Елшилер 16 bob

Тимофейдиң Павел менен Силаға қосылыўы (1-5), Павелдиң Македонияға шақырылыўы (6-10), Павел Филип қаласында (11-15), Павел менен Сила қамақта (16-40).

1 Павел Дербеге, соңынан Листраға келди. Сол жерде анасы исениўши яҳудий, ал әкеси грек болған Тимофей атлы шәкирт бар еди.
2 Листра ҳәм Икониядағы туўысқанлар ол ҳаққында жақсы пикирде еди.
3 Тимофейди өзи менен бирге алып жүриўди қәлеген Павел сол жердеги яҳудийлер себепли, оны сүннет еттирди. Өйткени ҳәмме Тимофейдиң әкесиниң грек екенин билетуғын еди.
4 Олар қаладан-қалаға өтип, Ерусалимдеги елшилер менен ақсақаллар белгилеген қағыйдаларды исениўшилерге орынлаў ушын тапсырды.
5 Солай етип, исениўши жәмәәтлердиң исеними беккемленип, саны күннен-күнге арта берди.
6 Қудайдың сөзин Азия үлкесинде жайыўға Мухаддес Руўх тыйым салғанлықтан, Павел менен оның жолдаслары Фрикия ҳәм Галатия үлкелерин аралап жүрди.
7 Олар Мисияның шегарасына келгенде, Битинияға кирмекши болды, бирақ Ийсаның Руўхы оларға рухсат бермеди.
8 Сонлықтан олар Мисиядан өтип, Троас қаласына келди.
9 Сол күни түнде Павел аян көрди. Македониялы бир адам оның алдында турып: «Македонияға келип, бизлерге жәрдем бер», – деп өтинди.
10 Павел бул аянды көргеннен соң, бизлер дәрриў Македонияға барыўдың ҳәрекетин иследик. Себеби Қудай бизлерди оларға Хош Хабарды жәриялаўға шақырып атыр, деген жуўмаққа келдик.Бизлер Троастан кеме менен шығып, туўры Самотракияға, ертеңине Неаполиске жүзип бардық.
11 Бизлер Троастан кеме менен шығып, туўры Самотракияға, ертеңине Неаполиске жүзип бардық.
12 Ол жерден Македония үлкесиниң ең баслы қаласы, Римниң қол астында болған Филипке жетип келдик. Бул қалада бир неше күн қалдық.
13 Бизлер бул жерде яҳудийлер дуўа ететуғын орын бар деп ойлап, дем алыс күни қала дәрўазасынан сыртқа, дәрьяның жағасына шықтық. Бизлер отырып, сол жерге жыйналған ҳаялларға сөйлей басладық.
14 Тыңлаўшылар арасында Тиатира қаласынан келген, қымбат баҳалы гезлемелерди сатыўшы Лидия атлы бир ҳаял бар еди. Ол Қудайға сыйынатуғын еди. Павелдиң сөзлерине қулақ салыўы ушын, Ийемиз оның кеўлин ашты.
15 Лидия үй-иши менен бирге суўға шомылдырылғаннан соң, бизлерди үйине мирәт етип: «Мени Ийемизге исенеди, деп есаплайтуғын болсаңлар, келиңлер, үйимде болыңлар», – деп бизлерди көндирди.
16 Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына көп пайда келтиретуғын еди.
17 Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип: – Бул адамлар – Қүдиретли Қудайдың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! – деп бақырып жүрди.
18 Бул көп күн тәкирарланды. Ақырында Павелдиң жанына тийип, ол арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа: – Ийса Масих аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди. Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти.
19 Шорының хожайынлары пайда көриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды.
20 Оларды Рим ҳәкимлериниң алдында турғызып: – Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте.
21 Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрпәдетлерди жәриялап жүр, – дести.
22 Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Ҳәкимлер Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди.
23 Оларды көп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды.
24 Усындай буйрық алған қамақхана хызметкери оларды қамақхананың ишки бөлмесине қамап, аяқларын буғаў менен қысып таслады.
25 Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Қудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады.
26 Бирден жер қатты қозғалып, қамақхананың тырнағы силкинди ҳәм сол ўақытта-ақ барлық қапылар ашылып, ҳәммениң шынжырлары шешилип кетти.
27 Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин көрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол өзин өлтирмекши болып, қылышын суўырып алды.
28 Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып: – Өз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди.
29 Қамақхана хызметкери шыра әкелдирип, ишке жуўырып кирди де, қалтырап, Павел менен Силаның алдына жығылды.
30 Оларды сыртқа шығарып: – Мырзалар, қутқарылыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
31 Олар: – Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, үй-ишиң де қутқарыласыз, – деди.
32 Соңынан олар оның өзине ҳәм үйиндегилердиң ҳәммесине Ийемиздиң сөзин айтты.
33 Қамақхана хызметкери түнниң сол сәтинде оларды алып кетип, жарақатларын жуўды да, дәрриў өзи ҳәм пүткил үй-иши суўға шомылдырылды.
34 Ол Павел менен Силаны үйине әкелип, алдыларына дастурхан жайды. Қудайға исенгенине пүткил үй-иши менен қуўанды.
35 Таң атқанда, ҳәкимлер: «Сол адамларды босатыңлар», – деген буйрық пенен сақшыларды жоллады.
36 амақхана хызметкери бул сөзлерди Павелге хабарлап: – Ҳәкимлер сизлерди босатыў ушын адам жоллапты. Енди шығып, аман-есен кете бериңлер, – деди.
37 Бирақ Павел сақшыларға былай деди: – Рим пуқаралары болған бизлерди халық алдында ҳүкимсиз сабап, қамаққа салды. Енди бизлерди жасырын қуўып жибермекши ме? Бул болмайды! Бизлерди өзлери келип шығарсын!
38 Сақшылар бул сөзлерди ҳәкимлерге жеткизип барды. Ҳәкимлер Павел менен Силаның Рим пуқаралары екенин еситкенде қорқып кетти.
39 Келип, кеширим сорады. Соңынан оларды сыртқа шығарып, қаладан кетиўлерин өтинди.
40 Павел менен Сила қамақтан шығып, Лидияның үйине барды. Сол жерде туўысқанларды көрип, оларды жигерлендиргеннен соң, жолға шықты.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16