2 Жылнама 12 bob

Шишақтың Яҳудаға ҳүжим жасаўы(1-16). 

1 Рехабам өз ҳүкимдарлығын беккемлеп, күшке толғаннан кейин, оның өзи де, пүткил Израил халқы да Жаратқан Ийениң Нызамынан жүз бурды.
2 Олар Жаратқан Ийеге қыянет етти. Сонлықтан Рехабамның патшалығының бесинши жылында Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге ҳүжим жасады.
3 Шишақ өзи менен бирге Мысырдан бир мың еки жүз саўаш арбасын, алпыс мың атлы әскерди, сондай-ақ ливиялы, суклы ҳәм кушлы сан-санақсыз ләшкерлерди алып келди.
4 Шишақ Яҳуданың қорғанлы қалаларын басып алып, Ерусалимге дейин жақынласты.
5 Сонда Шишақтан қорқып, Ерусалимге жыйналған Рехабамға ҳәм Яҳуда басшыларына пайғамбар Шемая келип, былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлер Мени тәрк еттиңиз, енди Мен де сизлерди тәрк етип, Шишақтың қолына тапсыраман».
6 Израил басшылары ҳәм патша өз айыпларын тән алып: – Жаратқан Ийе әдил, – деди.
7 Жаратқан Ийе олардың айыпларын тән алғанын көргенде, Шемаяға Оннан мынадай сөз түсти: «Олар гүналарын мойынлады. Сонлықтан Мен оларды қырып тасламайман, қутқарылыўы ушын аз-маз жәрдем беремен. Ерусалимге деген ғәзебимди Шишақ арқалы төкпеймен.
8 Бирақ оларды Шишаққа бағынышлы қыламан. Сонда олар Маған хызмет етиў менен басқа еллердиң патшаларына хызмет етиў арасындағы айырмашылықты билип алады».
9 Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге бастырып келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди тартып алып кетти. Ол ҳәмме нәрсени, Сулайман соқтырған алтын қалқанларды да алды.
10 Патша Рехабам олардың орнына қоладан қалқанлар ислетип, оларды патша сарайының кирер аўзын қорғайтуғын сақшылардың басшыларына берди.
11 Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ҳәр барғанда, сақшылар патшаның қасында бул қалқанларды алып жүретуғын, соңынан және сақшылардың бөлмесине апарып қоятуғын еди.
12 Рехабам гүнасын мойынлағанда, Жаратқан Ийе ғәзептен қайтып, Яҳуда халқын толық қырып жибермеди. Яҳудада еле де жақсы ислер бар еди.
13 Патша Рехабам Ерусалимде патшалығын беккемлеп, ҳүкимдарлық қыла берди. Ол тахтта отырғанда қырық бир жаста еди. Рехабам Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қаласы Ерусалимде он жети жыл патшалық қылды. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди.
14 Рехабам Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылмағаны себепли, жаман ислерди ислеп турды.
15 Рехабам ислеген ислер басынан аяғына шекем Шемая пайғамбардың жазыўларында ҳәм ўәлий Иддоның шежиреге киргизилген жазыўларында баян етилген. Рехабам менен Яробам пүткил өмири даўамында урысып келди.
16 Рехабам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Абия патша болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16