Еремия 10 bob

Ҳақыйқый Қудай ҳәм бутлар (1-16), Апатшылықтың келиўи (17-22), Еремияның дуўасы (23-25).

1 Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийениң сизлерге айтып атырған сөзлерин тыңлаң!
2 Жаратқан Ийе былай дейди: Миллетлердиң жолларын үйренбең, Басқа миллетлер қорққаны сыяқлы, Аспан белгилеринен қорқпаң.
3 Халықлардың дәстүрлери пайдасыз. Олар тоғайдан ағаш кесип алып, Устаның қуралы менен оған пишим береди.
4 Оны гүмис ҳәм алтын менен безейди, Жығылып кетпесин деп, Шеге менен шөккишлеп қағып қояды.
5 Бул бутлар палыз атызындағы қарақшыға уқсайды, Сөйлей алмайды, Көтерип жүриў керек, Өзлери жүре алмайды. Олардан қорқпаң, Олардың қолынан жаманлық ислеў де, Жақсылық ислеў де келмейди.
6 Жаратқан Ийе, Саған уқсағаны жоқ! Сен уллысаң, атың да қүдиретке ийе!
7 Миллетлер Патшасы, Сеннен қорқпайтуғын ким бар? Сен буған ылайықлысаң. Миллетлердиң барлық данышпанлары, Барлық патшалықлары арасында, Саған уқсағаны жоқ.
8 Бул халықлар ақмақ ҳәм ақылсыз. Жансыз ағаштан тәлим алады.
9 Таршиштен шөккишлеп тегисленген гүмис, Уфаздан алтын алып келинеди. Уста ҳәм зергер ислеген нәрсеге, Қызғыш көк ҳәм шым қызыл кийим кийгизеди. Ҳәммеси шебер өнерментлердиң иси.
10 Бирақ Жаратқан Ийе – ҳақыйқый Қудай, Ол тири Қудай ҳәм мәңгилик Патша. Ол қәҳәрленсе, жер титирейди, Миллетлер Оның ғәзебине шыдам бере алмайды.
11 Бутқа сыйынатуғын халықларға былай деп айт: «Жер ҳәм аспанды жаратпаған қудайлар, Жер бетинен ҳәм аспан астынан жоқ болады».
12 Өзиниң қүдирети менен жерди жаратқан, Даналығы менен дүньяны қурған, Ақылы менен көклерди жайған, Жаратқан Ийе болады.
13 Ол гүркирегенде, көктеги суўлар шуўылдайды, Ол жердиң шет-шебиринен бултларды көтереди. Жаўын жаўдырыў ушын шақмақ шақтырып, Сақлап қойған жеринен самал естиреди.
14 Ҳәмме адам ақмақ ҳәм билимсиз, Ҳәр бир зергер соққан бутлары себепли уятқа қалады, Олардың мүсинлери алдамшы ҳәм жансыз.
15 Олар пайдасыз, масқарапаздың иси, Жазалаған ўақытта-ақ жоқ болады.
16 Бирақ Яқыптың Қудайы оларға уқсамайды, Ол – пүткил барлықты жаратқан Қудай. Израил урыўы – Оның мийрасы, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
17 Қамалда жасағанлар, Бары-жоғыңызды жыйнаң
18 Өйткени Жаратқан Ийе былай дейди: – Мине, енди бул жердиң турғынларын ылақтырып таслайман. Таўып алыўы ушын, Оларды тар жерге қуўып алып бараман.
19 Сорым қурысын, сорлап қалдым! Жарақатым аўыр! Бирақ мен өзиме: «Басымда бул дәрт те бар екен, Шыдаўым керек», – дедим.
20 Шатырым қулады, үзилди барлық жиплери, Балаларым таслап кетти, енди олар жоқ. Шатырымды қайта тигетуғын, Перделерин тағатуғын ҳеш ким жоқ.
21 Шопанлар ақылдан адасты, Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады. Сонлықтан ислери оңынан келмеди, Ҳәмме сүриўлери тарап кетти.
22 Тыңлаңлар, бир хабар киятыр! Яҳуда қалаларын шөлге, Сағаллар мәканына айландырыў ушын, Арқадан уллы шаўқым киятыр!
23 Жаратқан Ийе, мен адам жолының өз қолында емеслигин, Өз адымын өзи басқара алмайтуғынын билемен.
24 Жаратқан Ийе, ғәзебиң менен емес, Ал әдалатың менен мени тәрбияла! Болмаса мени қуртасаң.
25 Ғәзебиңди Өзиңди танымаған миллетлерге, Атыңды айтып шақырмаған қәўимлерге төк. Себеби олар Яқыпты жалмады, Пүткиллей қырып, жоқ қылып, Мәканын ўайран етти.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16