Еремия 15 bob

Яҳуда халқына реҳим етилмейди (1-9), Еремияның шағым етиўи (10-21).

1 Жаратқан Ийе маған былай деди: – Ҳәтте, Муўса менен Самуел алдымда турып жалбарынса да, бул халыққа жүрегим жибимейди. Бул халықты алдымнан қуў, кетсин!
2 Егер олар сеннен: «Қай жерге барамыз?» – десе, оларға былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Өлимге ҳүким етилгенлер – өлсин, Қылышқа ҳүким етилгенлер – қылыш астына түссин, Ашлыққа ҳүким етилгенлер – ашлыққа ушырасын, Тутқынлыққа ҳүким етилгенлер – тутқын болсын.
3 Оларға төрт түрли жаза бериўди қарар еттим, – дейди Жаратқан Ийе, – өлтириў ушын қылышты, тилкимлеў ушын ийтлерди, жеп, жоқ қылыў ушын көктеги қуслар менен жердеги ҳайўанларды жиберемен.
4 Яҳуда патшасы Хизкия улы Менашшениң Ерусалимде ислеген ислериниң кесири себепли, пүткил жер бетиндеги патшалықлар ушын оларды қорқынышлы көриниске айландыраман.
5 Ерусалим, саған кимниң жаны ашыйды? Ким сен ушын аза тутады? Ҳал-жағдай сораў ушын, Ким қайырылып, саған келер екен?
6 Сен Меннен жүз бурдың, – дейди Жаратқан Ийе, – Сен арқаңды қараттың. Сонлықтан қолымды көтерип, Сени жоқ қыламан. Сени аяўдан шаршадым.
7 Бул жердиң қала дәрўазаларында, Халқымды гүрек пенен суўыраман. Перзентлеринен айырып, Халқымды набыт қыламан. Өйткени олар жаман жолларынан қайтпады.
8 Олардың жесирлери теңиз қумынан да көп болады. Жигитлериниң аналарының үстине, Тал түсте набыт қылыўшыны жиберемен. Тосаттан оларды қайғы ҳәм қорқынышқа саламан.
9 Жети балалы ана ҳәлсиреп, Соңғы демин береди. Оның қуяшы күндиз-ақ батады. Ол уятқа қалып, масқара болады. Аман қалғанларды душпанларының көз алдында, Қылышқа тапсыраман, – дейди Жаратқан Ийе».
10 – Мениң сорым қурысын! Анажан, сен мени пүткил дүнья менен даўласып, Жәнжеллессин деп туўып па едиң? Мен ҳеш кимге қарыз бермедим, қарыз да алмадым, Сонда да ҳәмме мени нәлетлейди.
11 Жаратқан Ийе былай деди: – Мен сени пүткиллей душпанларға беремен. Апатшылық ҳәм бахытсызлық ўақтында, Оларды саған жиберемен.
12 Темирди, арқадан келген темир ҳәм қоланы, Ким сындыра алады?
13 Елдиң ҳәмме жеринде ислеген гүналарыңыз ушын, Байлығыңызды ҳәм ғәзийнеңизди, Душпанларыңызға аңсат олжа қыламан.
14 Мен сизлерди өзлериңиз билмейтуғын жердеги, Душпанларыңызға қул қыламан. Ғәзебим сизлерге қарсы тутанып, От болып жанады.
15 – Жаратқан Ийе, Сен билесең, Мени ядқа ал, жәрдем бер, Мени қуўғын қылғанлардан өшимди ал. Сабырлылығың менен мени набыт қылма, Билесең, Сен ушын хорлықларға шыдап атырман.
16 Сөзлериңди таўып, жедим. Сөзлериң маған қуўаныш, жүрегиме шадлық алып келди. Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе, Мен Сениң атың менен аталғанман.
17 Кейпи-сапа қурғанлар менен отырмадым, Олар менен йошып, шадланбадым. Сениң қолың үстимде болып, Мени ғәзепке толтырғаның ушын, Мен жалғыз отырдым.
18 Неге азабымның азары басылмайды? Неге жарақатым аўыр ҳәм шыпасыз? Сен мен ушын суўы қурып қала беретуғын, Алдамшы бир сай болажақсаң ба?
19 Буған Жаратқан Ийе былай деди: – Егер тәўбе қылсаң, қайта қабыл етип, Сени хызметиме қояман. Егер мәниссиз сөйлемей, Әҳмийетли сөзлерди айтсаң, Мениң тилим менен сөйлейсең. Бул халықтың өзлери саған қайтады, Бирақ сен оларға қайырылып қарама.
20 Мен сени бул халық ушын, Қоладан исленген беккем дийўал қыламан. Олар сениң менен урысады, бирақ жеңе алмайды. Қутқарыў ҳәм азат қылыў ушын, Мен сениң менен биргемен, – деди Жаратқан Ийе. –
21 Сени наҳақлардың қолынан азат етемен, Реҳимсизлердиң пәнжесинен сатып аламан.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16