Матта 27 bob

Ийсаның Пилаттың алдына апарылыўы (1-2), Яҳуданың өзин өзи өлтириўи (3-10), Өлим ҳүкими (11-26), Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы (27-31), Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи (32-44), Ийсаның жан тапсырыўы (45-56), Ийсаның қәбирге қойылыўы (57-61), Қәбирди қараўыллаў (62-66).

1 Таң атқанда, барлық бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Ийсаны өлтириў туўралы кеңести де,
2 Оны байлатып, римли ҳәким Понтий Пилатқа апарып тапсырды.
3 Сонда Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда Оның жазаға ҳүким етилгенин көрип өкинди де, алған отыз гүмис теңгени бас руўханийлер менен халық ақсақалларына қайтарып берип:
4 – Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды төктирип, гүна иследим, – деди. Олар оған: – Бизлерге не? Өзиң бил, – деди.
5 Сонда Яҳуда гүмисти Ибадатхананың ишине ылақтырып таслады да, сыртқа шығып кетип, асылып өлди.
6 Бас руўханийлер гүмисти алып: – Буны Ибадатхана қазнасына салыўға болмайды, себеби бул қанның қуны-ғо, – деди.
7 Олар өз ара ойласып, сол ақшаға гүлалшының егислик жерин сатып алды да, оны жат жерден келгенлерди жерлеўге арнады.
8 Сонлықтан сол жер усы күнге дейин «Қан жери» деп аталады.
9 Солай етип, Еремия пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды: «Олар отыз гүмис теңгени, яғный Израилдың урпақлары баҳалаған Оның қунын алып,
10 Жаратқан Ийемниң маған айтқанындай, гүлалшының егислик жери ушын берди».
11 Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди.
12 Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди.
13 Сонда Пилат Оған: – Саған қарсы қаншама гүўалықлар айтып атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди.
14 Бирақ Ийсаның өзиниң бирде бир сөзине жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды.
15 Қутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў – ҳәкимниң әдети еди.
16 Сол ўақытта қамақта Бараба деген белгили бир жынаятшы бар еди.
17 Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди: – Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Барабаны ма ямаса Масих деп аталатуғын Ийсаны ма?
18 Өйткени ол олардың Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
19 Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли көп азап шектим».
20 Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп: – Барабаны босатып берип, Ийсаны өлтириўди талап етиңлер, – деди.
21 Ҳәким олардан және: – Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады. Олар: – Барабаны, – деди.
22 Пилат оларға: – Ал Масих деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады. Олардың ҳәммеси де: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деди.
23 Ал Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар бурынғысынан бетер: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деп бақырысты.
24 Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың көз алдында қолын жуўып: – Бул Адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди.
25 Пүткил халық: – Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды.
26 Сонда Пилат оларға Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
27 Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәкимниң ҳәўлисине алып барып, оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады.
28 Оның кийимлерин шешип, үстине шым қызыл шапан кийгизди де,
29 тикенли шыбықлардан таж өрип, Оның басына салды. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдында дизелерин бүгип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти.
30 Оған түкирип, қамысты алып, Оның басына урды.
31 Оны мазақ қылып болғаннан соң, үстиндеги шым қызыл кийимди шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
32 Әскерлер шығып баратырғанда Симон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи.
33 Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде,
34 олар Ийсаға өт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып көрип, ишиўден бас тартты.
35 Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин өз ара бөлисти,
36 соңынан отырып, Оны қараўыллады.
37 Оның айыбын көрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды бас бетиндеги ағашқа қағып қойды.
38 Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашларға шегеледи.
39 Ийсаның жанынан өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оны мазақ етип:
40 – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, қәнекей, Өзиңди Өзиң қутқар! Атанақ ағаштан түсип көрши! – дести.
41 Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оның үстинен күлип былай деди:
42 – Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенермиз.
43 Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман», – деген еди-ғо.
44 Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти.
45 Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
46 Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен: – Ели, Ели! Лама сабахтани? (Яғный: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?») – деп бақырды.
47 Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ол Илиясты шақырып атыр, – дести.
48 Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына сиңдирди де, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди.
49 Ал басқалары: – Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, көрейик, – дести.
50 Ийса және қатты даўыслап бақырды да, жан тапсырды.
51 Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды.
52 Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддес адамлардың көбиси қайта тирилди.
53 Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм көп адамларға көринди.
54 Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып: – Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести.
55 Сол жерде узақтан қарап турған көп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди.
56 Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптың анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди.
57 Кеш болғанда, Ариматиядан Юсуп атлы бир бай адам келди. Ол да Ийсаның шәкирти еди.
58 Ол Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Пилат оған бериўди буйырды.
59 Юсуп денени алып, оны таза кепинликке орады да,
60 өзиниң жартаста ойылған жаңа қәбирине апарып қойды. Соңынан үлкен бир тасты домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды.
61 Магдалалы Мәриям менен басқа Мәриям сол жерде, қәбирдиң қарсысында отырған еди.
62 Келеси күни, яғный яҳудийлердиң таярлық күнинен кейинги дем алыс күни бас руўханийлер менен парисейлер Пилаттың алдына жыйналып,
63 оған: – Тақсыр! Ана өтирикшиниң тири ўақтында: «Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», – дегени есимизге түсти.
64 Сонлықтан да, шәкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол өлимнен қайта тирилди», – деп айтпаўы ушын, Оның қәбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады, – деди.
65 Пилат оларға: – Сақшылар бар-ғо. Барып, қәбирди өз билгенлериңизше гүзетиңлер, – деди.
66 Олар барып, тасқа мөр басты да, қәбирге сақшы қойды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16