк ете алмайман, – дейди Жаратқан Ийе.
38 Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Хананел минарасынан Мүйештеги дәрўазаға шекем қала Мен ушын қайта қурылады.
39 Жерди өлшейтуғын жип сол жерден туўры Гареб төбешигине дейин созылып, Гоаға бурылады.
40 Өли денелер ҳәм күллер тасланған пүткил ойпатлық, Кидрон сайына шекемги барлық атызлар, шығыстағы Ат дәрўазасының мүйешине шекемги жерлер Жаратқан Ийе ушын мухаддес болады. Қала енди ҳеш қашан ўайран қылынбайды ҳәм қуламайды».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16