Езекиел 20 bob

Опасыз Израил (1-44), Қубладағы өрт (45-49).

1 Сүргин болған ўақтымыздың жетинши жылының бесинши айының оныншы күни Израил ақсақалларынан айырымлары Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сораў ушын мениң алдыма келди+.
2 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
3 – Инсан улы! Израил ақсақаллары менен сөйлесип, «Қудай Ийе: Сизлер Меннен мәсләҳәт сораў ушын келдиңиз бе? – дейди», – деп айт. «Тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: сизлерге ҳеш қандай мәсләҳәт бермеймен, – дейди Қудай Ийе».
4 – Оларды ҳүким қыл! Оларды ҳүким қыл, инсан улы! Оларға атабабаларының жеркенишли ислерин айтып бер.
5 Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен Израилды таңлаған күним, Яқыптың урпақларына ант ишкенмен ҳәм Мысырда Өзимди танытқанман. Мен оларға ант ишип: „Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан“, – дегенмен.
6 Сол күни Мен оларға, өзлерин Мысырдан шығарып, олар ушын гөзлеген жер бетиндеги ең әжайып үлкеге, сүт ҳәм пал ағып турған жерге алып баратуғынымды айтып ант берген едим.
7 Оларға: „Ҳәр бир адам өзи кеўил берген жеркенишли мүсинлерин ылақтырып тасласын, Мысыр бутлары менен өзлерин ҳарамламасын. Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийемен“, – деген едим.
8 Бирақ олар Маған қарсы бас көтерди ҳәм Мени тыңламады. Кеўил қойған жеркенишли мүсинлерин ылақтырып тасламады ҳәм Мысыр бутларынан жүз бурмады. Сонда Мен Мысырда-ақ қәҳәримди төгип, ғәзебимди толық шашпақшы болдым.
9 Бирақ олар арасында жасаған миллетлер алдында атыма иснат келтирмеў ушын, Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим. Мен ол миллетлердиң көзиниң алдында израиллыларды Мысырдан алып шығып, Өзимди оларға таныттым.
10 Мен оларды Мысырдан шығарып, шөлге алып келдим.
11 Өз қағыйдаларымды бердим ҳәм нызамларымды жәрияладым. Оларға әмел қылған ҳәр бир адам олар арқалы жасайды.
12 Және, өзлерин мухаддес қылатуғын Мен, Жаратқан Ийе екенимди билсин деп, Өзим ҳәм олар арасындағы белги ретинде Шаббатымды бердим.
13 Деген менен, Израил халқы шөлде де Маған қарсы шықты. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмады, нызамларымды менсинбеди. Усыларды орынлаған адам олар арқалы аман қалатуғын еди. Олар Шаббатымды да толық хорлады. Сонда Мен олардың үстине ғәзебимди төгип, шөлде оларды қырып жибермекши болдым.
14 Бирақ Израилды Мысырдан алып шыққанымды көрген миллетлер алдында атыма иснат келмесин деп, Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим.
15 Оларды өзлерине бермекши болған жер бетиндеги ең әжайып үлкеге, сүт ҳәм пал ағып турған жерге алып бармайтуғынымды айтып, шөлде ант иштим.
16 Себеби олар Мениң нызамларымды менсинбеди, қағыйдаларыма әмел қылмады ҳәм Шаббатымды хорлады. Олардың жүреги бутларға берилген еди.
17 Деген менен, оларды қырып жибериўге көзим қыймады ҳәм Мен оларды шөлде жоқ қылмадым.
18 Мен шөлде олардың балаларына былай дедим: „Аталарыңыздың үрп-әдетлери бойынша жүрмең, олардың бутлары менен өзлериңизди ҳарамламаң.
19 Мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мениң қағыйдаларыма әмел қылың ҳәм нызамларымды муқыятлы түрде орынлаң.
20 Шаббатымды мухаддес тутың. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Мен екенимди билиўиңиз ушын, олар бизлердиң арамызда белги болады“.
21 Бирақ балалары да Маған қарсы бас көтерди. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмады, нызамларымды орынлаўға ҳәрекет етпеди. Адам оларды орынлаўы арқалы аман қалатуғын болса да, оларды орынламады, Шаббатымды хорлады. Сонда Мен шөлде оларға ғәзебимди төгип, қәҳәримди толық шашпақшы болдым.
22 Солай болса да, Израилды Мысырдан алып шыққанымды көрген миллетлер алдында атыма иснат келмесин деп, қолымды тарттым ҳәм Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим.
23 Және де, шөлде оларды миллетлер арасына тарқатып, ел бойлап шашып жиберемен деп ант иштим.
24 Себеби олар Мениң нызамларымды орынламады, қағыйдаларымды менсинбеди, Шаббатымды хорлады ҳәм ата-бабаларының бутларына қуштарлана көз тикти.
25 Сонлықтан Мен оларды жақсы болмаған қағыйдалардың ҳәм адам орынлағаны менен аман қалмайтуғын нызамлардың бийлигине тапсырдым.
26 Оларды қорқытыў ушын ҳәм олар Мениң Қудай Ийе екенимди билиўи ушын, өзлери берген сыйлар, яғный ҳәр бир туңғыш перзентин отта жағып, қурбанлық келтириўи арқалы оларды ҳарамладым».
27 – Солай екен, инсан улы, Израил халқы менен сөйлесип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ата-бабаларыңыз және опасызлық қылды ҳәм бул арқалы Маған тил тийгизди.
28 Мен беремен деп ант ишкен жериме оларды алып барғанымда, олар көрген ҳәр бир бийик төбешикте ҳәм ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында өз қурбанлықларын шалды. Ол жерде Мениң ғәзебимди келтиретуғын садақаларды берди, хош ийисли түтеткилерди түтетти ҳәм ишимлик садақаларын қуйды.
29 Сонда Мен олардан: „Сизлер барып атырған бул қандай сыйыныў орны?“ – деп сорадым». Сонлықтан сондай орынлар бүгинги күнге дейин «сыйыныў орны» деп аталады.
30 – Солай екен, Израил халқына Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Сизлер де ата-бабаларыңызға еликлеп, өзлериңизди ҳарамламақшымысыз? Олардың жеркенишли мүсинлери менен бузықшылық қылмақшымысыз?
31 Усы күнге дейин, сизлер балаларыңызды отта жағып, қурбанлық қылып усыныў арқалы, пүткил бутларыңыз бенен өзлериңизди ҳарамлап киятырсыз. Солай ислей отырып, Израил халқы, Меннен мәсләҳәт сорамақшымысыз? Тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: сизлерге ҳеш қандай мәсләҳәт бермеймен, – дейди Қудай Ийе.
32 – Сизлер: „Бизлер де басқа миллетлер, басқа жерлердеги қәўимлер сыяқлы, ағаш ҳәм тасларға сыйынайық“, – дейсиз. Бирақ ойыңызға келген бул ислериңиз әмелге аспайды.
33 Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: күшли билегим, созылған қолым ҳәм лаўлаған ғәзебим менен үстиңизден патшалық қыламан.
34 Күшли билегим, созылған қолым ҳәм лаўлаған ғәзебим менен сизлерди халықлардың арасынан шығарып, тарқап кеткен жерлериңизден жыйнап аламан.
35 Кейин сизлерди халықлардың шөл даласына алып барып, сол жерде жүзбежүз ҳүким шығараман.
36 Мысыр жериндеги шөлде атабабаларыңызға қандай ҳүким шығарған болсам, сизлерге де сондай ҳүким шығараман, – дейди Қудай Ийе.
37 – Сизлерди ҳаса таяғым менен барлап шығып, келисимиме бойсыныўға мәжбүр етемен.
38 Қозғалаңшыларды ҳәм Маған бойсынбайтуғынларды сизлерден айыраман. Оларды сүргинде болған елден алып шыққаным менен, олар Израил жерине кирмейди. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
39 Сизлер туўралы, Израил халқы, Қудай Ийе былай дейди: Егер Маған қулақ салмайтуғын болсаңыз, онда ҳәр бириңиз өз бутларыңызға хызмет ете бериңлер. Бирақ сыйларыңыз ҳәм бутларыңыз арқалы Мениң мухаддес атыма артық иснат келтирмеңлер.
40 Енди Мухаддес таўымда, Израилдың бийик таўында, – дейди Қудай Ийе, – сол жерде қанша Израил халқы болса, ҳәммеси Маған хызмет етеди. Сол жерде Мен оларды ыразылық пенен қабыл етемен. Барлық мухаддес затларыңыз бенен бирге садақаларыңызды ҳәм өнимиңиздиң биринши бөлеклерин сол жерде талап етемен.
41 Сизлерди халықлардың арасынан алып шығып, тарап кеткен жерлериңизден жыйнап алғанымда, сизлерди хош ийисли түтетки сыпатында қабыл етемен ҳәм миллетлердиң көзлериниң алдында Өз мухаддеслигимди аян етемен.
42 Сизлерди ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жериме, Израил жерине алып келгенимде, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
43 Cол жерде өзлериңизди ҳарамлаған жолларыңызды, ислеген жаўыз ислериңизди есиңизге аласыз ҳәм ислеген барлық жаўызлықларыңыз себепли өзиңизден өзиңиз тиксинесиз.
44 Израил халқы, Мен сизлердиң тутқан жаман жолларыңызға ҳәм жарамас ислериңизге қарай емес, ал Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еткенимде, Сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз, – дейди Қудай Ийе».
45 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
46 – Инсан улы, жүзиңди қублаға қаратып, қублаға ўаз айт ҳәм сол жердеги тоғайға қарсы пайғамбаршылық қыл.
47 Қубладағы тоғайға былай деп айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңла! Қудай Ийе былай дейди: Мен ишиңде от тутандыраман, ол сендеги барлық ағашларды, жасылын да, қуўрағанын да жоқ қылады. Лаўлаған от өшпейди, қубладан арқаға шекемги барлық жерлер жанып күйдириледи.
48 Пүткил инсан улы бул отты Жаратқан Ийениң, Мениң жаққанымды көреди, от өшпейди».
49 Сонда мен: – Аҳ, Қудай Ийе! Бул адамлар мен туўралы: «Бул адам тымсал айтып жүрген жоқ па?» – деп айтпақта, – дедим.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16