Елшилер 27 bob

Павелдиң Римге қарай жолға шығыўы (1-12), Теңиздеги даўыл (13-26), Кемениң апатқа ушыраўы (27-44).

1 Италияға кеме менен кетиўге қарар еткенимизде, Павел менен басқа айырым тутқынлар Август әскерий бөлиминен болған Юлий атлы бир жүзбасыға тапсырылды.
2 Азия үлкесиниң жағаларындағы жағысларға баратуғын Адрамиттиң кемесине минип, бизлер жолға шықтық. Жанымызда Салоникадан келген македониялы Аристарх та бар еди.
3 Ертеңине Сидонға жетип келдик. Юлий Павелге адамгершилик ислеп, оның өз мүтәжликлерине жәрдем алыўы ушын, досларына барып келиўине рухсат етти.
4 Ол жерден кеме менен және жолға шықтық. Самал қарсы алдымыздан есип турғанлықтан, Кипр атаўының ық жағы менен жүрдик.
5 Киликия ҳәм Памфилия үлкелериниң қарсы алдындағы теңизден өтип, Ликияның Мира қаласына келдик.
6 Жүзбасы сол жерде Италияға баратуғын Искендериядан келген кемени таўып, бизлерди оған мингизди.
7 Көп күн бойы әсте-ақырын жүзип, зорға дегенде Книдосқа жетип бардық. Самалға қарсы жүзиў қыйын болғанлықтан, Крит атаўының ық жағы менен Салмон қаласының қасынан өттик.
8 Жаға бойлап зордан жүзип, Ласея қаласының қасындағы «Гөззал жағыс» деген жерге келдик.
9 Бизлер көп ўақытты сарп етип алдық. Ҳәтте, яҳудийлердиң ораза күнлери де өтип кеткенликтен, енди жүзиў қәўипли еди. Сонлықтан Павел оларға ескертип:
10 – Адамлар! Бул жолымыз тек жүк ҳәм кеме ушын емес, ал жанларымыз ушын да жүдә қәўип-қәтерли болатуғынын көрип турман, – деди.
11 Бирақ жүзбасы Павелдиң сөзлеринен гөре, кеме айдаўшысы менен кемениң хожайынының сөзине қулақ асты.
12 Жағыс қыслаўға қолайлы болмағанлықтан, кемедегилердиң көбиси жолға шығыўды ҳәм илажы болса Феникске жетип, қысты сол жерде өткизиўди шешти. Феникс – қубла-батыс ҳәм арқа-батыс тәреплерге қараған, Критте жайласқан бир жағыс еди.
13 Қубладан жумсақ самал есе баслағанда, олар өз мақсетимизге жеттик деп ойлап, көшкини көтерди де, Криттиң жағасы менен жүзип кетти.
14 Бирақ көп өтпей, атаў тәрептен «Арқа-шығыс» деп аталатуғын даўыл бастырып келди.
15 Кеме даўыл тәрепинен искенжеге алынып, самалға қарсы тура алатуғын күшимиз болмағанлықтан, бизлер тәслим болып кете бердик.
16 «Кавда» деп аталатуғын бир киши атаўдың ық жағына жеткенимизде, кемениң қайығын зорға дегенде сақлап үлгердик.
17 Кемешилер қайықты жоқарыға тартып шығарып, кемени арқан менен беккем етип байлап қойды. Ливия жағасының қайыр жерлерине тийиўден қорқып, желқомды түсирди де, ығып кете берди.
18 Даўыл бизлерди қатты қыйнағанлықтан, олар ертеңине кемеден жүк ылақтыра баслады.
19 Үшинши күни кемениң қурал-сайманларын да өз қоллары менен теңизге ылақтырды.
20 Көп күн бойы қуяш та, жулдызлар да көринбеди. Даўыл еле қәҳәрли болғанлықтан, ақырында аман қалыўдан үмитимизди пүткиллей үздик.
21 Адамлар көп ўақыттан бери ҳеш нәрсе жемеген еди. Сонда Павел ортаға шығып былай деди: – Адамлар! Маған қулақ асып, Криттен шықпағаныңызда, бундай қәўип-қәтер менен шығынға ушырамаған болар едик.
22 Бирақ енди сизлерди мәрт болыўға шақыраман. Тек кеме ғана апатқа ушырап, араңызда ҳеш бир жан набыт болмайды.
23 Себеби мен тийисли болып, хызмет етип жүрген Қудайдың бир периштеси өткен түни жаныма келип,
24 былай деди: «Қорқпа Павел! Сен Рим патшасыҚайсардың алдына барыўың тийис. Және Қудай сениң менен сапарлас болғанлардың ҳәммесин саған бағышлады».
25 Сонлықтан, адамлар, мәрт болыңлар! Мен Қудайға исенемен: маған не айтылса, сол болады.
26 Бизлер бир атаўға ығызылып апарылыўымыз тийис.
27 Даўылдың басланғанына он төрт күн болғанда, бизлер Адрия теңизинде ығып жүр едик. Шама менен түнниң ярымында кемешилер қандай да бир қурғақлыққа жақынласқанын шамалады.
28 Сонда олар теңиздиң тереңлигин өлшеп, жигирма қулаш екенин билди. Аз-маз ўақыттан соң және өлшеп көргенде, он бес қулаш екенин көрди.
29 Суўдың астындағы жартасқа урылыўымыздан қорқып, олар кемениң арт бетинен төрт көшки ылақтырды да, таңның тезирек атыўын тилеп, дуўа етти.
30 Кемешилер кемеден қашпақшы болып, алдыңғы тәрептен көшки таслаўды сылтаўлады да, қайықты теңизге түсире баслады.
31 Бирақ Павел жүзбасы менен әскерлерге: – Булар кемеде қалмаса, сизлерге аман қалыў жоқ, – деди.
32 Сонда әскерлер қайықтың арқанларын кесип, оны теңизге түсирип жиберди.
33 Таң атайын деп турғанда, Павел ҳәммени аўқат жеўге үгитлеп: – Ҳеш нәрсе жемей аўқатсыз қалып күткениңизге бүгин он төрт күн болды.
34 Сонлықтан аўқат жеп алыўыңызды өтиниш етемен. Бул аман қалыўыңыз ушын зәрүр. Ҳеш қайсысыңыздың бир тал шашыңыз да набыт болмайды, – деди.
35 Павел усыларды айтып болып нанды алды да, ҳәммениң алдында Қудайға шүкирлик билдирип, нанды бөлип жей баслады.
36 Сонда ҳәмме жигерленип, аўқат жеди.
37 Кемеде барлығымыз болып еки жүз жетпис алты жан едик.
38 Аўқатқа тойып болғаннан соң, олар бийдайды теңизге төгип, кемени жеңиллетти.
39 Таң атқанда, кемешилер өзлери келген жерди танымады. Бирақ жағасы қумлық болған бир қолтықты көрип қалып, мүмкин болса, кемени сол жерге апарып тоқтатыўды уйғарды.
40 Көшкилердиң арқанларын кесип, теңизге таслады да, рульлерди байлаған арқанларды шешти. Алдыңғы желқомды самал тәрепке көтерип, жағаға қарай жүзип кетти.
41 Бирақ кеме бир қумлы сайыз жерге тап болып, тумсығы қумға батты да, қыймылдамай қалды. Ал артқы жағы күшли толқынлар тәрепинен соққыланып, сынып кетти.
42 Тутқынлар жүзип қашып кетеди деп ойлап, әскерлер оларды өлтирмекши болды.
43 Бирақ жүзбасы Павелди қутқарғысы келип, әскерлерге бул нийетин иске асырыўға тыйым салды. Соңынан жүзип билетуғынларға биринши болып өзлерин теңизге атып, жағаға шығыўларын буйырды.
44 Ал қалғанлары болса, кимиси тахтай, кимиси кемениң сынық бөлеклеринен услап, олардың излеринен жетип барды. Солай етип, ҳәммеси аман-есен жағаға шықты.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16