Ефеслилер 3 bob

Павел билдирген сыр (1-13), Масихтың сүйиспеншилигин билиў (14-21).

1 Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масих Ийсаның тутқыны болдым.
2 Сизлер ушын Қудайдың Өз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, әлбетте, еситкенсизлер.
3 Жоқарыда қысқаша жазып өткенимдей, Қудай маған Өз сырын аян арқалы билдирди.
4 Бул хатты оқығаныңызда, Масихтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин.
5 Адамзаттың әўелги әўладларынан қупыя тутылып, енди Қудайдың мухаддес елшилерине ҳәм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат:
6 басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳәм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масих Ийса себепли берилген ўәдеге де шерик.
7 Қудайдың ҳәрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жәриялаў ушын хызметке тайынландым.
8 Мен барлық исениўшилер ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масихтың шексиз байлығы ҳаққында жәриялаў ушын, Қудай маған усы мийримин берди.
9 Және де, ҳәмме нәрсени жаратқан Қудай Өзинде әўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳәммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди.
10 Солай етип, Қудайдың мақсети – исениўшилер жәмәәти арқалы аспандағы ҳәкимшиликлерге ҳәм бийликлерге Өзиниң көп қырлы ақыл-даналығын ҳәзир мәлим етиў+.Солай етип, Қудайдың мақсети – исениўшилер жәмәәти арқалы аспандағы ҳәкимшиликлерге ҳәм бийликлерге Өзиниң көп қырлы ақыл-даналығын ҳәзир мәлим етиў.
11 Қудай усы мәңгилик мақсетин Ийемиз Масих Ийса арқалы әмелге асырды.
12 Бизлер Масих пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Қудайға батырлық ҳәм толық исеним менен жақынласа аламыз.
13 Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды өтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди.
14 Сол себептен мен аспандағы Әкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен.
15 Ол аспандағы ҳәм жер жүзиндеги ҳәр қандай миллетке ат берген.
16 Қудай Өз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Өз Руўхы арқалы сизлерге күш- қуўат берсин.
17 Исенимиңиз арқалы Масих жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳәм тийкарланып,
18 барлық исениўшилер менен бирге Масихтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳәм терең екенлигин түсинип алғайсыз.
19 Және де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Қудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз.
20 Бизлерде ҳәрекет етиўши қүдирети менен, Қудай бизлердиң тилеген ҳәм ойлаған ҳәр бир нәрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе.
21 Оның Масих Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жәмәәтинде, әўладтан-әўладқа, мәңгиге даңқы арта берсин! Аўмийин.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16