Ешуа 10 bob

Аморлардың жеңилиске ушыраўы (1-15). Амор патшаларының өлтирилиўи (16-28). Қубладағы қалалардың қолға киргизилиўи (29-43).

1 Ерусалим патшасы Адоний-Седек Ешуаның Ерихоны қолға киргизип, патшасын жоқ қылғаны сыяқлы, Ай қаласын да қолға киргизип, толық қыйратқанын ҳәм патшасын өлтиргенин, Гибон халқының да израиллылар менен парахатшылық келисимин дүзип, олар менен бирге жасап атырғанын еситти.
2 Сонда оны күшли қорқыныш бийледи. Өйткени Гибон өз патшасына ийе болған қалалардың бири сыяқлы үлкен бир қала еди. Ол Ай қаласынан да үлкен болып, халқы мәрт жаўынгерлер еди.
3 Сол себепли Ерусалим патшасы Адоний-Седек Хеброн патшасы Ҳоҳамға, Ярмут патшасы Пирамға, Лахиш патшасы Яфиаға ҳәм Эглон патшасы Дебирге мына хабарды жиберди:
4 «Келип, маған Гибонды жоқ етиўге жәрдем бериңлер. Себеби Гибон халқы Ешуа ҳәм Израил халқы менен бирликте парахатшылық келисимин дүзипти».
5 Солай етип, аморлардың бес патшасы – Ерусалим, Хеброн, Ярмут, Лахиш ҳәм Эглон патшалары әскерлерин топлады ҳәм ҳәммеси бирликте барып, Гибонның қарсысына орда қурды да, ҳүжимге өтти.
6 Гибонлылар Гилгалдағы ордада болған Ешуаға мына хабарды жиберди: «Қулларың болған бизлерди жалғыз таслап кетпе. Бизлерге тезирек келип, жәрдем қолыңды соз ҳәм бизлерди қутқар. Өйткени таўлы елдеги аморлардың барлық патшалары бизлерге қарсы бирлести».
7 Сонлықтан Ешуа пүткил әскерлери ҳәм мәрт жаўынгерлери менен бирге Гилгалдан жолға шықты.
8 Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Олардан қорқпа. Мен оларды саған тәслим етип атырман. Олардың ҳеш бири саған қарсы тура алмайды, – деди.
9 Гилгалдан шығып, түни менен жол жүрген Ешуа аморларға тосаттан ҳүжим жасады.
10 Жаратқан Ийе аморларды израиллылардың алдында албыратып таслады ҳәм израиллылар оларды Гибонда үлкен қыйралыўға ушыратты. Бейт-Хоронға баратуғын жол бойынша, оларды Азеқаға ҳәм Маккедаға жеткенше қуўып, өлтирип барды.
11 Жаратқан Ийе израиллылардан қашқан аморлардың үстине Бейт-Хороннан Азеқаға барғанша аспаннан ири тас буршақ жаўдырды. Жаўған тас буршақтың астында өлгенлер израиллылардың қылыш пенен өлтиргенлеринен де көбирек еди.
12 Жаратқан Ийениң аморларды израиллылар тәрепинен қыйратқан күни Ешуа Израил халқының алдында Жаратқан Ийеге дуўа етти. Ол халықтың көз алдында былай деди: «Ҳәй қуяш, тур сен Гибон үстинде, Ҳәй ай, сен де Айялон ойпатлығында».
13 Халық өз душпанларынан өшин алғанша, қуяш тоқтап, ай да өз орнында турды. Бул ўақыя Яшар китабында сөз етилген. Қуяш шама менен бир күн бойы аспанның ортасында турды, батыўға асықпады.
14 Жаратқан Ийе адамның сөзине қулақ асқан бундай күн – буннан алдын да, буннан кейин де болған емес. Себеби Жаратқан Ийениң Өзи Израил ушын саўаш жүргизген еди.
15 Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирге Гилгалдағы ордаға қайтып келди.
16 Аморлардың бес патшасы қашып, Маккедадағы бир үңгирге жасырынған еди.
17 Ешуаға: «Бес патша табылды. Олар Маккедадағы бир үңгирге жасырынып алған екен», – деген хабар жетти.
18 Ешуа халыққа былай деди: – Үңгирдиң аўзын үлкен таслар менен жаўыңлар ҳәм сол жерди қорғап турыў ушын сақшылар жибериңлер.
19 Бирақ сизлер қарап тура бермей, душпанларыңыздың изинен қуўыңлар. Оларға арт бетинен ҳүжим жасап, өз қалаларына кетиўине тосқынлық етиңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе оларды сизлерге тәслим еткен.
20 Ешуа ҳәм израиллылар душпанды жүдә аўыр жеңилиске ушыратып, оларды пүткиллей жоқ етти. Ал аман қалғанлар болса, қорған қалаларға барып, баспана тапты.
21 Соңынан пүткил израиллылар аман-есен Маккедадағы ордаға, Ешуаның жанына қайтты. Ҳеш бир адам израиллыларға қарсыласыўға жүрексине алмады.
22 Сонда Ешуа адамларына: – Үңгирдиң аўзын ашып, сол бес патшаны шығарың да, оларды маған алып келиңлер, – деди.
23 Олар бес патшаны, яғный Ерусалим, Хеброн, Ярмут, Лахиш ҳәм Эглон қалаларының патшаларын үңгирден шығарып, Ешуаға алып келди.
24 Патшалар алып келингенде, Ешуа пүткил Израил халқын жыйнады. Өзи менен урысқа қатнасқан әскербасыларға болса: – Жақынырақ келип, аяқларыңызды мына патшалардың желкелерине қойыңлар, – деди. Әскербасылар жақынлап келип, аяқларын патшалардың желкелерине қойды.
25 Ешуа оларға: – Қорқпаңлар ҳәм қәўетерленбеңлер. Күшли ҳәм мәрт болыңлар. Жаратқан Ийе сизлер менен урысатуғын душпанларыңыздың ҳәммесин усындай аўҳалға салады, – деди.
26 Кейин Ешуа бес патшаны өлтирип, оларды бес ағашқа илдирип қойды. Денелер кешке дейин ағашқа илдириўли турды.
27 Қуяш батарда, Ешуаның буйрығы бойынша патшалардың денелери ағашлардан алынып, бурын өзлери жасырынған үңгирдиң ишине тасланды. Ал үңгирдиң аўзы үлкен таслар менен жаўылды. Бул таслар бүгинги күнге дейин сол жерде тур.
28 Ешуа сол күни-ақ Маккеда қаласын басып алды, оның патшасын ҳәм халқын қылыштан өткизди. Ол қалада бирде бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады. Ешуа Ерихо қаласының патшасына не қылған болса, Маккеда қаласының патшасына да соны қылды.
29 Ешуа Израил халқы менен бирликте Маккедадан Либна қаласына барып, қалаға ҳүжим жасады.
30 Жаратқан Ийе қаланы ҳәм оның патшасын израиллыларға тәслим етти. Ешуа пүткил қала халқын қылыштан өткизди, бирде бир тири жан қалдырмады. Ол Ерихо қаласының патшасына не ислеген болса, бул қаланың патшасына да соны иследи.
31 Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирге Либнадан Лахиш қаласына келди ҳәм қала қарсысына орда қурып, ҳүжимге өтти.
32 Жаратқан Ийе Лахишти израиллыларға тәслим етти. Ешуа ертеңине қаланы басып алды. Ол Либнада ислегени сыяқлы, бул қаланың да барлық адамларын қылыштан өткизди.
33 Сонда Гезер қаласының патшасы Ҳорам Лахишке жәрдемге келди. Ешуа ҳеш бир тири жанды аман қалдырмай, оны ҳәм оның әскерлерин қырып таслады.
34 Ешуа Израил халқы менен Лахиштен шығып, Эглонға келди. Ол қала қарсысына орда қурып, ҳүжимге өтти.
35 Олар қаланы сол күни-ақ басып алды. Лахиште ислегени сыяқлы, бул қаланың да барлық адамларын сол күни-ақ қылыштан өткизип, қырып таслады.
36 Соңынан Ешуа Израил халқы менен бирликте Эглоннан Хеброн қаласына келип, оған қарсы ҳүжимге өтти.
37 Олар қаланы қолға киргизип, оның патшасын, халқын ҳәм аўылларындағы барлық адамларды қылыштан өткизди. Эглонда ислегени сыяқлы, Хебронда да ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады.
38 Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирликте изге қайтып, Дебирге қарсы ҳүжим жасады.
39 Олар қаланы, оның патшасын ҳәм аўылларын қолға киргизип, пүткил халықты қылыштан өткизди. Ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады. Хеброн, Либна қалаларына ҳәм олардың патшаларына не ислеген болса, Дебирге ҳәм оның патшасына да соны иследи.
40 Солай етип, Ешуа пүткил елди: таўлы жерлерди, Негебти, батыстағы таў етеклерин ҳәм таў жанбаўырларын қолға киргизип, сол жерлердеги патшалардың барлығын жеңилиске ушыратты. Ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң буйрығына қулақ асып, ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады.
41 Ешуа Қадеш-Барниядан Газаға дейин ҳәм Гибонға дейин созылған пүткил Гошен үлкесин басып алды.
42 Ол бул патшалардың барлығын ҳәм олардың жерлерин бир урыста-ақ қолға киргизди. Өйткени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Израил ушын урысқан еди.
43 Кейин Ешуа Израил халқы менен бирликте Гилгалдағы ордаға қайтып келди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16