Еврейлер 4 bob
1 Сонлықтан Қудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыў ҳаққында ўәде еле де күшке ийе екен, араңыздағы ҳәр бириңиз усы ўәдеден бос қалып қойыўдан қорқып, сақ болыңлар.
2 Себеби бизлерге жәрияланған Хош Хабарды атабабаларымыз да еситкен еди. Бирақ олар еситкен сөзлерин исеним менен қабыл етпегенликтен, бул сөзлердиң оларға пайдасы тиймеди.
3 Қудай дүньяны жаратып болғаннан кейин-ақ, дем алыў ушын беретуғын мәканды таярлап қойған болса да, олар ҳаққында былай деген: «Мен қәҳәрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма ҳеш қашан кирмейди“, – деп ант иштим» . Бирақ, исенетуғын бизлер сол мәканға киремиз.
4 Мухаддес Жазыўдың бир жеринде жетинши күн ҳаққында былай делинген: «Қудай жетинши күни барлық ислеринен дем алды» .
5 Және де, Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай былай деген: «Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма ҳеш қашан кирмейди» .
6 Солай етип, алдын Хош Хабарды еситкенлер сөзге қулақ аспағанлықтан, дем алатуғын мәканға кирмеди. Бирақ, басқалар ушын ол жерге кириўге мүмкиншилик бар.
7 Сол себептен Қудай «бүгин» деп аталатуғын және бир күнди белгилеп, алдын айтылғандай, көп ўақытлардан соң, Даўыт арқалы былай деген еди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер, Қайсарлық етпеңлер» .
8 Егер Ешуа израиллыларды Қудайдың дем алыў ушын беретуғын мәканына еристиргенде, Қудай соңынан басқа бир күн ҳаққында айтпаған болар еди.
9 Демек, Қудайдың халқы ушын ҳақыйқый дем алатуғын ўақыт келеди.
10 Қудай дүньяны жаратқаннан соң қалай дем алған болса, Ол беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алған ҳәр бир адам да өз ислеринен солай дем алады.
11 Солай екен, ҳеш биримиз бойсынбаған сол адамларға ерип адаспай, Қудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыўға тырысайық.
12 Қудайдың сөзи тири ҳәм тәсирли. Ол еки жүзли қылыштан да өткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бөлетуғын дәрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳәм нийетлерди әшкара қылады.
13 Жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудай алдында жасырын емес. Оның көз алдында ҳәр бир нәрсе ашық ҳәм аян. Бизлер усы Қудайға есап беремиз.
14 Бирақ, бизлерде аспанға көтерилген уллы бас руўханийимиз – Қудайдың Улы Ийса бар. Сонлықтан өзлеримиз ашық тән алған исенимимизди беккем сақлайық.
15 Ол – бизлердиң ҳәлсизликлеримизди бөлисе алатуғын бас руўханий. Оның Өзи ҳәр тәреплеме бизлер сыяқлы сыналды, бирақ гүна ислемеди.
16 Сонлықтан реҳимлилик алыў ушын ҳәм керек ўақтында өзлеримизге жәрдем ететуғын мийримге ерисиў ушын, Қудайдың мийримге ийе тахтына батыллық пенен жақынлайық.