2 Жылнама 28 bob

Яҳуда патшасы Ахаз(1-27). 

1 Ахаз жигирма жасында патша болып, Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Ол бабасы Даўытқа уқсамады, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислемеди.
2 Ахаз Израил патшаларының жолынан жүрди. Ҳәтте, Баалларға табыныў ушын қуйма бут мүсинлерин ислетти.
3 Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында қурбанлықлар жандырды, ҳәтте, Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген миллетлердиң жеркенишли дәстүрлерине еликлеп, өз улын отқа жағып қурбан етти.
4 Ол сыйыныў орынларында, ҳәр бир бийикликте ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетти.
5 Сол себепли Қудайы Жаратқан Ийе Ахазды Арам патшасының қолына берди. Арамлылар оны жеңип, халқынан көп адамларды тутқын етип, Дамаскке алып кетти. Буннан тысқары, оны Израил патшасының да қолына берди. Израил патшасы Ахазды үлкен қырғынға ушыратты.
6 Израил патшасы Ремалия улы Пеқах бир күнде Яҳуда әскерлеринен бир жүз жигирма мың баҳадыр жаўынгерди өлтирди. Себеби олар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди.
7 Эфрайымлы Зихрий атлы батыр әскер патшаның улы Маасеяны, сарай басқарыўшысы Азриқамды ҳәм патшаның бас ўәзири Элқананы өлтирди.
8 Израиллылар өзлериниң туўысқаны болған яҳудалылардан еки жүз мың ҳаял ҳәм балаларды тутқын қылып, көп олжа менен бирге Самарияға алып кетти.
9 Самарияда Жаратқан Ийениң Одед атлы пайғамбары бар еди. Ол қайтып киятырған ләшкерлердиң алдынан шығып, оларға былай деди: «Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе Яҳуда халқына ғәзепленгени ушын оларды сизлерге тәслим етти. Бирақ сизлердиң оларды қандай қәҳәрге минип қырғаныңыз аспанға жетип барды.
10 Бул аз болғандай, енди болса Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын өзлериңизге қул қылмақшысыз. Өзлериңиз не, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳеш гүна қылмадыңыз ба?
11 Сонлықтан маған қулақ салып, тутқынға алған туўысқанларыңызды изге қайтарыңлар! Өйткени, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби үстиңизге дөнип тур!»
12 Сонда Эфрайым халқының айырым көсемлери: Еҳоханан улы Азария, Мешиллемот улы Берехия, Шаллум улы Хизкия ҳәм Хадлай улы Амаса урыстан қайтқанларға қарсы турып:
13 «Тутқынларды бул жерге алып келмеңлер. Бизлер Жаратқан Ийениң алдында айыплы болып қаламыз. Ямаса гүна ҳәм айыпларымызды және де көбейтиўди қәлейсизлер ме? Онысыз да айыпларымыз көп, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби Израилдың үстине дөнип тур», – деди.
14 Сонда әскерлер тутқынлар менен олжаларды көсемлер менен пүткил жыйын турған жерге қалдырып кетти.
15 Жоқарыда аты аталған төрт көсем орынларынан турып, тутқынларға ғамхорлық етти. Олардың кийими жоқларына олжадағы кийимлерден алып, кийим кийгизди, аяқ кийим берди, ишкизип-жегизди, жараларына май жақты. Ҳалдан тайғанларын ешекке мингизип, ҳәммесин пальма ағашлары өсетуғын Ерихо қаласындағы ағайинлерине алып барды. Кейин өзлери Самарияға қайтты.
16 Сол арада патша Ахаз жәрдем сорап, Ассирия патшасына елши жиберди.
17 Себеби эдомлылар қайтадан Яҳудаға ҳүжим жасап, адамларын тутқын етип, алып кеткен еди.
18 Буның үстине, филистлер Яҳуданың батысындағы таў етеклериндеги ҳәм қубласындағы қалаларға шабыўыл жасап, Бейт-Шемеш, Айялон, Гедерот қалаларын, сондай-ақ Сохо, Тимна, Гимзо қалаларын әтирапындағы аўыллары менен қоса басып алып, ол жерлерге қонысланып алды.
19 Жаратқан Ийе Яҳуданы патшасы Ахаздың кесиринен аяқ-асты қылды. Ахаз Яҳуданы гүнаға баслап, өзи де Жаратқан Ийеге опасызлық еткен еди.
20 Солай етип, Ассирия патшасы Тилгат-Пилнесер Ахазға келди. Бирақ ол жәрдем бериўдиң орнына, оны қысқыға ала баслады.
21 Ахаз Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы, өзиниң сарайындағы ҳәм ҳәкимлериниң үйлериндеги баҳалы нәрселерди алып, Ассирия патшасына салық ретинде берди. Бирақ бул да оған жәрдем бермеди.
22 Аўыр күнлерди басынан кеширип атырса да, Ахаз Жаратқан Ийеге деген опасызлығын бурынғыдан да күшейтти. Аўа, ол – патша Ахаз-дә!
23 Ол: «Арам патшаларының қудайлары оларға жәрдем берип келмекте. Енди оларға қурбанлық берсем, олар да маған жәрдем берер», – деп ойлап, өзин жеңилиске ушыратқан Дамаск қаласының қудайларына қурбанлықлар берди. Бирақ, тилекке қарсы, олар Ахаздың өзиниң ҳәм пүткил Израилдың қулаўына себепши болды.
24 Ахаз Қудайдың Ибадатханасындағы буйымларды жыйнап, майдалады. Және, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қапыларын жаптырып таслады ҳәм Ерусалим көшелериниң ҳәр бир мүйешине қурбанлық орынлар қурдырды.
25 Ол басқа қудайларға арнап түтеткилер түтетиў ушын, Яҳуданың ҳәр бир қаласына сыйыныў орынларын қурып, ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени ғәзеплендирди.
26 Ахаздың басқа ислери ҳәм барлық ис-ҳәрекетлери бастан аяғына шекем Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
27 Ахаз өлип ата-бабаларына қосылды ҳәм Ерусалим қаласында жерленди. Бирақ оны Израил патшаларының мазарына қоймады. Оның орнына улы Хизкия патша болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16