Еремия 27 bob

Яҳуданың Набуходоносорға берилиўи (1-22).

1 Яҳуда патшасы Иошияның улы Седекияның патшалығының басында Еремияға Жаратқан Ийеден мына сөз түсти.
2 Жаратқан Ийе маған былай деди: – Қайыс пенен ағаштан мойынтырық ислеп, оны мойныңа тақ.
3 Соңынан Ерусалимдеги Яҳуда патшасы Седекияға келген елшилер арқалы Эдом, Моаб, Аммон, Тир ҳәм Сидон патшаларына хабар жибер.
4 Елшилерге өз мырзаларына мына хабарды билдириўин буйыр. Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мырзаларыңызға мынаны айтыңлар:
5 Бул дүньяны, жер бетинде жасап атырған адамларды ҳәм ҳайўанларды Мен уллы қүдиретим ҳәм созылған қолым менен жараттым. Солай екен, оны қәлеген адамыма беремен.
6 Енди бул жерлердиң ҳәммесин Бабилония патшасы қулым Набуходоносорға бердим. Ҳәтте, жабайы ҳайўанларды да оның ықтыярына тапсырдым.
7 Оның елиниң ақырғы күни келгенше, барлық миллетлер оның өзине, улына ҳәм ақлығына хызмет етеди. Кейин көп миллетлер ҳәм уллы патшалар оның өзин қул қылады.
8 Егер қандай да бир миллет ямаса патшалық Бабилония патшасы Набуходоносорға хызмет етпесе, оның мойынтырығын тақпаса, сол миллетти Мен бул патшаның қолы менен жоқ қылмағанымша, қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе.
9 Соның ушын: „Бабилония патшасына хызмет қылмайсыз“, – деп атырған пайғамбарларыңызға, палкерлериңизге, түс жорыўшыларыңызға, болжаўшыларыңызға, сыйқыршыларыңызға қулақ салмаң.
10 Олар сизлерге жалған пайғамбаршылық қылып атыр. Буның нәтийжесинде, Мен сизлерди елиңизден айдап шығып, сүргин қыламан, ақыбетте набыт боласыз.
11 Бирақ Бабилония патшасының мойынтырығын тағып, оған хызмет еткен миллетти өз жеринде қалдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар өз жеринде жасап, өз жерине ислеў береди».
12 Мен Яҳуда патшасы Седекияға да сол сөзлерди айтып былай дедим: «Бабилония патшасының мойынтырығын тағып алың, оған ҳәм оның халқына хызмет етип, тири қалың.
13 Жаратқан Ийе Бабилония патшасына хызмет етпеген ҳәр бир миллетти өлтиретуғынын айтқан еди. Солай екен, сизге ҳәм халқыңызға қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен набыт болыўдың неге кереги бар?
14 „Бабилония патшасына хызмет қылма“, – деп айтып атырған жалған пайғамбарлардың сөзлерине қулақ аспаң. Олар жалған пайғамбаршылық қылып атыр.
15 Оларды Мен жибермедим, – дейди Жаратқан Ийе, – бирақ олар Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық қылып атыр. Сонлықтан Мен сизлерди қуўып жиберемен. Сизлер ҳәм сизлерге пайғамбаршылық етип атырған пайғамбарларыңыз набыт боласыз».
16 Соңынан мен руўханийлерге ҳәм пүткил халыққа қарата сөйледим: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Жақында Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы затлар Бабилоннан қайтып алып келинеди“, – деп атырған пайғамбарларға қулақ салмаң. Олар сизлерге жалған пайғамбаршылық қылмақта.
17 Оларға қулақ салмаң. Бабилония патшасына хызмет етиң ҳәм аман қалың. Не ушын бул қала қарабақанаға айланыўы керек?
18 Егер олар пайғамбар болса, оларда Жаратқан Ийениң сөзи болса, онда олар Жаратқан Ийениң Ибадатханасында, Яҳуда патшасының сарайында ҳәм Ерусалимде қалған затлардың Бабилонға алып кетилмеўин сорап, Әлемниң Жаратқан Ийесине жалбарынсын.
19 Әлемниң Жаратқан Ийеси Ибадатханадағы қоладан исленген затлар: өрелер, ҳәўиз, түбелдирик, бул қалада қалған басқа затлар туўралы айтады.
20 Бабилония патшасы Набуходоносор Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехонияны, Яҳуданың ҳәм Ерусалимниң барлық ақсүйеклерин Ерусалимнен Бабилонға сүргин етип алып кеткенде, айырым затларды қалдырып кеткен еди.
21 Аўа, Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз Ибадатханасында, Яҳуда патшасының сарайында ҳәм Ерусалимде қалған сол затлар туўралы былай дейди:
22 „Олар Бабилонға алып кетиледи. Мен оларға нәзер аўдармағанымша, олар сол жерде қалады, – дейди Жаратқан Ийе. – Кейин Мен оларды қайтарып алып келемен“».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16