Еремия 52 bob

Ерусалимниң қулаўы (1-23), Яҳуда халқының Бабилонға сүргин етилиўи (24-30), Еҳоякинниң тутқыннан босатылыўы (31-34).

1 Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасы либналы Еремияның қызы Хамутал еди.
2 Седекия да Еҳоякимге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
3 Жаратқан Ийе Ерусалим менен Яҳудаға ғәзепленгени ушын, оларды Өз дәргайынан қуўып жиберди. Седекия Бабилония патшасына қарсы бас көтерди.
4 Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил ордасы менен Ерусалимге келип, оның қарсысына орналасты. Қаланың айланасына топырақ үйди.
5 Солай етип, Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин, қала қамалда болды.
6 Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, үлке халқы бир тислем нанға зар болды.
7 Сол ўақытта қала дийўалы қулады. Калдейлер қаланы айлана қоршап турған болса да, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы, еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
8 Калдей ләшкерлери патшаны қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетип алды. Пүткил әскерлери Седекияны таслап қашып кетти.
9 Калдейлер Седекияны тутқынға алып, Хамат үлкесиниң Рибла қаласында болған Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды. Сол жерде патша Седекияның үстинен ҳүким шығарды.
10 Бабилония патшасы Риблада Седекияның улларын көз алдында баўызлатты. Және де, ол Яҳуданың барлық ҳәмелдарларын да баўызлатты.
11 Буннан кейин, Седекияның көзлерин ойдырды, оны қола шынжыр менен байлатып, Бабилонға алып кетти. Оны өлимине дейин зинданда сақлады.
12 Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының оныншы күни патшаның сақшыларының баслығы ҳәм Бабилония патшасының ҳәмелдары Набузарадан Ерусалимге келди.
13 Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасын, патшаның сарайын ҳәм Ерусалимдеги үйлердиң ҳәммесин ҳәм пүткил зәўлим жайларды өртеди.
14 Патшаның сақшыларының баслығы менен келген калдей әскерлери Ерусалимди қоршап турған барлық дийўалларды қулатты.
15 Патшаның сақшыларының баслығы Набузарадан халықтың кәмбағалларын, қалада аман қалғанларын, Бабилония патшасы тәрепке өткенлерди ҳәм тири қалған өнерментшилерди сүргин қылып, алып кетти.
16 Тек бағшылық ҳәм дийханшылық пенен шуғыллансын деп, жарлылардан айырымларын сол жерде қалдырды.
17 Калдейлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қола сүтинлерди, түбелдириклерди, қола ҳәўизди бөлеклеп, қолаларды Бабилонға алып кетти.
18 Олар Ибадатхана хызмети ушын қолланылатуғын шоқ салынатуғын ыдысларды, күл алатуғын белшелерди, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, тостағанларды ҳәм барлық қола буйымларды алып кетти.
19 Патшаның сақшыларының баслығы ләгенлерди, шоқ салынатуғын ыдысларды, қан себетуғын табақларды, күл салынатуғын ыдысларды, шыра қойғышларды, тостағанларды ҳәм табақларды – алтыннан исленген затларды, гүмистен исленген затларды алып кетти.
20 Патша Сулайманның Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеткен еки сүтини, бир ҳәўизи ҳәм ҳәўиз астындағы он еки қола өгиз ушын сарп етилген қоланы өлшеў мүмкин болмады.
21 Ҳәр бир сүтинниң бийиклиги он сегиз шығанақ, домалақ айланасы он еки шығанақ, қалыңлығы төрт ели болып, иши бос еди.
22 Сүтинниң төбесинде қола төбелик бар еди. Оның бийиклиги бес шығанақ болып, айналасындағы тор ҳәм анар әшекөйлер де қоладан исленген еди. Екинши сүтин де анар әшекөйлер менен безелген еди.
23 Ҳәр тәрепте тоқсан алты анар, тордың үстиндегиси менен ҳәммеси болып жүз анар бар еди.
24 Патшаның сақшыларының баслығы бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм лаўазымлы руўханийлерден үшеўин тутқынға алды.
25 Және де, ол қалада қалған әскерлерге әскербасы етип қойылған бир сәркәрданы, қаладан табылған патшаның жети ўәзирин, үлке халқын әскерий дизимге алыўшы баслықтың хаткерин ҳәм ел турғынларының алпыс адамын тутқынға алды.
26 Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Рибладағы Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды.
27 Бабилония патшасы оларды Хамат жериниң Рибла қаласында өлтирди. Яҳуда халқы өз жеринен сүргин қылынды.
28 Набуходоносор сүргин қылып алып келген халықтың саны мынадай: патшалығының жетинши жылында үш мың жигирма үш яҳудийди,
29 патшалығының он сегизинши жылында Ерусалим турғынларынан сегиз жүз отыз еки адамды,
30 жигирма үшинши жылы болса сақшылар баслығы Набузарадан жети жүз қырық бес адамды сүргин етип алып келди. Сүргин етилгенлер жәми төрт мың алты жүз адам еди.
31 Яҳуда патшасы Еҳоякин сүргин қылынғанының отыз жетинши жылы Бабилонға Эўил-Меродах патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма бесинши күни Яҳуда патшасы Еҳоякинге жақсылық қылып, оны тутқынлықтан азат етти.
32 Ол Еҳоякин менен жыллы сөйлести ҳәм оны өзи менен бирге болған басқа патшалардан үстин қойды.
33 Еҳоякин қамақтағы кийимлерин өзгертти ҳәм өмириниң ақырына дейин патша дастурханынан аўқатланды.
34 4Оның күнделикли керек-жарағы өмир бойы, өлимине дейин, ҳәр күни патша тәрепинен берилди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16