Еремия 25 bob

Жетпис жыллық сүргин (1-14), Жаратқан Ийениң ғәзеп кесеси (15-38).

1 Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылы, Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының биринши жылы Еремияға пүткил Яҳуда халқы ҳаққында аян болды.
2 Пайғамбар Еремия буны пүткил Яҳуда халқына ҳәм Ерусалим турғынларына жеткерип, былай деди:
3 – Мине, жигирма үш жылдан бери, Яҳуда патшасы Амон улы Иошияның патшалығының он үшинши жылынан, усы күнге дейин Жаратқан Ийениң сөзи маған түсти. Мен оларды сизлерге қайтақайта айттым, бирақ сизлер тыңламадыңыз.
4 Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарларды сизлерге қайта-қайта жиберсе де, оларға қулақ салмадыңыз, итибар да бермедиңиз.
5 Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарларды сизлерге қайта-қайта жиберсе де, оларға қулақ салмадыңыз, итибар да бермедиңиз.
6 Басқа қудайларға ермең, хызмет етпең ҳәм табынбаң. Қолларыңыз бенен ислеген бутлар менен ғәзебимди келтирмең. Сонда Мен де сизлерге зыян келтирмеймен».
7 – Бирақ сизлер Мени тыңламай, – дейди Жаратқан Ийе, – қолларыңыз бенен ислеген бутларыңыз себепли ғәзебимди келтирдиңиз ҳәм өзиңизге зыян жеткиздиңиз.
8 Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мениң сөзлеримди тыңламағаныңыз ушын,
9 Мен арқадағы барлық халықларды ҳәм Бабилония патшасы болған қулым Набуходоносорды шақыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды бул жердиң пүткил турғынларына ҳәм айналасындағы барлық миллетлерге қарсы атландыраман. Бул халықларды пүткиллей жоқ қыламан. Оларды көргенлер ҳүрейи ушып, қорқатуғын қылып, мәңгилик қарабақанаға айландыраман.
10 Оларды қуўаныш ҳәм шадлықтан жуда қыламан, келин-күйеўдиң тойының сести еситилмейди, дигирман сести де тынады, шырағы сөнеди.
11 Пүткил ел қаңырап, қарабақанаға айланады. Бул миллетлер жетпис жыл Бабилония патшасына хызмет етеди.
12 Жетпис жыл өткеннен кейин Мен Бабилония патшасын, оның халқын ҳәм калдейлердиң елин қылған қылмысы ушын жазалап, – дейди Жаратқан Ийе, – жерин мәңгиликке шөл далаға айландыраман.
13 Мен сол жерге қарсы айтқанларымның ҳәммесин, бул китапта жазылғанлардың ҳәммесин, яғный Еремияның пүткил миллетлер туўралы айтқан пайғамбаршылықларын әмелге асыраман.
14 Көп миллетлер ҳәм уллы патшалар оларды қул қылады. Мен оларға ис-ҳәрекетине ҳәм қолларының исине сай қайтараман».
15 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе маған былай деди: – Мына Мениң қәҳәримниң шарабына толған кесени қолымнан ал да, Мен сени жиберетуғын миллетлердиң ҳәммесине оны ишкиз.
16 Олар сол кеседен ишип, тентиреклейди ҳәм ақылын жойтады. Аўа, Мен оларға қылыш жиберемен.
17 Мен кесени Жаратқан Ийениң қолынан алып, Жаратқан Ийе мени жиберген миллетлердиң ҳәммесине оннан ишкиздим.
18 Бүгин болғаны киби ўайраншылық, қорқыныш, масқарашылық ҳәм нәлет болсын деп, Ерусалимге, Яҳуда қалаларына, оның патшалары менен басшыларына ишкиздим.
19 Сондай-ақ Мысыр патшасы фараонға, оның хызметкерлерине, басшыларына ҳәм пүткил халқына,
20 Мысырда жасап атырған барлық келгиндилерге, Ус жериниң барлық патшаларына, Филист жериндеги: Ашкелон, Газа, Экрон патшаларына ҳәм Ашдодтың аман қалғанларының патшасына,
21 Эдомға, Моабқа ҳәм аммонларға,
22 Тирдиң барлық патшаларына, Сидонның барлық патшаларына, теңиз жағалаўларындағы ҳәм атаўлардағы патшаларға,
23 Деданға, Темаға, Бузға ҳәм тулымшақларын кесип жүретуғынлардың ҳәммесине,
24 барлық Арабстан патшаларына ҳәм шөлде жасайтуғын аралас қәўимлердиң барлық патшаларына,
25 Зимрийдиң, Эламның ҳәм Мидияның барлық патшаларына,
26 узақ-жақын жердеги барлық арқа патшаларына ҳәм жер бетиндеги барлық патшалықларға нәўбетпе-нәўбет ишкиздим. Булардың ҳәммесинен кейин, Бабилония патшасы да ишеди.
27 – Соңынан оларға айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Ишип, мәс болың, қусың ҳәм өзлериңизге жиберетуғын қылышымнан қайтып турмайтуғындай болып қулаң».
28 Егер олар сениң қолыңнан кесени қабыл қылып, ишиўден бас тартса, оларға айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сөзсиз ишесиз!
29 Мине, Мен Өз атым менен аталған қалаға апат жибериўди басладым. Сизлер жазасыз қаламан деп ойлайсыз ба? Жазасыз қалмайсыз, себеби Мен жер бетинде жасап атырған ҳәр бир адамға қылыш жиберемен, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси».
30 Сонлықтан мына сөзлердиң ҳәммесин оларға пайғамбаршылық етип айт: «Жаратқан Ийе жоқарыдан гүркиреп, Мухаддес мәканынан саза береди. Өз жайлаўындағы халқына бар даўысы менен гүркирейди. Пүткил жер бети турғынларына қарсы, Жүзим басқылағанның бақырғанындай бақырады.
31 Ақырыўы жер бетиниң ушларына жетеди, Себеби Жаратқан Ийениң миллетлерге даўасы бар. Ол пүткил адамзатқа ҳүким шығарып, Залымларды қылыштан өткереди, – дейди Жаратқан Ийе».
32 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Қараңлар, апат халықтан халыққа өтпекте. Жер бетиниң шетинен, Қорқынышлы даўыл турмақта.
33 Сол күни Жаратқан Ийе өлтиргенлер жердиң бир шетинен екинши шетине дейин жайрап қалады. Оларға жоқлаў айтылмайды, жыйнап алынбайды, жерленбейди, тезек сыяқлы шашылып жатады.
34 Шопанлар жылап, дад-пәрияд қылың! Сүриўдиң басшылары, күлге аўнаң! Сизлердиң баўызланып, тарқатылатуғын күниңиз келди, Қулатылып, қымбатбаҳа ыдыс сыяқлы сындырыласыз.
35 Шопанлар қаша алмас, Сүриў басшылары қутылып кетпес.
36 Шопанлардың пәрияд еткен даўысы, Сүриў басшыларының еңиреп жылағанлары еситилип тур. Жаратқан Ийе олардың жайлаўларын жайпап таслап атыр.
37 Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби себепли, Тыныш жайлаўлар набыт болмақта.
38 Ол арысландай болып ининен шықты. Оның лаўлаған ғәзебинен, Басқыншылардың қылышынан, Олардың жери қаңырап бос қалады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16