Эстер 7 bob

Ҳаманның өлимге ҳүким етилиўи(1-10). 

1 Солай етип, патша Ҳаман менен бирге ханбийке Эстердиң зыяпатына келди.
2 Екинши зыяпат күни де олар шарап ишип отырғанда, патша Эстерге және: – Эстер, қандай тилегиң бар? Тилегиң орынланады. Қандай өтинишиң бар? Патшалықтың ярымын сорасаң да бериледи, – деди.
3 Сонда ханбийке Эстер жуўап берип былай деди: – Тақсырым! Егер маған кеўлиңиз толған болса ҳәм дурыс деп тапсаңыз, мениң жанымды сақлап қалыўыңызды тилеймен ҳәм мениң халқыма да өмир бағышлаўыңызды өтинемен.
4 Себеби мен ҳәм мениң халқым өлтирилип жоқ етилиў ҳәм қырып тасланыў ушын сатылғанбыз. Егер бизлер қул ҳәм шоры етип сатылғанымызда, мен үндемеген болар едим. Өйткени бул ис себепли патшамыздың тынышын алыў мақул болмас еди, – деди.
5 Сонда патша Ахашўерош ханбийке Эстерден: – Бундай исти ислеўге кимниң батылы барды, сол адам қай жерде? – деп сорады.
6 Эстер: – Душпанымыз ҳәм жаўымыз – бул жаўыз Ҳаман, – деди. Сонда патшаның ҳәм оның ҳаялының алдында Ҳаманның ҳүрейи ушып, қорқып кетти.
7 Патша ғәзепленип, орнынан турды да, сарай бағына қарай кетти. Ал Ҳаман ханбийке Эстерден өз жанын қутқарыўын өтинип сораў ушын иште қалды. Өйткени ол патшаның өзин қатаң жазалаўды қарар еткенин түсинген еди.
8 Патша сарай бағынан зыяпат болып атырған жерге қайтқанда, Эстер жамбаслап отырған орынлықта Ҳаманның ет-бетинен жығылып атырғанын көрди де: «Бул адам сарайда, ҳәттеки, мениң көз алдымда ҳаялыма зорлық қылмақшы ма?» – деп бақырды. Патша усы сөзлерди айтып болар болмастан, олар Ҳаманның бетин жапты.
9 Соңынан патшаға хызмет ететуғын ақталардың бири Харбона былай деди: – Ҳаманның үйиниң алдында бийиклиги елиў шығанақ келетуғын дар турыпты. Бул дар патшамызды ескертип, оның өмирин сақлап қалған Мордохайды асыў ушын қурылған, – деди. Сонда патша: – Сол дарға оның өзин асыңлар! – деп буйрық берди.
10 Солай етип, Ҳаманның Мордохайды асыў ушын қурдырған дарына оның өзин асты. Соннан кейин ғана патшаның ашыўы басылды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.