Еремия 34 bob

Седекия ушын хабар (1-7), Қул нызамының бузылыўы (8-22).

1 Бабилония патшасы Набуходоносор өзиниң барлық ләшкерлери, қол астындағы жерлердиң барлық патшалықлары ҳәм халықлары менен бирге Ерусалим ҳәм оның дөгерегиндеги қалаларға қарсы урысып атырған ўақытта, Жаратқан Ийеден Еремияға сөз түсти:
2 – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Яҳуда патшасы Седекияға барып айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен бул қаланы Бабилония патшасы Набуходоносордың қолына тапсыраман. Ол қалаға от қояды.
3 Сен оның қолынан қутыла алмайсаң, сөзсиз тутып алынып, оған тапсырыласаң. Сен Бабилония патшасын өз көзлериң менен көресең, оның менен жүзбе-жүз сөйлесесең. Сен Бабилонға алып кетилесең».
4 Деген менен, Яҳуда патшасы Седекия, Жаратқан Ийениң мына сөзин де тыңла, Сен туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: – Сен қылыштан қаза таппайсаң,
5 тынышлық пенен көз жумасаң. Саған дейинги болған патшалардың, ата-бабаларыңның ҳүрметине қалай от жағылған болса, сениң ҳүрметиңе де солай от жағылып: Ўай-ўай тақсырым! – деп жоқлаў айтылады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып атырман.
6 Еремия пайғамбар булардың ҳәммесин Ерусалимдеги Яҳуда патшасы Седекияға айтып берди.
7 Сол ўақытта Бабилония патшасының ләшкерлери Ерусалим менен, Яҳуданың еле тәслим болмаған қалалары Лахиш ҳәм Азеқа менен урысып атырған еди. Яҳуданың қорғанлы қалаларынан тек усылар қалған еди.
8 Седекия патша Ерусалимдеги пүткил халық пенен келисим дүзип, қулларды азат етиўди жәриялағаннан кейин, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
9 Бул келисим бойынша, ҳәр бир адам өзиниң еврей қулын ҳәм шорысын азат етип, ҳеш ким артық өз туўысқаны болған яҳудалыны қуллықта усламаўы тийис еди.
10 Пүткил басшылар ҳәм халық бул келисимге бойсынып, өзлериниң қул ҳәм шорыларын азат етиўге ҳәм оларды артық қуллықта усламаўға ыразы болды ҳәм оларды азатлыққа шығарды.
11 Бирақ кейин пикиринен қайтып, азатлыққа шығарған қулларын ҳәм шорыларын мәжбүрлеп алып келип, оларды және қулға айландырды.
12 Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13 – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен атабабаларыңызды Мысырдан, қул болған жеринен алып шыққанымда, олар менен келисим дүзип:
14 «Өзлерин сизлерге қул етип сатып, алты жыл сизлерге хызмет еткен еврей туўысқаныңызды жетинши жылы азатлыққа шығарың», – деген едим. Бирақ ата-бабаларыңыз Мени тыңламады, қулақ аспады.
15 Енди сизлер тәўбе қылып, ҳәр бириңиз өз туўысқаныңыздың азатлығын жәриялап, Мениң нәзеримде туўры болған исти иследиңиз. Мениң атым менен аталған Ибадатханамда, алдымда турып келисим дүздиңиз.
16 Кейин сөзиңизден танып, Мениң атыма иснат келтирдиңиз. Сизлер азат еткеннен кейин, өзлери қәлеген жерге кеткен қул ҳәм шорыларыңызды қайтарып алып келип, қул болыўға мәжбүрледиңиз.
17 Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: – Маған қулақ салмадыңыз, ҳәр бириңиз туўысқаныңызды ҳәм қоңсыңызды босатып жибермедиңиз. Сол себепли Мен сизлерди қылыш, оба ҳәм ашлыққа қарай босататуғынымды жәриялайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Сизлерди көрген жер жүзиндеги барлық патшалықлар қорқынышқа түседи.
18 Келисим дүзгенде тананы екиге бөлип, оның арасынан өткен едиңиз. Мен келисимимди бузып, алдымда дүзген келисим шәртлерин орынламағанларды сол тана киби екиге бөлемен.
19 Тананың еки бөлеги арасынан өткен Яҳуда ҳәм Ерусалим басшыларын, сарай хызметкерлерин, руўханийлерин ҳәм бул жердиң пүткил халқын
20 душпанларының ҳәм жанын алмақшы болғанлардың қолына беремен. Олардың денелери аспандағы қусларға ҳәм жердеги ҳайўанларға жем болады.
21 Яҳуда патшасы Седекияны ҳәм оның ҳәмелдарларын олардың душпанларына ҳәм жанын алмақшы болғанлардың қолына, сизлерден шегинген Бабилония патшасының ләшкерлерине тапсыраман.
22 Мен буйрық берип, – дейди Жаратқан Ийе, – бабилонлыларды бул қалаға қайтып алып келемен. Олар қалаға ҳүжим етип, оны қолға алады ҳәм жағып жибереди ҳәм Мен Яҳуда қалаларын адам жасамайтуғын шөлге айландыраман.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16